QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.48K subscribers
49.8K photos
5.39K videos
31 files
15.4K links
Download Telegram
#руўхый ағартыўшылық фестивалы
#онлайн
#Қоңырат

Районымыз бойлап ɵткерилип атырған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" сүрени тийкарында Мәнаўият фестивалының бүгин бесинши күни.Фестивал "Елабад" ППЖда жайласқан Қоңырат соды завод ЖШЖ қоспа кәрханасында даўам етпекте.

«Жаңа ϴзбекстанда миллетлер ара татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик» атамасында ɵткерилген үгит-нәсият илажына республикамызға белгили кɵркем-ɵнер шеберлери қатнаспақта.


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Конырат районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен  “От жара” кеселлигиниң тәбийғый ошақларының келип шығыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

Оқыў шынығыўы даўамында, Айрықша жағдайлар бөлими, Медицина бирлеспеси, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими, Санитария эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен кеселлик анықланған жағдайда, бул кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў, зәрүр эпидемияға қарсы илажларды шөлкемлестириў бойынша басқарыў уйымларының күш ҳәм қуралларының өз-ара биргеликте ислесиўин әмелиятта көрсетип берилди.

Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўын өткериўден мақсет, район аймағында эпидемик ҳәм эпизоотик жағдайлардыӊ турақлылығын тәмийинлеў, от жара кеселлиги менен байланыслы жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў болып табылады.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Районда руўхый ағартыўшылық фестивалы даўам етип атыр

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилип атырған «Мәнаўият фестивалы»ның бүгин бесинши күни "Елабад" ППЖда жайласқан Қоңырат соды заводы ЖШЖ қоспа кәрханасында даўам етти. Онда, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан эстрада жулдызлары, жазыўшы ҳәм шайырларымыз тәрепинен "Инсан қәдири" жойбары тийкарында сәўбетлесиў өткерди. Фестиваль даўамында қатнасыўшылар ушын концерт бағдарламасы инәм етилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz