QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.3K subscribers
47.1K photos
4.97K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
#Жасыл_мәкан
🌱Әҳмийетли 40 күнлик даўам етпекте

🌱 Президентимиз басламасы менен әмелге асырылып атырған "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары шеңберинде шөлкемлестирилип атырған "Әҳмийетли 40 күн" акциясына Қоңыратлылар да белсене қатнаспақта.

Акцияға Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм мәҳәлле баслықлары белсене қатнасты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
QOŃÍRAT RAYONÍ JASLARÍ DÍQQATÍNA


📌17-aprel kúni saat 18:00 de sporttıń futbol hám de kishi futbol túrlerinen ótkerilgen Ózbekstan Respublikası Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti kubogı Qońırat rayonlıq basqıshı jeńimpazların rayon hákimligi aldında saltanatlı sıylıqlaw máresimi bolıp ótedi
⚡️Ilaj sheńberinde Qaraqalpaq estrada juldızları hám de DJ tárepinen jaslar ushın diskoteka shólkemlestiriledi.
⚡️Bárshe jaslardı sıylıqlaw máresimine mirát etemiz!!!

@qonjasnews_1
Qońırat rayonı sardarlarınan jetiskenlik

📌Bugin Qanlikól rayonlıq mádenyat orayında ótkerilgen Eń úlgili rayon (qala) sardarlar keńesi tańlawınıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshında jeńimpaz bolıp Respublikalıq final basqıshına jollanba aldı.

🌈Watan doslıq hám baxıtlı balalıq ushın!

👉@qongiratrkuz
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

Kar24.uz телеграм каналында Қоңырат районы "Өрнек" АПЖ аймағындағы ишки жоллардың нәсазлығы бойынша сын материал жәрияланды. Бул бойынша район ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди:

"Өрнек" АПЖ аймағындағы ишки жолларды оңлаў жумыслары Қоңырат районының ишки жолларында жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын оңлаў жумысларының 2022-2023-жыллардағы "Мәнзилли дизими"не киритилгенлигин ҳәм усы дизимге муўапық қаржыландырыў дереклерине тийкар әмелге асырылыўын мәлим етеди.

👉@qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Арал командамызды қоллап қуўатлайық дослар!

Клуб футболшылары 18 жасар жас жигитлерден ибарат. Биз оларды ҳәр бир ойында қоллап қуўатлап турсақ әлбетте жеңиске ериседи.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
#Ҳәким_жәрдемшиси

Қоңырат районы "Ханжап" мәҳәллесинде жасаўшы пуқара Ш.Есиркепов жеңиллетилген кредит тийкарында жүк мотоциклин алыўда әмелий жәрдем бериўин сорап аймақтың ҳәким жәрдемшисине мүрәжат етти.

Мүрәжат ҳәким жәрдемшиси П.Жумамуратов ҳәм жаслар жетекшиси А.Калниязовлар тәрепинен үйренип шығылып, жеңиллетилеген кредит тийкарында жүк мотоциклин алыўына жәрдем көрсетилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Аймағыңыз жолларына бийпәрўа болмаң, даўыс бериўге асығың!

Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлигиниң "Ашық бюджет" порталы иске түсирилгенлиги ҳәм усыған тийкар Қоңырат халқының 4 усынысы жетерли даўыс топлап, мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылғанлығы ҳаққында алдын хабар берген едик.

Усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап "Ашық бюджет" порталында "Менинг йўлим" жойбарына усыныс киритиў ҳәм киритилген усынысларға даўыс бериў жолға қойылған еди.
Онда ҳәр бир пуқара өзиниң аймағындағы жолларды реконструкция қылыўға усыныс киритиўи ҳәм киритилген усынысларға даўыс бериўи мүмкин.


Бәршени районымыз жолларын реконструкция қылыў ушын усыныс киритиўге ҳәм киритилген усынысларға даўыс бериўге шақырамыз.

Порталға усыныс киритиў усы жылдың 19-апрель сәнесинде жуўмақланады, асығын, сизиң усынысыңыз ҳәм даўсыңыз аймағыңыз жоллары ушын әҳмийетли!

Төмендеги силтеме арқалы усыныс киритиўиңиз, яки киритилген усынысларға даўыс бериўиңиз мүмкин.

