QARAQALPAQSTAN JASLARÍ
218 subscribers
5.14K photos
907 videos
9 files
2.58K links
Мүрәжат ушын: @qaraqalpaqjaslar_officialBot
Download Telegram
Forwarded from Shimbay.uz (Наргиза Толыбаева)
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Райондағы рейд жумыслары бойынша , пуқаралар карантин шеклеӯлерине толық әмел етпектеме усы сораӯларға жуӯап аламыз
‼️РАСМАН: Қурбон Ҳайити 31 июлда нишонланади

Шавкат Мирзиёев «Қурбон ҳайитини нишонлаш тўғрисида»ги қарорни имзолади.

Унга кўра, Ўзбекистон мусулмонлари идорасининг 2020 йилда Қурбон ҳайитининг биринчи куни 31 июль – жума кунига тўғри келиши ҳақида қабул қилган қарорини инобатга олиб, мамлакатимизда 2020 йил 31 июль Қурбон ҳайити байрами сифатида кенг нишонланади.

Маҳаллий ҳокимликлар ва тегишли ташкилотлар Қурбон ҳайитининг карантин талабларига риоя қилган ҳолда, халқимизнинг миллий ва диний анъаналарига мос равишда ўтиши учун тегишли чора-тадбирларни амалга оширади.

Биз ижтимоий тармоқларда:
Telegram · Facebook · Youtube
Forwarded from Berdakh Jumamuratov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Поле чудесте ертеректе
Қарақалпақстан Хожелиден
Forwarded from Raximbayev Otabek
Бүгин Қанлыкөл районы ҳәкими Дәўлет Аяпбергенович Толыбаев дүньядан өтти.

Мойнақ районы ҳәкими сондай-ақ усы жәмәәтлик марҳумның жақынларына, шаңарақ ағзаларына, соның менен бирге Қанлыкөл районы халқына ҳәм ҳәкимлик жәмәәтине терең қайғырыӯ менен кеўил айтамыз.

Мойнақ районы ҳәкимлиги жәмәәти.
Forwarded from Times.uz
❗️Сўнгги соатларда яна деярли 300 кишида коронавирус аниқланди

🦠 (+293) — Янги касалланиш ҳолатлари: 242 нафари Тошкент шаҳрида, 36 нафари Сирдарё вилоятида, 8 нафари Қорақалпоғистон Республикасида ҳамда 7 нафари Навоий вилоятида коронавирусга чалинган беморлар билан мулоқотда бўлганлиги сабабли намуна олинган фуқаролар.

📈Жами беморлар — 19 653 нафар.

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Халық қыстаўлы медициналық жәрдем ҳызмети менен кеңнен қамтып алынады

Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 20-июль күнги «Коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў ўақтында халықты қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети менен кеңнен қамтып алыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 446-сан қарары қабыл етилди.
Қарарда Денсаўлықты сақлаў ҳәм Финанс министрликлериниң төмендеги усыныслары мақулланды:
коронавирус эпидемиясы дәўиринде нормативке қосымша түрде күни-түни нәўбетшилик ететуғын 1 медицина хызметкери ҳәм 1 айдаўшыдан ибарат ықшамластырылған мобил қыстаўлы медициналық жәрдем бригадалары шөлкемлестириледи;
күшейтирилген тәртип дәўиринде ҳәр ай жуўмағына шекем барлық қыстаӯлы медициналық жәрдем бригадаларында ислеўши хызметкерлердиң лаўазым айлығына 6 пайыз муғдарында ҳәр күнлик қосымша төлемлер орнына төмендеги муғдарларда қосымша материаллық хошаметлеў төлемлери белгиленеди:
шыпакерлерге – 2,5 млн сум;
орта медицина хызметкерлерине – 1,5 млн сум;
айдаўшыларға – 1,0 млн сум.

Сондай-ақ, Қарарда шөлкемлестирилип атырған ықшамластырылған мобил қыстаўлы медициналық жәрдем бригадалары ушын жаңа автомашиналар сатып алыныўы белгиленген болып, 24-июль күни жергиликли бюджет есабынан сатып алынған Нөкис қаласы ушын 4, районлар ушын 16 жаңа санитар Дамас автомобиллери тарқатылды.
Бул өз гезегинде, пандемия дәўиринде халыққа қыстаўлы жәрдем көрсетиўдиң сапасын ҳәм көлемин асырады. Буннан басқа да, усы сыяқлы ис-илажлар көрилиўи даўам етпекте.
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Оспанов Шарап Сәрсенбаевичке - Қанлыкөл районы ҳәкими ӯaзыйпасын ӯaқтынша атқарыӯ жүклетилди.

Ол бүгинги күнге шекем Қанлыкөл районы ҳәкиминиң орынбасары, инвестициялар ҳәм сыртқы саӯда бөлими баслығы лаӯазымында хызмет көрсетип келди.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
Forwarded from Paytaxt_City
ДЫҚҚАТ! ДЫҚҚАТ!
Ҳүрметли Нөкис қаласының турғынлары!

Пүткил дүнья жүзинде глобал машқалаға айланған бүгинги күндеги коронавирус инфекциясы кеселлиги пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына үлкен зыян тийгизиўи менен бир қатарда усы кеселлик пенен емлеўханаларда аўырып атырған наўқасларға зәрүр кислород концентраторларының жетиспеўшилик жағдайлары да ушырасып атыр.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-июль күнги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникалар айланысын тәртипке салыўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында»ғы 449-санлы қарарының орынланыўы ҳәм коронавирус инфекциясы кең тарқалыўына қарсы гүресиўде мәмлекетте дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен медициналық техникалар жетиспеўшилигиниң алдын алыў, сондай-ақ, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳәм өмирин қорғаў, сондай-ақ, коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларға өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетилиўин, зәрүр кислород концентраторларының жеткерилип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги Сизлерден кислород баллонларын ўақтынша пайдаланыў ушын әмелий жәрдем бериўиңизди сорайды. Усынылған кислород баллонларыңыздың өз ҳалында сақланыўына ҳәм өз ийелерине қайтарып бериўине кепиллик беремиз.

МӘНЗИЛИ: Нөкис каласы, Беруний көшесинде жайласқан қалалық Абаданластырыў басқармасының гаражы имараты.
Бағдар: «Ташкент» кафеси жанында.
Мағлыўмат ушын телефон: 90 727-55-29.

https://t.iss.one/paytaxt_city
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының ден саўлығы менен байланыслы бүгин бир қатар интернет сайтларында ҳәм социаллық тармақларда тарқалған рәсмий емес деректен алынған жалған хабарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң рәсмий мүнәсибети.

Бүгин елимизде жумыс алып барып атырған бир қатар интернет сайтлары ҳәм социаллық тармақларда repost.uz сайтында 20-июль күни рәсмий емес деректен алынған хабар тарқатылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси интернет сайтлар ҳәм социаллық тармақларда тарқатылған жалған хабар ушын Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьясы менен жынайый жуўапкершиликке тартылыў белгиленгенин ескертеди.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинен 25-июль күни саат 23:00 де алынған мағлыўмат бойынша, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың ден саўлығы стабил ҳалатта болып, ол медицина хызметкерлери бақлаўында емленбекте.
Интернеттиң түндеги жалған хабарлары ҳәммениң түн уйқысын шайдай ашты. Тастыйықланбаған хабарларды дәректи үйренбей турып басқан сайтлар ийелери сөз жуўапкершилигин түсинерме екен өзи. Ўақыя ортасында турған адам, оның ағайин-туўысқанлары, тамыр-таныслар орнына өзин қойып көрсе қалай болар екен сол "оператив" "журналистлер".
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Жақсы хабарга сүйинши соралады. Жаман хабардың өзи тез тарқалады. Оны жеткериўге бириншиликке "таласыў" қайсы халыктың қанында бар. Ўақыядағы анықлық, деректиң үйренилиўи, фактлер, тек 1 дерек емес, басқа дереклер менен салыстырыў журналистикадағы өзгермес нызамлылық емеспе. Сениң ҳәр бир айтқан сөзиңди халқымыз ҳақыйқатлық деп түсинеди. Соның ушын сәл сабырлы, салмақлырақ болайық.
" Жел өкпелик" журналистке жараспайды.

