QARAQALPAQSTAN JASLARÍ
212 subscribers
5.14K photos
907 videos
9 files
2.58K links
Мүрәжат ушын: @qaraqalpaqjaslar_officialBot
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыӯы мүнәсибети менен кеӯил айтыӯ

Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм район халқы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыӯы менен Республика ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, ағайин-туӯысқанларына ҳәм халқымызға терең қайғырыӯ менен кеӯил айтады.

Ол Жоқарғы Кеңес Баслығы болып ислеген дәӯиринде республикамыздың абаданлығы, пәраӯанлығы, халқымыздың тыныш-татыӯ турмыс кешириӯи ушын аянбай мийнет етти. Тек ғана мәмлекетимиз раӯажланыӯы жолында ислеген жумыслары емес, бәлки ол инсанның ҳәр бир пуқара менен сәӯбетлескенде өз жақынындай көрип, бәршеге теңдей көз-қараста болыӯы бәршемизге өрнек еди. Оның, Шымбай районы ҳәкими лаӯазымында ислеген пайытында районның социал-экономикалық жағдайын анағурлым дәрежеде өсириӯге еристи. Әсиресе, оның халымыздың классик шайырлары Бердақ ҳәм Күнхожа бабаларымызға болған шексиз ҳүрмети, бабалар мийрасын келешек әӯладқа жеткериӯ мақсетинде ислеген қайырлы ҳәм саӯаплы ислерин районымыз халқы жоқары ҳүрмет пенен мәңги сақлайды.
Муса Тажетдинович Ерниязовты өмириниң соңғы демлерине шекем, елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген, оның халымызға ислеген барлық ийгиликли ислери халымыз қәлбинде мәңги жасайды.

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ҲӘКИМЛИГИ
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм кең жәмәәтшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Каҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы республика парламентине ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, досларына ҳәм пүткил Қарақалпақ халкына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өмириниң соңғы демлерине шекем елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген әжайып инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги
Forwarded from Рустам
Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўына байланыслы Өзбекстан Республикаси Бас прокуратурасы жаныңдағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы баскармасы жәмәәти атынан марҳумның жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм Қарақалпақ халқына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўында Қарақалпақстанды үлги қылған әдиўли инсан еди…

Ҳәммемизге белгили 2017-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басламасы менен Өзбекстан жаслар аўқамы дүзилди.
Еле есимде әне усы шөлкемниң биринши шөлкемлестирилиў мәжлиси Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында өткерилип, онда Жоқарғы Кеңес баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳәм жасларды барқулла қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирип, елимиз жасларына айдын келешек тилеген еди.
Муўса Тажетдинович елимиз раўажы жолында аянбай хызмет еткен, жәмийетимиздиң барлық салаларында түпкиликли реформаларды әмелге асырған сиясый искер, сондай-ақ узақ жыллар даўамында қарақалпақ жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаған басшы сыпатында ядымызда мәңги қалады.
Жерлеслеримизге, марҳумның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ӨЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ АЙТЫЎ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов мийнет жолы даўамында өзиниң ўатанымызға шексиз мухаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақлы түрде халқымыздың қәлбинен терең орын алған уллы инсан еди. Кейинги ўақытлары хабарыңыз бар елимизде экологияға байланыслы көп унамлы ислер ҳәм басламалар алып барылды. Тәбиятымыздың шексиз инамларынан ақылға уграс пайдаланыўда елимиз азаматларының қандай жойбарлары болса, бул басламалардың барлығын кеўли толған ҳалда қоллап куўатлады. Себеби халқымыздың усы көз қарасын унамлы өзгертиўдиң пүткиллей тәрепдары еди. Әлбетте тәбиятты сүйген инсан оның барлық жаратқан инамларын шын кеўилден сүйеди. Халқын өз перзентлери киби қоллаған инсан енди арамызда жоқлығы ашшы ҳақыйқат екенлиги кеўлимизди терең шөктирмекте.

