QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.17K subscribers
45.7K photos
4.79K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Район ҳәкими Б.Мадаминов "Қарақалпақстан" ППЖ пуқаралары менен ушырасты
Район ҳәкими Б.Мадаминов "Қарақалпақстан" ППЖда пуқаралар менен ушырасты

Елимизде инсан қәдир-қымбаты жоқары қәдирият дәрежесине көтерилди. Бәрше мәмлекетлик шөлкемлерде халық пенен ислесиў, пуқаралардың мүрәжат ҳәм машқалаларын үйрениўдиң жаңаша механизми жаратылды. Басшылар тәрепинен көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилип, пуқаралардың машқалалары тыңланбақта ҳәм оларды сапластырыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес.
Әйне, усындай көшпели қабыллаўлардың бири бүгин Республикамыздың ең шетки аймақларының бири саналған, район орайынан 380 км узақлықта жайласқан "Қарақалпақстан" посёлка пуқаралар жыйынында болып өтти. Онда район ҳәкими тийисли тараў басшылары менен биргеликте аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады. Көшпели қабыллаў даўамында аймақ турғынлары коммунал хызметлердиң сапасын жақсылаў, ишки жолларды реконструкция қылыў, исбилерменлик жумысларын баслаў ушын кредитлер ажыратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы бир қанша мәселелер бойынша район ҳәкимине мүрәжат етти. Айырым мүрәжатларды сол орынның өзинде сапластырыў илажлары көрилген болса, үйренилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Буннан соң район ҳәкими Б.Мадаминов аймақта жасаўшы кем тәмийинлеген ҳәм өзгелер күтимине мүтәж пуқаралар ҳалынан хабар алып, жақыннан сәўбетлести ҳәм мүрәжаатларын тыңлады. Мүрәжатлардың үйренилип шығыў процесси район ҳәкиминиң жеке қадағалаўында болатуғынлығын атап өтти.
Сондай-ақ, район ҳәкими аймақта жайласқан "Даўыт ата" шегара Бажыхана постында болып, ол жердеги жумыс барысы менен танысты ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Районымыздағы "Санаат" МПЖ ҳәким жәрдемшиси Ж.Палымбетов жаслар жетекшиси Х.Матназаров пенен биргеликте аймақ турғынларының бәнтлигин тәмийинлеўге бағдарланған жумысларды даўам еттирмекте. Аймақта жасаўшы 12 пуқара биогомус өнимин жетилистириўши Калифорния жаўын қуртын(Калифорния шербийи) бағыў арқалы дәрамат алыў мақсети бар екенлигин билдирген. Пуқаралардың усынысларынан келип шыққан ҳалда 12 жасқа калифорния жаўын қурты жеткерилип берилди ҳәм арнаўлы орынларға жайластырылды. Ендиликте пуқаралар жаўын қурттың бас санын көбейтиў ҳәм сол арқалы биогомус өнимин жетилистириў иләжларын даўам еттирмекте.
Биогомус өнимин үй шараятында жетилистириў пуқаралар ушын оғада қолайлы. Себеби, биогомус өнимин жетилистириў ушын арнаўлы азық-аўқат яки дәрилик өнимлер зәрүр болмайды, соның менен бирге қараў ушын көп ўақыт талап етпейди. Жетилистирилген өним ушын қарыйдарлар жетерли,-дейди ҳәким жәрдемшиси Ж.Палымбетов

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде мәҳәллелердеги жаслар жетекшилериниң басламасы менен ҳәр қыйлы спорт илажлары шөлкемлестирилмекте.
Әйне усындай спорт илажларының бири районымыздағы "Бердақ" мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси М.Досшанованың басламасы менен өткерилди. Онда "Бердақ" МПЖ жаслары спорттың болейбол ҳәм стол тенниси түрлеринен өз-ара беллести.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
ҮГИТ НӘСИЯТ ИЛАЖЛАРИ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛМАҚТА
👇👇👇
толық оқыў👉 https://kungrad.uz/5374.html

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Ҳәким жәрдемшисиниң басламасы: Қоңыратта биогомус таялаў арқалы 42 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди

https://kruz.uz/kk/news/show/14140

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
#Биласизми

☑️ Товуш сигналини сабабсиз бериш, транспортларга уни ишлаб чиқарган корхона назарда тутмаган товуш чиқарувчи ва ёритувчи қурилмаларни ўрнатиш, худди шунингдек уларни ўзгартириб ўрнатиш, БҲМнинг 1 баравари (270 минг сўм) миқдорида жарима солишга сабаб бўлади.

Каналга уланиш 👇👇👇
https://t.iss.one/huquqiyaxborot
“Mard óǵlon” mámleketlik sıylıǵına hújjetlerdi qabıllaw baslandı

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń 2017-jıl 21-noyabr kúngi “Mard óǵlon” mámleketlik sıylıǵın járiyalaw is-ilajları haqqında”ǵı PQ-3402-sanlı Qararına hám Ózbekstan Respublikası Prezidenti janındaǵı Mámleketlik sıylıqları hám geraldika boyınsha Komissiyanıń 2018-jıl 15-yanvar kúngi 1-sanlı bayanlamasına tiykar “Mard óǵlon” mámleketlik sıylıǵına talabanlardı tańlaw hám olardıń hújjetlerin usınıw tártibi boyınsha instrukciya qabıl etilgen.

Usı instrukciya talapları tiykarında jergilikli basqıshı usı jıldıń
15-mart kúnine shekem talabanlardıń hújjetleri
18-mart kúnine shekem Agentliktiń Qaraqalpaqstan Respublikalıq basqarmasına usınıladı.

Maǵlıwmat ushın telefon: +998612265808

📲 @jaslar_isleri_agentligi
Синов тариқасида аҳолини рўйхатга олишни ўтказиш жараёнларида юзага келган муаммолар
👇👇👇
https://kungrad.uz/uz/5384.html

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўды өткериў процесслеринде жүзеге келген машқалалар
👇👇👇
https://kungrad.uz/5390.html

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz