QARAQALPAQSTAN JASLARÍ
216 subscribers
5.14K photos
907 videos
9 files
2.58K links
Мүрәжат ушын: @qaraqalpaqjaslar_officialBot
Download Telegram
Forwarded from NDPI.UZ
👪Ассалаўма әлейкум ҳүрметли ата-аналар ҳәм оқыўшы жаслар!

👨🎓👩🎓Перзентлериңиздиң жоқары оқыў орнына имтихансыз кириўин ҳәм оқыўды екинши курстан баслап оқыўын қәлейсиз бе? Онда асығың…
Сизде имканият бар...

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрь күнги ПФ-5812-санлы Пәрманы тийкарында «Кегейли турмыслық хызмет көрсетиў колледжи» Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы «Кегейли хызмет көрсетиў техникуми» болып қайта шөлкемлестирилгенлигин мәлим етемиз.

🏛Техникумға:

Улыўма орта билимге ийе болғанлар «КҮНДИЗГИ» ҳәм «СЫРТҚЫ» тәлим формаларына мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

📖Оқыў мүддети 2 жыл.

🗂Ҳүжжетлер 2020-жыл 20-июль сәнесинен баслап қабылланады.

👨🎓👩🎓Техникумды табыслы тамамлаған питкериўшилер оқыған жөнелисине туўры келетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша кириў имтиханларысыз жеке тәртиптеги сәўбет арқалы жоқары оқыў орынларында 2-курстан оқыўын даўам еттириў ҳуқықына ийе болады.

🏛Мәнзил: Кегейли районы, Кегейли гүзары, номерсиз жай. «Кегейли хызмет көрсетиў техникумы»

Мүрәжат ушын телефонлар:

📞61 412-19-39
📞61 412-17-42
📞93 487-75-31
📞93 614-17-42
📞93 614-33-13

📪Пикир ҳәм усынысларыңыз ушын электрон почта мәнзили:

👉[email protected]

Каналымызға ағза болың 👉 @nmpi1934
Сөз еркинлиги деген ҳәр ким болар-болмас затларды жаза бериў дегени емес!

Бүгинги күнде барлық интернет сайтларында шаў-шуў болып атырған хабарға ҳәр ким өз мүнәсибетин билдирмекте.

Мен де усы елдиң бир перзенти сыпатында бул ўақыяға тым-тырыс, тамашагөй болып қарап тура алмадым.

Онысызда соңғы ўақытлары кеселликтен қайтыс болып атырған жерлеслеримиз ҳаққындағы хабарлардан жүрек шайды болып қалған, вирус қай жағымыздан келип қалар екен, деп ҳаўлықпаға түсип жүрген адамларға түн жарпындағы суўық хабар қатты соққы болды, десем қәтелеспеген боларман. Солар қатарында бул сум хабар маған да жаман тәсир етип, қан басымымды көтерип жиберди.

«Өзи де жүйрик қоян еди, таяқ тийген соң зыңғып кетти», дегендей адамлар арасында ҳаўлықпа шығаратын «сенсациялық» материлларға өш болған айырым блогерлеримизге республикамыз басшысы ҳаққындағы жалған хабар қуба-қуп түсти.

Анығына жетип сорастырайын десе, «тайын олжа»ны өзинен бурын шаққанырақ «кәсиплеслери» жәриялап жиберип, абырой алса, өзи қуры алақан қалып қояды.

Мен нызамлардан бир неше статьяларды келтирип, кимдики нызамлы, кимдики нызамсыз, деп айырып беретуғын юрист емеспен. Тек болған ўақыяны адамгершилик, ҳүждан тәрезисине салып, пикир билдирип атырман.

Ҳәзир көпшилик сайтлар прокуратура органы хызметкерлерин оттан алып, суўға салып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Бирақ бүгингидей ел басына ис түсип турған сынаўлы күнлерде халыққа жалған хабар тарқатып, қорқынышқа салған блогерлерди өз ўақтында тәртипке шақырғаны ушын орган хызметкерлериниң ис-ҳәрекетлерин дурыс деп есаплайман. Ақыры сөз еркинлиги деген ҳәр ким болар-болмас затларды жаза бериў дегени емес. Бул мениң жеке пикирим әлбетте.