(Сүўрет интернеттен алынды)

Абдулла Ембергенов, журналист
Каналына адамларды қызықтырыў мақсетинде бул блогерлеримиз адамларды тез өлтириўге, соны қуўанып жеткериўге асығып атырғандай. Өлим бәри-бир суўық хабар. Жерге қара жылан кирсин!
Онысыз да елимизде не бир азаматларымызды жойтып, ел ар-сар болып турғанда, мынаўсы бәринен де асып түсти. Енди дерек алған каналға асылып отырған шығар. Ол өзи ушын жуўап бере берер. Ал, өзимиздикине жол болсын! Өзиңди жаттай сыйла, жат бойыңнан түңилсин, демейме ата-бабаларымыз?! Оларға шара көрилетуғын ўақыт жеткен жоқпа екен? Мынаў тири деп көрсетсе де олардики жөн, тирини өлди деп көрсетсе де олардики жөн бола береме? Өзимизди-өзимиз талаўға өттикпе деймен...😢

Бес күнлик дүньяда тирилерди өлди деўге асықпайық, өлим ҳақ, бирақ ҳәммеге де кешинен берсин деп жақсы нийетте жасайық. Онысыз да дүнья ялғаншы, дүнья өткинши, жолдаслар!

Гүлнара Дәўлетмуратова,
журналист
Ким болмасын, қандай журналист болмасын, блогерлер де мағлыўмат тарқатыўда озып өтемиз деп қаңқыя бермесин билгиши шығып. Адамға бас не ушын берилген. Мағлыўмат қәўпсизлиги ҳаққында умытып кеттик. Тек ғана амбициямызды қанаатландыратуғын ҳақыйқат халыққа мүнәсиппе? Шегарадан шығып кетип , натуўры иске жол қойылдыма ким болса да аяўдың қәжети жоқ, жуўапкершиликке тартылсын. Басымызды бир жөнге келтирейик бирадарлар.

Динара Алламбергенова, ТВ журналисти
Forwarded from Машкала хәм кемшиликлер#үйде отырамыз
@mashqala #fakenews.

Кеше интернет тармакларында сум хабар таркаган еди. Кейинрек аныкланыуынша, бул жалган хабар болып шыкты.
Тилекке карсы, бул фэйк маглыуматты линцензияланган, макамы журналистке теңлестирилген канал ийелери шыгарды.
Журналист хар бир маглыуматты шыгармастан алдын толык маглыумат топлау шарт. Керек болса журналистик иззертлеу өткериү керек. Блогер менен журналисттиң айырмашылыгыда сонда.
Ал бизлердиң интернет жүрналистлеримиз сол хабарды биринши шыгарып, адам топлауды нийет еткен.
Асиресе хазиргидей ауыр жагдайда халык арасына гул гула салып атырсызлар.
Сизлерге маслахатимиз, тажирийбели журналистке шакирт түсип, ГХК хаккындагы нызамды хамде журналистик этиканы үйрениң!

Арзиев Азамат журналист.
Бүгинги күнде интернет халықтың тийкарғы информация дерегине айланып бармақта.
Көпшилик адамлар тийкарғы ўақтын интернетте мағлыўмат тарқатыў, қабыллаў қайта ислеўге жумсап атыр.

Тыйынның екинши тәрепине нәзер салсақ интернет тармағының глобалласыўынан айрым кимселер басқа мақсетлерде пайдаланыўды мақсет еткен.

Атап айтқанда кимлердидир абырайсызландырыў, адамлар арасында ҳаўлықпа оятыў сыяқлы ҳәрекетлерди әмелге асырмақта.

