QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.8K photos
4.94K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Район ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында районды социал-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм аймақларды абаданластырыў мәселелерине бағышланған жыйналыс болып өтти

Бүгин район ҳәкимлиги мәжлислер залында районды социал-экономикалық раўажландырыў ҳәм аймақларда алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары нәтийжеси, сондай-ақ, алдағы режелерге бағышланған жыйналыс болып өтти.
Жыйналысқа район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, район аймағындағы бәрше аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары басшылары ҳәм тараўға байланыслы бәрше мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Жыйналыста сөзге шыққан район ҳәкими Б.Мадаминов район аймағында алып барылып атырған абаданластырыў жумысларын жәнеде кеңейтиў ҳәм пуқаралар ушын турмыслық шараятларды жақсылаў бойынша жуўапкер шөлкем басшыларына анық тапсырмалар берди.
Буннан соң тийисли тараў басшылары сөзге шығып, "Аўыр аймақ" бағдарламасына киритилген "Қаратал" МПЖ аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабат берди.
Сондай-ақ, аймақларды абаданластырыўға байланыслы алып барылып атырған жумыслар додаланып, сын көз-қараста көрип шығылды. Искерлиги даўамында қәте-кемшиликлерге жол қойған тараў басшылары қатаң ескертилди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Р.Айбергенова
Қўнғирот тумани ҳокимининг маънавий-маърифий ишлар самарадорлигини ошириш, давлат тили тўғрисидаги қонун ҳужжатларига риоя этилишини таъминлаш масалалари бўйича маслаҳатчиси

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
“Ҳалықаралық суӯ ҳәм батпақлы аймақларды қорғаӯ күни”
👇👇👇
толық оқыў👉 https://kungrad.uz/5156.html

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Пуқаралар МХО шахабшалары арқалы кѳрсетилип атырған хызметлерден миннетдар
👇👇👇
толық оқыў👉 https://kungrad.uz/5159.html

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районында Жаслар жетекшилери ҳәм Профилактика инспекторы тәрепинен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде Түнги рейдлер шөлкемлестирилди.

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Қоңырат районы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде қандай жумыслар әмелге асырылмақта, балаларды қамтып алыў көрсеткиши қандай?
Бул сияқлы сораўларға
Қоңырат районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлими методисти В.Сейтмуратова жуўап берди.


Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районы "Әдебият" АПЖ аймағында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, халықтың социаллық-экономикалық жағдайын ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Әйне, усы мәселелер бойынша "Әдебият" аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Ж.Сейтмуратов мағлыўмат берди.


Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
⚡️​​Барлық билимлендириў шөлкемлеринде оқыў процеси дәстүрий формаға өткериледи

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен елимизде коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азайып атырғаны себепли 2022-жылдың 7-февраль күнинен баслап улыўма билим бериў мектеплери, профессионал, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, академиялық лицейлер және мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў процеси дәстүрий формаға өткериледи.

Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Бунда барлық билимлендириў шөлкемлеринде нықап тағыў, социаллық аралықты сақлаў, жеке гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиў ҳәм антисептикалық затлардан турақлы пайдаланыў талап етиледи.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, оқыўшы-студентлер ушын авиа ҳәм темир жол билетлериниң тариф бөлегинен 50 процент муғдарындағы шегирмелери сақланып қалынатуғыны, сондай-ақ, 2022-жыл 7-февральға шекем билетлер бийпул тәризде басқа мүддетке алмастырып берилетуғынын мәлим етти.

Министрликте усы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде арнаўлы штаб дүзилген болып, 3-февральдан барлық шөлкемлестириў мәселелери бойынша Call-center'диң +99871 230 64 64 ямаса 1006 исеним телефонына мүрәжат етиў мүмкинлиги қосымша етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Каналымызға ағза болың
👉 @kknews_uz
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида бўлиб ўтган видеоселектор йиғилишида чиқиндилар билан ишлаш тизимини такомиллаштириш ва ҳудудлардаги экологик ҳолатни яхшилаш ҳамда “Яшил макон” умуммиллий лойиҳасини амалга ошириш бўйича жорий йилдаги устувор вазифалар белгилаб берилди.

Батафсил — юқоридаги #инфографикада.
Ҳеш ким итибардан шетте емес

Өзгелер күтимине мүтәж шахсларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў халқымызға тән әзелий пәзийлетлерден саналады.
Мәмлекетимизде инсан қәдир-қымбаты, әсиресе, нәгиранлығы болған ҳәм өзгелер күтимине мүтәж пуқаралар ҳәмийше дыққат итибарда болып, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, оларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған даўамлы ис-илажлер әмелге асырылмақта.
Бүгин Қоңырат районы Социал-медициналық хызметлерди раўажландырыў бөлими тәрепинен район аймағында жасаўшы нәгиранлығы болған пуқараларға электрон нәгиранлық арбашаларын тапсырылды.
Нәгиранлығы болған шахсларға ҳәрекетлениў имкәниятын бериўши бул арбашаларды алған пуқаралар мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилген итибардан қуўанышлы екенлигин билдирмекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районында бақша жасындағы балалардың 88,6 пайызы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәлим-тәрбия алмақта
👇👇👇
толық мағлыўмат👉 https://kungrad.uz/5164.html

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Район ҳәкими Б.Мадаминов район аймағында жасаўшы кем тәмийиленген шаңарақлар ҳалынан хабар алды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсән қәдирине болған итибар ҳәр қашанғыдан да күшейди. Әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға үлкен итибар қаратылмақта.
Район ҳәкими Б.Мадаминов, Халык депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси-секретариаты баслығы Б.Ўалибаева ҳәм «Мәҳелле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қоңырат районлық бөлимшеси жанында шөлкемлестирилген «Саҳаўат ҳәм көмек» қоры тәрепинен
район аймағында жасаўшы кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алынып, азық-аўқат өнимлерин тарқатты. Сондай-ақ, район ҳәкими Б.Мадаминов аймақ турғынлары менен сәўбетлесип, олардың машқала ҳәм мүрәжатларын тыңлады.
Бундай қайырлы ислер районымыз бойлап турақлы түрде даўам етпекте.


👉https://t.iss.one/qongiratrkuz