QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
51K photos
5.53K videos
31 files
15.8K links
Download Telegram
Дыққат хабарландырыў!

2022-жыл 4-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти мәслаҳатшысының биринши орынбасары У.Мухаммадиев басшылығында көшпели қабыллаў Қанлыкөл районында болып өтеди.

Қабыллаўда Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай районлары турғынларының социал-экономикалық мәселелери бойынша мүрәжатлары тыңланады.

Қабыллаў өткерилетуғын орын:Қанлыкөл районы Жаслар орайы.

Қабыллаў ўақты: 2022-жыл 4-август күни саат 9:00 де.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/KrXaliqqabillawxana
3👍1
Оқыў семинар шөлкемлестирилди

2023-жылда халықты дизимге алыӯға таярлық көриӯ ҳәм оны сапалы өткериў бойынша районлық Дизимге алыӯ бөлиминде усы бөлимге қараслы үй-жай дизимин шөлкемлестириӯши хызметкерлер арасында  оқыӯ семинар шөлкемлестирилди. 

Оқыў семинарға район ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеумуратова,районлық Статистика бөлиминиң баслығы Қ.Турғанбаев қатнасып, халықты дизимге алыў тәртиби бойынша түсиник берди. Оқыў семнары даўамында халықты дизимге алыўдың әҳмийети ҳаққында жыйналғанларға кең түрде түсинилер берилип, халықты дизимге алыўды анық ҳәм сапалы тәртипте әмелге асырыў лазымлығы атап өтилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz
👍6
#ҚУРЫЛЫС_ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ

"Үстирт" АПЖ аймағындағы 21-санлы мектепте реконструкция жумыслары даўам етпекте

Қоңырат районы ХББне қараслы 624 орынға мөлжелленген 21-санлы улыўма билим бериў мектебинде толық реконструкция жумыслары даўам етпекте.

Мектептиң оңлаў жумысларына 3 млрд тан артық қаржы ажыратылған. Оқыў имаратын жаңа оқыў жылына толық реконструкция етилген ҳалда тапсырыў режелестирилген.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz
👍4
#Ашық_сәўбет
ИСБИЛЕРМЕНЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ. ОЛАРДЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ

Мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған итибар ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў,исбилерменлик тараўындағы машқалалар ҳәм усынысларды үйрениў мақсетинде бүгин район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Қоңыратлы исбилерменлик субъектлери менен ушырасыў шөлкеместирилди.

Ушырасыўға Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары И.Бабажанов, Саўда-санаат палатасы Қашқадарья ўәлаяты аймақлық басқармасы баслығы А.Қабилов ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Ашық сәўбетлесиў көринисинде өткерилген ушырасыўда исбилерменлердиң бир қатар пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz
👍3
"Қоңырат регионаллық темир жол узели" УК қурамындағы мәкемелер ортасында "НОД кубоги-2022" футбол жарысы болып өтти. Қызғын беллесиўлер менен даўам еткен жарысқа жәми 16 команда қатнасты.
1-орын Қоңырат локоматив депосы,
2-орын Қоңырат электр тәмийинлеў дистанциясы,
3-орын Үргенч темир жол дистанциясы командалары ийеледи.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

👉@qongiratrkuz
👍8
Ўзбекистон Республикаси Президентининг тадбиркорлар билан мулоқотига тайёргарликнинг бориши бўйича йиғилиш ўтказилди.

Состоялось совещание о ходе подготовки к диалогу Президента Республики Узбекистан с предпринимателями.

#Mirziyoyev #yigilish #tadbirkorlik #muloqot

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
👍1