Бекмурат Узақбаев,
Шымбай районы
АЙТЫЛҒАН СӨЗ

«Айтылған сөз - атылған оқ». «Тыйық жарасы питсе де, сөз жарасы питпейди». Сол ушын да сөз даўалы, сөз даўлы. Бир сөз бенен кеўилге жеткизген жарақатты мың сөз бенен даўалап болмас. Юсуп Ҳәс Ҳәжиб: «Аманлықта көргиң келсе өзиңди, Тилиңнен шығарма жаман сөзиңди…», - деп ескерген. Аңыз, әпсана, ҳикметлерге қулақ түретуғын болсақ, ең жаман хабарды да ханға жатығы менен түсиндиретуғын данышпанлар болған…
Буннан журналист кәсиби қаншелли машақатлы, мәжбүриятлы екенлигин аңлаған болсаңыз керек. 25-июль күни тарқалған жалған хабардан соң бәринен бурын өз өлими ҳаққында суўық хабарды еситкен ақсақалымыз кеўли қаншелли қабарғанлығын бир ойлап көриң. Екиншиден, олсыз да қәўетерге түскен халықты тынышландырыў орнына бундай жаман және жалған хабар тарқатқан журналист, блогерлерде де айып жоқ емес. Мағлыўматты басқа деректен көширип басқан тәғдирде де, гәп инсан тәғдири ҳаққында баратырғанлығын ойлаў керек еди…
Бәринен бурын журналисттиң ойлаўы ҳәм әмел етиўи керек болған бир қағыйда бар: Жақсылық туқымын шашыў ҳәм мудамы объектив болыўы тийис. Ең жаман ўақыя-ҳәдийсени де егер халыққа жәриялаў лазым болса, терең үйренип, анықлап, соң бөрттирместен, сыпайы етип бериў зәрүр. Себеби, журналисттиң халықты қәўетерге салыўға, басым өткизиўге ҳақысы жоқ…
Ғам-қайғы, дәрт, азап-уқыбет инсан өмириниң заўалы. Сол қатары жаман хабар да кеўиллерге қайғы, қорқыныш саясын салады. «Қапа болма» китабында имам-домлаларымыз айтқанындай: Ҳеш қашан қапа болма! Себеби қайғы сени өтмишиңнен тынышсыз етеди, келешектен қәўетерге салады, ақыбетинде бүгинги күниңди жоғалтасаң. Ҳеш қашан қапа болма! Себеби қәлб қайғы менен әўере болып, руўхың сөнип, жүзиңниң нуры кетеди, арзыў-үмитлериң жоқ болады. Ийманлы бенде, қапа болма! Себеби, қайғы душпаныңды қуўантып, достыңды қапа етеди. Қайғы себеп ҳақыйқатларды көре алмай қаласаң. Қапа болма, себеби қайғы - шайтаннан!
Биз ҳәмийше жақсылықтан үмит етиўши мусулманлармыз. Халықты қәўетерге салыў керек емес. Әсиресе, бүгингидей сынаўлы демлерде. Адам жаман жаңалықларды көргени сайын кеўил кейпияты бузылады, турмысы да, искерлиги де жаманласады, бийсабыр болады. Психолог, шыпакерлер де көпшилик аўырыўлар стресс, артықша қәўетер себепли келип шығатуғынлығын ескертеди. Кең қулаш жайып атырған бүгинги коронавирус пандемиясы пайтында да артықша қәўетерге берилиў керек емес. Бул бизиң иммунитетимизди ҳәлсиретеди. Солай екен, сөз қуралынан жақсылық жолында пайдаланған мақул.
Өткен иске салаўат. Ис бар жерде кемшилик те болады. Биз жол қойған қәте-кемшиликлеримизден көбирек сабақ аламыз, белгили жуўмақ шығарамыз. Оннан қалса, үш журналист ҳәм блогеримиз (makan.uz, kruz.uz, kar24.uz) де жас қәнигелер. Олар енди қәддин тиклеп, аяққа турмақта. Солай екен, оларға дурыс жол-жоба көрсетип, егер, бул жол-жобаларды өзине алса, қоллап-қуўатлаў керек деп ойлаймыз. Өйткени, бүгинги күни блогерлер менен журналистлердиң ортасында өз-ара теке тиреспе, бир-бирин муқатыў, бир-биринен өш алыўға деген тенденция пайда болғанлығын ашық айтыўымыз тийис. Елимизде сөз еркинлигине кең жол ашылды. Деген менен, сөз еркинлиги демократия, мәдениятты талап етеди. Ҳәр қандай мәселеде баспасөзден, интернеттен ғәрезли мақсетлерде өш алыўға, өз мәпи ушын пайдаланыўға жол қойылмаўы тийис. Бир-биреўди муқатыў ушын ҳәр қандай ипласлықтан қашыўымыз керек.
Журналистика тараўында Нызам ҳәм қарарларды қайта көрип шығыў, журналист кадрларды таярлаў, қайта таярлаў, журналистлерди ҳәр тәреплеме қорғаў, еркин жумыс ислеўине имканият жаратып бериў керек. Саламат бәсеки орталығын жаратыў ушын профессионал журналистлерге сайт, электрон баспа ашыўға көмеклесиў, газета-журналлар, телевидение, радионың жумысларын жанландырыў халықты дурыс ҳәм сыпатлы информация менен тәмийинлеўге тийкар болады.

