QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
50.3K photos
5.44K videos
31 files
15.6K links
Download Telegram
#ФОТОРЕПОРТАЖ

#Жасыл_мәскан
#Әҳмийетли_40_күн

Қоңырат районлық Суў тәмийнаты бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
#ФОТОРЕПОРТАЖ
#Жасыл_мәскан

Қоңырат районындағы даўам етип атырған "Жасыл мәскан" улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде "Әҳмийетли 40 күн" акциясы

Акцияда район ҳәким орынбасарлары ҳәм район аймағындағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары өз үлесин қосты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
#Фотокөринис

Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими миллий ҳәрекет шеңберинде өткерилип атырған әҳмийетли "40"күн акциясында белсене қатнасты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
🪕🎼Фольклор сазалары

Усы жылдың 2021-жыл 5-ноябрь күни Қоңырат районы Мәденият бөлимине Венгрия пайтахти Будапешт қаласының Этнография институтының филология пәнлери докторы Даўыт Кара Сомфай ҳәм этнография пәни докторы сондай-ақ фольклор пәни доценти Герей Аккус ҳәм композиторлар келип Мәденият бөлиминде мийнет еткен напакадағы апаларымызды съёмкаға түсирип, өзлериниң ески фольклор қосықларынан шығармалары менен таныстырды.

@qongiratrkuz
#Жасыл_мәскан

Бүгин 6-ноябрь күни Қоңырат районында "Жасыл мәскан" улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде "Әҳмийетли 40 күн" акциясы таң ертеден баслап жиберилди.

Акция район ҳәкими Қ.Халмуратов басшылығында режеге тийкар нәл отырғызыў жумыслары районымыздағы пуқаралар жыйынларындағы бос турған орынларда алып барылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Қоңырат районында "Жасыл мәскан" улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде "Әҳмийетли 40 күн" акциясына Мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы ҳәм бөлим ҳызметкерлери белсене қатнаспақта.

@qongiratrkuz
🏆“Street Workout” sport jarısınıń rayonlıq basqıshı ótkerildi.

Jaslardıń bos waqtların mazmunlı ótkeriw, olar arasında salamat turmıs tárizin keń eń jaydırıw maqsetinde rayondaǵı 14-30 jas aralaǵındaǵı jaslar arasında 47-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde sporttıń “Street Workout” túrinen Qońırat rayonı birinshiligi bolıp ótti.
Jarısqa jami 30 dan aslam jaslar 2 shart boyınsha óz-ara bellesti. Jarıs juwmaǵına kóre sıylı 1-orındı 53-sanlı mektep oqıwshısı Qurbaniyazov Nurbol, 2-orındı Berdaq mahallasınan Narbaev Babur hámde 3-orındı Sanaat mahallasınan Ibraimov Miyirbekler iyeledi. Jeńimpazlarǵa rayon hákimligi tárepinen bahalı sawǵalar tapsırıldı.

https://t.iss.one/qongiratrkuz