👇👇👇👇
https://openbudget.uz/boards/5/114990/

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
QOŃÍRAT RAYONÍ JASLARÍ DÍQQATÍNA


📌17-aprel kúni saat 18:00 de sporttıń futbol hám de kishi futbol túrlerinen ótkerilgen Ózbekstan Respublikası Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti kubogı Qońırat rayonlıq basqıshı jeńimpazların rayon hákimligi aldında saltanatlı sıylıqlaw máresimi bolıp ótedi
⚡️Ilaj sheńberinde Qaraqalpaq estrada juldızları hám de DJ tárepinen jaslar ushın diskoteka shólkemlestiriledi.
⚡️Bárshe jaslardı sıylıqlaw máresimine mirát etemiz!!!

@qonjasnews_1
#Жасыл_мәкән

🌱Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен әмелге асырылып атырған "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары шеңберинде шөлкемлестирилип атырған "Әҳмийетли 40 күн" акциясына Өзбекстан Экологик партиясы Қоңырат районы кеңеси, экология ҳәм қоршаған орталықта қорғаў комитетиниң районлық бөлими ҳәмде "Устирт" сайлаў округи депутаты менен биргеликте бир қанша ийгиликли жумыслар алып барылды. Атап айтқанда "Устирт" АПЖ аймағындағы 21-мектеп жәмәәти менен 54 түп декоратив терек нәллери егилди ҳәм суўғарыў жумысларын алып барылды. Акция аймак бойлап даўам етеди.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

17-апрель күни район ҳәкимлиги имараты алдында өткерилиўи режелестирилген Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы беллесиўлери жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм илаж шеңберинде өткерилетуғын концерт бағдарламалары ҳаўа райының кескин өзгериўине байланыслы 18-апрель күни саат 19:00 ге көширилгенлигин мәлимлеймиз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
Бугун ҳокимларга мурожаат қилиш ёки бирор муаммо ҳақида хабар бериш учун уларнинг қабулга ёзилиш шарт эмас! Бунинг учун ҳокимликларнинг интернетдаги ресурсларида виртуал қабулхоналар ҳамда қайта алоқа ботлари ташкил қилинган.

☑️ Расмий хабарлар канали томонидан обуначиларнинг мурожаатларидан келиб чиқиб, барча вилоят ҳокимликларининг интернетда мурожаат қабул қилувчи ресурслари ҳақидаги маълумотлар тўпланди.

‼️Қуйида рўйхат билан танишиб, мурожаатингизни йўллашингиз мумкин!
Forwarded from AOKA - Rasmiy kanali
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📍18-22-aprel kunlari AOKA tomonidan "Kitobsevar millat" shiori ostida "Kitobxonlik haftaligi" o'tkaziladi

Haftalik doirasida davra suhbatlari, dolzarb mavzularda muloqotlar, yozuvchi va shoirlar bilan adabiy uchrashuvlar, mahorat saboqlari kabi ko'plab qiziqarli tadbirlar tashkil etiladi.

Poytaxtimizdagi "Magic city" bog'ida mamlakatimiz noshirlari chop etgan yangi asarlar taqdimoti, arzonlashtirilgan kitob savdo-yarmarkalari hamda turli aksiyalar bo'lib o'tadi.

Haftalik yakunida "Axborot-kutubxona a'lochisi" ko'krak nishoni o'z egalariga topshiriladi, faol noshirlar va ijodkorlar taqdirlanadi.

〰️〰️〰️
📖 "Kitobxonlik haftaligi" dasturi
〰️〰️〰️

https://t.iss.one/aoka_uz
Жаслардың ақлый билимлерин ҳәм интеллектуал қәбилийетлерин асырыў мақсетинде спорттың шахмат түринен "Жаслар ислери агентлиги кубогы" Республика ашық бириншилиги өткериледи.

Беллесиўлер төмендеги 5 басқышта өткериледи:

1. Мәҳәлле басқышы 18-23 апрель күнлери;
2. Сектор басқышы 25-30 апрель күнлери;
3. Район(қала) басқышы 2-7 май күнлери;
4. Аймақлық басқышы 9-14 май күнлер
5. Республика басқышы 1-10 июнь күнлери болып өтеди.

❗️Беллесиўлерге қатнасыў ушын @uzshaxmatbot арқалы дизимнен өтсеңиз болады. Бүгин дизимнен өтиўдиң ақырғы күни, асығың!

Ҳәммени белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Ертең 18-апрель күни саат 14:00 Қоңырат санаат техникумында (бурынғы атамасы Нефт ҳәм газ санааты кәсип өнер колледжи) сектор басшылары, районлық Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм халық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте мийнет миграциясынан қайтып келген ҳәм алимент төлеўши жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы шөлкемлестириледи.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz