QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.27K subscribers
45.5K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Көклемзарластырыў жумыслары даўам етпекте

"Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары шеңберинде өткерилип атырған "Әҳмийетли 40 күнлик" акциясы Қоңырат районында шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Акция шеңберинде "Сүўенли" АПЖ аймағындағы бос турған жерлерге 4-сектор баслығы, мәҳәлле ақсақалы, аймақтың профилактика инспекторы ҳәм аймақ турғынлары қатнасында ҳәр қыйлы мийўе нәллери егилди.

👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
e-auksion онлайн саўдаларында қатнасың ҳәм өзиңизге керекли болған мүлкке ийе болың.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz
"Қәдириятларымыз-бийбаҳа байлығымыз" атамасында мәдений илaж өткерилди

"Санаат" МПЖ аймағында жайласқан районлық ХББне қараслы 47-санлы улыўма билим бериў мектебинде "Қәдириятларымыз-бийбаҳа байлығымыз" атамасында мәдений илаж өткерилди.

Илажға мектеп жәмәәти, аймақ нураныйлары ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты. Илажда миллий үрип-әдет дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендирген саҳналық көринислер, миллий ойын ҳәм намалар атқарылды ҳәм миллий кийимлер көргизбеси жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Илажға белсенди қатнасқан оқыўшы жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳуқықый_мәсләхат

Жумыс бериўши қандай хызметкерлерди медициналық көриктен өткериўди шөлкемлестириўи шәрт

Бул ҳаққында Қоӊырат районы юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсулты Руслан Аннаразов жуўап береди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Sport_xabarlari
#Online

⚡️Búgin Bes baslama olimpiadasi sheńberinde "Ájiniyaz" APJda sporttıń shashka túrinen máhálle basqıshı bolıp ótpekte.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Заковатта жаслар беллести

Қоңырат районы ХББне қараслы 50-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде Матeматика пәни оқытыўшысы Р. Мамбетсапаев тәрепинен «Заковат» интеллектуал ойыны ѳткерилди.

Ойынды өткериўден тийкарғы мақсет жаслардың билим дәрежесин асырыў ҳәм интеллектуал қәбилийетлерин жүзеге шығарыў болып саналады.

Интеллектуал турнирде жәҳән ҳәм жергиликли әдебияты ўәкиллериниӊ дѳретпелеринен сораўлар түсти.
Кѳп китап оқыған билимли жаслар арасындағы ойын қызықлы тәризде болып өтти, жеңимпаз командалар "Ҳүрмет жарлығы" менен сыйлықланды.
Өткерилген бул илаж жаслардың билиминиң жәнеде беккемлениўине, олардың интеллектуал потенциалының артыўына тийкар жаратты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Аймағыңыз жолларына бийпәрўа болмаң, даўыс бериўге асығың!

Усы жылдың 20-апрель сәнесинде "Ашық бюджет" порталындағы "Менинг йўлим" жойбарына усыныслар киритиў жуўмақланды.

Киритилген усынысларға даўыс бериў усы жылдың 30-апрель сәнесине шекем даўам етеди.

Бәршени районымыз жолларын реконструкция қылыў ушын киритилген усынысларға даўыс бериўге шақырамыз.

Төмендеги силтеме арқалы киритилген усынысларға даўыс бериўиңиз мүмкин.

👇👇👇👇
https://openbudget.uz/boards/5/114990/

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Тайынлаў

Өсербаев Жанполат Закинурович
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлиминиң баслығы лаўазымына тайынланды.

Ж.Өсербаев тайынланыўға шекем Қоңырат районы ҳәкимлиги канцеляриясы бөлим баслығы
лаўазымында ислеп келген

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қазақстанда Аралды тиклеў, оныӊ экотуризмин қорғаў бойынша мәжилис болмақта

Бүгин Қазақстан Республикасыныӊ Қызылорда қаласында Өзбекстан ҳәм Қазақстан Сенатлараралық бирге ислесиў комиссиясыныӊ екинши мәжилиси болып өтпекте.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы, Сенат ағзалары ҳәм Жоқарғы Кеӊестиӊ комитет баслықлары республикамыздан онлайн түрде қатнаспақта.

Мәжилис күн тәртибине экология саласында бирге ислесиў, Арал теӊизин тиклеў, оныӊ экотуризмин қорғаў бойынша қосымша бағдарламалардыӊ орынланыўын көрип шығыў, жаӊа жойбарларды додалаў мәселелери киргизилген.

Мәжилис ҳаққында кейинирек толық мағлыўмат бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram