QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
#Онлайн

Әйне ўақытлаpда районымыздың бир қатар орынларында 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен "Инсaн қәдири уллы-Еслеў муқәддес" атамасында байрам илажы болып өтпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида бўлиб ўтган йиғилишда электротехника соҳасида янги захираларни сафарбар қилиш бўйича устувор вазифалар белгиланди.

Батафсил — юқоридаги
#инфографикада.
#15_май_Халықаралық_шаңарақ_күни

Ана саламат болса- бала саламат болады

Бүгин Қонырат Локомотив депосының футбол майданшасында "Саламат ҳаял" атамасында танғы дене шынықтырыў шынығыўлары өткерилди. Оған "Наўайы", "Азатлық", "Туран", "Гүлабат", "Бостан" ҳәм "Темиржол" МПЖ аймақларында жасаўшы ҳаял-қызлар қатнасты. Буннан соң "Ана саламат болса- бала саламат болады" атамасында сәўбет өткерилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
‼️Ишимлик суўынан пайдаланыўшылардың дыққатына‼️

🚰Бәҳәр ҳәм жаз айларында ишимлик суўының көп муғдарда пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын сарыпланыўы нәтийжесинде, тутыныўшыларды жетерли дәрежеде ишимлик суўы менен тәмийинлеўге кери тәсирин тийгизбекте.

Бул болса өз орнында, жәмийетимизге бүгинги күнде республикамыз турғынлары тәрепинен ишимлик суўының басымы төменлиги ҳәм жетерли дәрежеде емеслиги бойынша мүрәжатлар көплеп түспекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 15-июльдағы 194-санлы қарарының 96-бәндинде көрсетилген ирригация суўы болмағанда, мәмлекетлик ҳәкимияти органлары тәрепинен тастыйықланған кесте бойынша, тек түнги ўақытта ( саат 00:00 ден саат 05:00 ге шекем) рухсат етилген.

📌Егерде жоқарыдағы көрсетилген қағыйдаға әмел етпей, ишимлик суўынан үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў жағдайлары анықланса, тийисли шаралар көрилетуғынлығын ескертемиз.

💧"Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖ
Мийнет ветеранлары ҳәм нураныйлар ҳалынан хабар алынды
Мийнет ветеранлары ҳәм нураныйлар ҳалынан хабар алынды

Инсан қәдири уллы-Еслеў мухаддес. Әйне усы атамада бүгин районымыздың барлық орынларында байрам илажлары шөлкемлестирилди.

Илаж шеңберинде район ҳәкими Б.Мадаминов бир қатар район белсендилери менен биргеликте екинши жәҳән урысында фронт артында мийнет еткен ветеранлар ҳәм нураныйлардың ҳалынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын тапсырды. Жасы үлкен аталарымыз ҳәм нураный аналарымыз көрсетилген бундай итибардан қуўанышқа бөленип, бәршени бүгингидей тыныш ҳәм пәраўан турмыстың қәдирине жетиўге шақырды.

Бүгингидей бахытлы турмысымыздың түп негизинде бул теберик инсанлардың машақатлы мийнетлери ҳәм мәртлик ислери жатыр.

Сонлықтан да мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў жолында жасларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялап атырған нураный ақсақалларымыз бенен аналарымыздың елимизде ҳүрметке бөленип, узақ ҳәм мазмунлы өмир сүриўин тилеп қаламыз.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz