QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.19K subscribers
45.7K photos
4.8K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#ярмарка
БАЗАРДА БАЙРАМ ЯРМАРКАСЫ

ϴзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы байрамы алдынан, бүгин, «Қоңырат дийқан базары» нда Өзбекстан Республикасы бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятқа қарсы гүресиў департамент Қоңырат районы бөлими, район ҳәкимлиги,
Қәшқадаря ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен арзанластырылыған аўыл-хожалығы ɵнимлериниң ярмаркасы шɵлкемлестирди.

Ярмаркада, тийкарғы түрдеги аўыл хожалығының азық-аўқатлық затлары менен палыз ҳәм мийўе ɵнимлери халыққа қолайлы баҳаларда сатылмақта.
Сондай-ақ, пуқаралардың кеўилли дем алыўы ушын «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында районлық мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламасы инам етилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Онлайн

⚡️Қоңыратта спорттың Гүрес түринен «Прокурор кубоги» болып өтпекте

"Санаат" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 47-санлы улыўма билим бериў мектебинде дзюдо залында мәҳәлле жаслары арасында спорттың гүрес түринен «Прокурор кубогы» даўам етпекте.
Илажды район прокуроры Ж.Муфтуллаев ашып берип қатнасыўшыларға аўмет тиледи.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#onlayn
#Prokuror kubogı

⚡️Milliy gúres boyınsha Qońırat rayonı Prokuror kubogı final bellesiwleri dawam etpekte.
📌Ilájǵa rayon hákimi hámde sektor basshıları qatnaspaqta.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен темир жол билетлерине шегирмелер берилди

“Өзбекстан темир жоллары” АЖ тәрепинен 2022- жыл
1-4- сентябръ күнлери ишки жөнелислерде жолаўшы поездлары ушын шегирме жәриялады.

Жеңилликли болған билетлерди тек темир жол кассаларынан сатып алыў мүмкин. Электрон тәризде алынған билетлерде белгиленген шегирмелер рәсмийлестирилмейди.

Қ Р Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
ХАЛЫҚТЫ АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАРДАН ҚОРҒАЎ НЫЗАМ МЕНЕН БЕЛГИЛЕНДИ

“Халықты ҳәм аймақларды тәбиий ҳәмде техноген түсдеги айрықша жағдайлардан қорғаў ҳаққында”ғы Нызам (Өз.РН-790-санлы, 17.08.2022 ж.) Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланды.

🔰Нызамға муўапық, айрықша жағдайлар жүз бериў дерегине қарап төмендегилерге бөлинеди:
▫️ тәбиий түсдеги айрықша жағдайлар;
▫️ техноген түсдеги айрықша жағдайлар.
🏢 Айрықша жағдайлар министрлиги айрықша жағдайлардан қорғаў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады.
Пуқараларға айрықша жағдайлар зоналарында ислегенлиги ушын бийпул медициналық хызмет, компенсациялар ҳәм басқада жеңилликлер бериледи.
🔰 Прогноз етилген яки жүз берген айрықша жағдайдың көлеми ҳәм жағдайына қарап мәлим бир аймақта Айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасының төмендеги режимлери орнатылады:
🔹 күнделикли режим - мәлим бир аймақта, айрықша жағдайлар жүз бериўи қәўпи болмағанда;
🔹 жоқары таярлық режими - айрықша жағдайлар жүз бериўи қәўпи пайда болғанда;
🔹 айрықша жағдай режими – айрықша жағдайлар жүз бергенде ҳәм айрықша жағдайлар дәўиринде.
🚫 Айрықша жағдайлардан қорғаўға тийисли болған мағлыўматты жасырыў, өз ўақтында бермеў яки биле турып жалған мағлыўмат бериў қадаған етиледи.
❗️Мәмлекет тәрепинен айрықша жағдайлардан қорғаў жағдайы, халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көрилип атырылған шаралар, прогноз етилип атырылған яки жүз берген айрықша жағдайлар, олардан қорғаў усыллары ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы халықты өз ўақтында ҳәм исенимли хабардар етилиўи шәрт.
🔘 Айрықша жағдайларды жәрия етиў:
жергиликли көлемдеги айрықша жағдайларда – ҳәкимлердиң тийисли қарарлары;
республика көлеминдеги ҳәм трансшегаралық айрықша жағдайларда – Ҳүкимет қарары менен әмелге асырылады.
Нызам рәсмий түрде жәрия етилген күннен баслап үш ай мүддет өткеннен соң күшке киреди.
⚠️ Мағлыўмат ушын мәмлекетимизде айрықша жағдайды жәрия етиў айрықша Нызам менен тәртипке салынған.

Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими
👉@qongiratrkuz