QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.06K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Сондай-ақ "Үстирт" АПЖ аймағында жайласқан 21-санлы улыўма билим бериў мектеби филиалының салтанатлы түрде ашылыў мәресими болып өтти. Бундай заманагөй мектеп имаратларында билим алған оқыўшылар келешекте маман қәнигелер болып жетилисери сөзсиз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
2023-жылда Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы фермер хожалықларына 200 миллиард сум ҳәм ашық электрон таңлаў арқалы егислик майданларды ижараға алған дийқан хожалықлары ушын 50 миллиард сум муғдарындағы кредитлер ажыратылыўы тәмийинленеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
#Онлайн
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

Елимиздиң барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2022-2023-оқыў жылы басланды. Қоңырат районы улыўма орта билим бериў мектеплери де дәслепки оқыў жылының қоңыраўын қағып, ғәрезсизлик сабақларынан оқыўды баслап жиберди.

Район ҳәкими Б.Мадаминов райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, оқытыўшылар менен оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. 1-класс оқыўшылары ушын арнаўлы Президент саўғасы болған оқыў қуралларын тапсырмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Online
#Jańa_oqıw_jılı

Barlıq bilimlendiriw orınlarında jańa oqıw kúniniń birinshi sabaǵı Ǵárezsizlik sabaǵı menen baslanıwı dástúrge aylanǵan bolıp, búgin Qońırat rayonı hákimi B.Madaminov tárepinen "Órnek" APJ da jaylasqan 7-sanlı mektepte oqıwshılarǵa Ǵárezsizlik sabaǵı ótkermekte.

Onda oqıwshılarǵa elimiz ǵárezsizliginiń xalqımızǵa bergen sheksiz imkaniyatları, jaslarımızǵa jaratılǵan qolaylıqlar haqqında keńnen túsinik berilmekte.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев пайтахтымызда жайласқан 24-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасты

https://karakalpakstan.uz/qq/news/show/3756

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi