QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
Өткен қысқа дәўир ишинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жәми 2 пәрман ҳәм 14 қарар қабыл етилди.

Усы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан және де раўажландырыўға, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды, сондай-ақ, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға, исбилерменликти еле де раўажландырыўға беккем тийкар болмақта.

Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры, 2-сектор басшысы Эркабай Таджиев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Бахтияр Торебеков ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы,
4-сектор басшысы Халмурза Бекчановлар баянат жасады.

Сессияда бул бағдарда, сектор басшылары тәрепинен орынларға шыққан ҳалда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.

Бул мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл еткеннен соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!

Ҳүрметли Қоңырат районы халқы

Қоңырат районы аймағында пахта жыйын-терими басланғанлығын ҳәмде биринши терим пулы 1 кг пахта 1500 сўм, екинши терим пулы 1800 сўм етип белгилегенлигин хабарлаймыз.  Сондай-ақ, теримшилерге класстер ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен бәрше шәрт-шараятлар жаратылып бериледи.
Гүллан Халқымызды шаңарағына дәрамат алып кириў ушын пахта теримине белсенди қатнасыўға шақырып қаламыз.

Дәраматты табыў өзимиздиң қолымызда:
бир үйден 1 адам бир күнде орташа 80 кг терсе   -  120 000 сўм, бир айда 3 600 000 сўм болады.
бир үйден 2 адам бир күнде орташа 150 кг терсе -  225 000 сўм, бир айда 6 750 000 сўм болады.
бир үйден 3 адам бир күнде орташа 200 кг терсе -  300 000 сўм, бир айда 9 000 000 сўм болады.

Еслетпе: Мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетинен пайдаланыў қатаң қадаған етиледи.


👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районындағы ең соңғы жаңалықларды Қоңырат районы ҳәкимлиги социаллық тармақлардағы каналларында бақлап барың!

📱Телеграм : @qongiratrkuz
🌐 Веб-сайт: www.kungrad.uz
🌎Facebook:
https://www.facebook.com/qongiratrkuz

🌎 Instagram: https://www.instagram.com/qongiratrkuz

🎥you tube: https://youtube.com/channel/UClmpv_xJ9qctQp5-keJ-toQ

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў 👉🏻 @qongiratrkuz
#Шашка_сектор_басқышы

Шашка ҳәм шахмат ойынларына "Ақыл гимнастикасы",-деп бийкарға тәрип берилмеген. Себеби, бул ойынлар арқалы инсанның интеллектуал қәбилийетлери жүзеге шығады ҳәм логикалық ойлаўы, соның менен бирге еслеў қәбилийети артып барады. Сонлықтанда кейинги жыллары бул спорт түрине болған итибар артып, жаслар арасында ҳәр қыйлы жарыслар шөлкемлестирилип келинбекте.

Бүгин Қоңырат районында Республикамыз бойлап өткерилип атырған "Бас баслама олимпиядасы" 2-мәўсими шеңберинде спорттың шашка түри бойынша сектор басқышы болып өтти. Жеңимпаз жаслар районлық басқышына жолланба алды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉 @qongiratrkuz
Венгрия томонининг таклифига биноан, Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев расмий ташриф билан ушбу мамлакатга жўнаб кетди.

По приглашению венгерской стороны, Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев отбыл в Венгрию с официальным визитом.

#Mirziyoyev #tashrif #Vengriya #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Дыққат Хабарландырыў!

2022-жыл 4-октябрь күни саат 14:00-18:00 аралығында Қоңырат районы аймағындағы Алтынкөл АГРСте шайба алмастырыў жумыслары алып барылыўына байланыслы төмендеги аймақларын газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады:

1.Бердақ МПЖ
2.Қумбыз МПЖ
3.Моншақлы МПЖ
4.Қашы МПЖ
5.Таллық МПЖ
6.Ханжап МПЖ
7.Қаратал МПЖ
8.Алтынкөл ППЖ

Газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылыўы белгиленген аймақларда жасаўшы пуқаралардан қәўипсизлик қәделерине қатаң әмел етиўин сораймыз.

Каналға ағза болыў
👉@qongiratrkuz
Ҳүрметли пуқаралар!

Гүз-қыс мәўсиминде ийис газинен зәҳәплениў ҳәм өртлердиң алдын алыў бойынша қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиң.

Ҳаўа температурасы суўытып кетпесинен алдын қазанхана морыларын тазалатыўды умытпаң. Ийис газинен зиянланыў 90 пайыз жағдайда морылардың насазлығынан келип шығады.

Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районында “Нураныйлар ҳәптелиги” шеӊберинде илажлар өткерилмекте

📑Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сентябрдеги 816-санлы қарары менен ҳәр жылы октябрь айының биринши ҳәптеси «Нураныйлар ҳәптелиги» етип белгиленеди.

Қарар тийкарында, усы ҳәптениң 3-9-октябрь күнлери аралығында районымыз бойлап руўхый-ағартыўшылық илажлардың өткерилиўи режелестирилген.

Иләж шеңберинде, жәмийетимиздиң түрли тараўларында мийнет еткен, елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосқан, бүгинги күнде өзиниң турмыслық тәжирийбесин жасларға үйретип киятырған нураныйларымыз ҳалынан хабар алынды.


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёевнинг Венгрияга расмий ташриф билан келиши

Facebook|Instagram|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Будапешт шаҳрида Президент Шавкат Мирзиёевни расмий кутиб олиш маросимидан лавҳа

Facebook|Instagram|Twitter