Күни кеше елимизде жумыс алып барып атырған бир неше сайтларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының ден саўлығы менен байланыслы repost.uz сайтынан алынған рәсмий емес тастыйықланбаған хабар тарқалды.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинен 25-июль күни саат 23:00 де алынған мағлыўмат бойынша, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың ден саўлығы стабил ҳалатта болып, ол медицина хызметкерлери бақлаўында емленбекте.

Ҳүрметли пухаралар!

Бундай инсан өмири менен байланыслы жалған мағлыўматларды тек ғана жеке мәпин ойлап, телеграм каналындағы адам санын көбейтиўди мақсет етип
тарқатыў оғада аўыр ақыбетлерге алып келиў мүмкин. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынайый жуўапкершиликке тартылыў белгиленгенин ескертемиз.

Сонлықтан хүрметли блоггерлерден ҳәр бир хабардың анығына жетип, аналызлеп ҳәр тәреплеме дурыс екенине исеним кәмил еткеннен кейин жәриялаўды сорап қаламыз.

Бозатаў районы ИИБ баслығы Р.Турғанбаев

https://t.iss.one/bozataw_uz
​​Журналистиканың әдебияттан парқы фактте болып табылады. Демек, журналистлер ҳәмме ўақытта болған ўақыяға сүйенеди, егер гуман болса фактлерди топлайды, анализлейди, салыстырады керек болса орнынына барып журналистикалық тексериў өткерип, кейин жәриялайды. Мине бул журналистикалық иззертлеў. Биз қыялымыздан дөреттикпе демек ол журналистика емес.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М.Ерниязов ҳаққындағы fake хабар тарқалыўының тийкарғы дереги Repost.uz сайты деп атырмыз.

Енди итибар берейик "re post" (постты қайталаў) яғный repost.uz қайталаў деген мәнисте ашылған сайт болыўы мүмкин.

Буннан сондай жуўмаққа келемиз бул сайтта қайсы бир жерден тастыйықланбаған мағлыўматты алады ҳәм исеними кәмил болмай жәриялаған. Бул жеке пикирлерим менен ақыллылық етиў нийетим жоқ текте кәсиплеслеримизге қарата айтқым келеди, "Медиа мәканға(журналистика, социаллық тармаққа) мейли блогер болсын, мейли журналист яки ҳәўескер болып кирсин жеке өзиниң қатнасында ҳәр қандай ўақыяны анализлеп соң халыққа жәрияласа, қарар қабыл етпестен алдын "ҳәзир бул материалды қойсам,бул сөзлер мениң емес халықтың мүлкине айланады бул пост", деген сөзди өзлеринен өткерсе мақсетке муўапық болады.Себеби оны оқыған халық интернетте, теле каналларда газетада, радиода айтты ғо, демек анықғо деген жуўмаққа келеди.

Бүгин арамызда блогерлердиң көбейиўи қуўанышлы әлбетте, бирақ "Жылтырағанның бәри алтын емес" дегениндей олардың жыйнаған аудиториясы(канал ағзалары) тап өзлериниң дәрежесиндеги ағзалар мениң пикиримше. Себеби сол блогердиң көз қарасында айтылған сөзлерди ҳәр минутта қабыл етеди сол фактор оның пикирлеўине тәсир етеди. Демек биз яғный инсанлар информацияны қабыл етип атырғанда ким жазды бул постты? оның ойлаў билим дәрежеси қандай? бул инсанның берген информациясына яки жеке сезими менен жазылған материалына исенсем бола ма?бул мениң ушын исенимли дерек пе? әмелиятта бул инсан өзи сөзлерин қолланып көрди ме? деген сораўларды өзимизге берип соң оны қабыл етсек ғана өзимиздиң ҳақыйқый ДӘРЕЖЕМИЗДИ анықлаймыз. Соның ушын заманласлар барлық мағлыўматты ҳақыйқат деп қабылламайық!

Бул мениң жеке пикирлерим.Пост таўсылды.

Ҳүрлиман Нуржанова, журналист.