К.РЕЙМОВ,
Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамы
Қарақалпақстан бөлими баслығы
МОЙНАҚТА КОРОНАВИРУСҚА ҚАРСЫ ҚАТАҢ ИЛАЖЛАР КӨРИЛЕДИ

Бүгин Мойнақ районы ҳәкими Е.Еденбаев коронавирусқа қарсы гүресиўде аймақта қатаң илажлар көриў бойынша арнаўлы штаб ўәкиллери менен ушырасты.

Онда covid-19 тарқалыўының алдын алыўда районда алып барылып атырған жумыслар, жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм олардың унамлы шешилиўинде штаб ўәкиллери менен өзара пикирлести.

Илаж жуўмағында арнаўлы штаб қурамындағы қәнигелерге ўазыйпалар берилип, пандемияны жеңиўде темир интизам менен жумыс алып барыў кереклиги атап өтилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.

@MuynakPress
Өзиңизге белгили бүгинги панедемия дәўиринде пуқаралардың соvid-19 вирусы менен наўқасланыў дәрежеси күннен-күнге артып бармақта. Сонлықтан адамлардың дәри-дәрмақ өнимлери ҳәм қорғаныў буйымларына деген талабы да жоқары. Мине усы жағдайлардан келип шыққан ҳалда баҳалардың тийкарсыз өсип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде Кегейли районы аймағындағы дәриханаларда Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў депортаменти хызметкерлери тәрепинен дәрилердиң баҳаларын тийкарсыз қымбатлатып жибермеў бойынша ескертилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:👉👉 @kegeylirkuzofficial
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Быйылғы Қурбан ҳайыты байрамын өткериў бойынша қандай талаплар белгиленген?

Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Бахаўатдиновтан толық мағлыўмат 👆

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Forwarded from KaNews.uz (Абдуллаевна)
#ескертилди

Бәршеңизге белгили, бүгинги пандемия шараятында, пуқаралардың COVID-19 инфекциясы менен наўқасланыў дәрежеси күннен-күнге артып бармақта.
Сонлықтан, адамлардың дәри-дәрмақ өнимлери ҳәм қорғаныў буйымларына болған талабы да жоқары. Усы жағдайлардан келип шыққан ҳалда, баҳалардың тийкарсыз өсип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде, Қанлыкөл районы аймағындағы дәриханаларда Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти хызметкерлери тәрепинен, дәрилердиң баҳаларын тийкарсыз қымбатлатып жибермеў бойынша ескертиў илажлары алып барылмақта.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
Forwarded from NDPI.UZ
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Хош хабар! Институтымыз студенти Әдилбек Бахтыбаев Өзбекстан Мәденият министрлиги тәрепинен өткерилген «Умрбоқий наволар» республикалық таңлаўында жеңимпаз болды

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Умрбоқий наволар» атамасында ата-бабалардан мийрас болып киятырған саз әсбаплары атқарыўшылары ушын онлайн республикалық таңлаў шөлкемлестирилди.

Таңлаўды онлайн шөлкемлестириў даўамында келип түскен 335 тен аслам дөретиўшилик жумыслары таңлаўдың Төрешилер қурамына жиберилди.

Төрешилер қурамының жуўмақлаўшы қарарына муўапық, «Ең жақсы қобыз атқарыўшылығы» номинациясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан, ҳәзирги ўақытта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының студенти, «Ниҳол» ҳәм басқа да бир неше халықаралық сыйлықлардың лауреаты Әдилбек Бахтыбаев жеңимпаз деп табылды.

Таңлаў жеңимпазлары арнаўлы статуэтка ҳәм министрликтиң дипломы менен сыйлықланды.

НМПИ баспасөз хызмети.

Каналымызға ағза болың
👉 @nmpi1934
Қурбон ҳайити арфасида хайрия тадбирлари давом этмоқда.

Мусулмон оламидаги энг катта байрамлардан бири, Қурбон ҳайит айёми барча ватандошларимизга муборак бўлсин.
Байрам арафасида Қорақалпоғистон Республикаси прокурори Алламбергенов Фарход Ембергенович, Беруний тумани ҳокими Сапарбаев Атабек Худайбергенович ҳамда сектор раҳбарлари биргаликда тумандаги кам таъминланган ва эҳтиёжманд 12 та хонадонларда бўлиб пул маблағлари, озиқ-овқат маҳсулотлари бериб, ҳолидан хабар олинди ва ҳайит айёми билан табриклади.

Пандемия шароитида боқувчисини йўқотган ва эҳтиёжманд оила вакиллари ҳолидан хабар олиш бўйича ҳар бир ҳудудда рўйхатлар шакиллантирилган бўлиб, айём арафасида 1208 та хонадонга 706 миллион сўм пул маблағлари шунингдек озиқ-овқат маҳсулотлари тарқатиб берилди.

Энг муҳими эътибор деди биз билан суҳбатда Беруний тумани “Гулистон” МФЙда истиқомат қилувчи Гулбаҳор опа. Турмуш ўртоғимнинг вафотидан сўнг вояга етмаган фарзандларим билан бир ўзим қолдим. Карантин бошлангандан буён ҳолимиздан хабар олиб, 3-4 маротаба келдилар. Президентимизга, раҳбарларимизга катта рахмат улуғ кунларда бизни йўқлаб келганлиги учун миннатдорчилик билдирамиз деди кўзида ёш билан.
Асосий мақсадимиз халқнинг розилигидир. Ҳар қандай шароитда ҳам фуқароларни қўллаб-қувватлаш, уларнинг хаётга, яшашга бўлган умидини сўндирмасликдир.
Бугунги саҳоват тадбирлари туманимиз бўйлаб давом этмоқда. Шу ўринда улуғ арафа кунларида яхши ният ва дуоларимиз билан қалбларга йўл топайлик яхшилар. Касалликлар чекиниб, карантин тугагач барчамиз эл-юртнинг хали кўп яхши кунларини биргаликда ўтказамиз. Хаёт бизга берилган туҳфа экан, доим яхшиликни истаб яшайлик.

Беруний тумани ҳокимлиги ахборот хизмати.