Елликқалада қос байрам
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов Елликқала районыныӊ дүзилгенлигиниӊ 45 жыллығы ҳәм Наўрыз әйямы менен қызғын қутлықлады.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram

Қоңыратта "Саламатлық ушын 5000 қәдем" жүриў марафоны шөлкемлестириледи
Пуқаралардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм саламатлығын беккемлеўде дене шынығыўлары, әсиресе азанғы дене тәрбия шынығыўларының орны әҳмийетли.
28-март күни саат 8:00де Қоңырат районында "Саламатлық ушын 5000 қәдем" ураны астында ғалабалық жүриў марафоны ҳәм азанғы дене тәрбия шынығыўлары шөлкемлестирилмекте.
Марафон район орайындағы Ғәрезсизлик көшеси менен Өзбекстан көшеси кесилиспесинен старт алып, Ғәрезсизлик көшеси арқалы Қарақалпақстан көшесине шекем даўам етеди.
Марафон ўақтында пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Ғәрезсизлик көшесиниң еки тәрепинде (Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көшелериниң Ғәрезсизлик көшеси менен кесилиспелери) автотранспорт қуралларының ҳәрекети ўақтынша шекленеди.
Бәрше Қоңыратлыларды жүриў марафонына белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Бугин Қоңырат районы Мәденият сарайында ғалабалық спортты раўажландырыў мәселелерине бағышланған жыйналыс болып өтти.
Жыйналысқа Өзбекстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги исши топар ағзалары О.Артықбаев ҳәм И.Абдихужаевлар, Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министрлиги бөлим баслығы И.Қудияров ҳәм район аймағындағы тараўға байлансылы мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Жыйнaлыста сөзге шыққанлар, саламат турмыс тәрзин ен жайдырыўда ғалабалық спорттың әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди.

#жақсы_хабарлар
Қоңырат РХББне қараслы 47-санлы мектептиң волейболшы жас өспирим хәм қызлар командалары
Өзбекстан "Ёшлик"дене тәрбия хәм спорт жәмийети Қарақалпақстан бөлими бириншилигинде сыйлы 2-орынды ийеледи.
https://t.iss.one/qonirathaqiyqati

Халықаралық театр күни байрамланды
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында халықаралық театр күнине арналған илаж болып өтти.
Оған көркем өнер ғайраткерлери, театр жәмәәти, тараў нураныйлары ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Халықаралық театр күни менен қызғын қутлықлады.