Ҳақ кеўил ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети жәмәәти!
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Ерниязов Муса Тажетдиновичтиң қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйи жәмәәти ҳәм тәрбияланыўшылары атынан марҳумның шаңарағына ҳәм жақын ағайин-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Муса Ерниязовтың өмири даўамында көп инсанларға, халқымызға әсиресе, 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына өзгеше меҳир бөлип, әмелий тәризде көрсеткен қайырқомлық ислери, қылған жақсылығы ҳәм ийгиликли ислери көп.
М.Ерниязовтың 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң қайта ири оңланыўында ҳәм де ҳәзирги заманагөй заман талабына сай шараятлар менен тәмийинлениўинде көрсеткен қайыр-сақаўатлық ислери, қалаберсе балалар менен балаларша алып барған сәўбетлесиўлери ҳеш қашан тәрбияланыўшыларымыздың ядынан шықпайды.
М.Ерниязов турақлы түрде Меҳрибанлық үйимизге келип тәрбияланыўшыларымыз жағдайынан хабар алып, олардың жасаў шараятлары менен танысып барар еди ҳәм де оларға зәрүрли буйымларды саўға есабында балаларға тапсырып, олардың қуўанышына қуўаныш қосып келмекте еди.
2019-жылда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан «1-сентябрь -Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлиги күни» мүнәсибети менен Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларының районымыздағы мектеплерге оқыўға қатнаўлары ушын соңғы типтеги «Газел» авто көлигин саўға етти.
2020 жыл март айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М.Ерниязов тәрепинен тәрбияланыўшы қызымыз Карамова Рано “Умид учқуни” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Ата-ана меҳирине мүтәж балалардың басын сыйпап, олардың кеўлин көтериў ҳәм оларда өмирге туўры жол таңлап алыўға жәрдем бериў-бул әзелий пәзийлетлеримиздиң бири. «Меҳир көрген меҳирсиз болмас»,-дейди. Биз исеним билдирип айтамыз, тәрбияланыўшыларымызға қайырқомлық көрсеткен пидайы, қайыр-сақаўатлы бундай уллы инсанды, биз жүрегимиз төринде мәнги сақлаймыз.
Ерниязов Муса Тажетдинович Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына көрсеткен барлық ийгиликли ислери дәргай жәмәәти ҳәм де тәрбияланыўшылары қәлбинде мәнги жасайды.

Терең қайғырыў менен, Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйи жәмәәти ҳәм тәрбияланыўшылары.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Соңғы мәнзил, соңғы жол...
Келтерди ғой сизсиз қол...

Жайыңыз жәннет болсын! "Jaslar TV" телеканалы видеоролиги атамыздың естелигине бағышланады.

Каналға ағза болыў: 👉
@Kar24uz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси, Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Ерниязов хотирасига бағишланган таъзия маросимларида иштирок этиш учун Нукус шаҳрига жўнаб кетди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев отбыл в город Нукус для участия в траурных мероприятиях в память о Председателе Жокаргы Кенеса Республики Каракалпакстан, Герое Узбекистана Мусе Ерниязове.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #vidolashuv

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Saidahmadov (Shuhrat Saidahmad)
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Янгиликлар 24 | Президент Нукусга жўнаб кетди
#uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил айтыў

Бозатаў районы ҳәкимлиги ҳәм район халқы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен Республика ҳүкиметине, марҳумның
шаңарақ ағзаларына, жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтады.

Ўатанымыздың гүллеп-раўажланыўы жолында көп жыллар халқымыз ушын хызмет еткен пидайы инсан қарақалпақ халқының басшысы
Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында жума күни бул дүньядан көз жумды.

Өмириниң ақырғы демлерине шекем халқымыз тәшўишлери менен жасады, халық дәртин өз дәрти сыпатында қабыл етти.

Бундай инсанды халқымыз ҳеш қашан умытпайды.

БОЗАТАЎ РАЙОНЫ ҲӘКИМЛИГИ
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Ѳзбекстан Республикасы ушын үлкен жоғалтыў!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Каҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы жәмәәти атынан марҳумның барлық жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы халқына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы
Forwarded from Deleted Account
​​Елдиң атасы менен хошласыў

Жемисли ағаштың шақасы аўыр,
Жүги тайлы нардың арқасы жаўыр,
Ҳәмме перзентине жүрек ҳәм баўыр,
Халқым! Бүгин атаң қайтып баратыр...

Өмирге келиў де, қайтыў да қыйын,
Қәдирли қайтыў ҳәм алар бир сыйың!,
Хошласыў ҳүрметиңе қайысқан жыйын,
Нәзерин төменге салып баратыр.

Минген шоқкылары бәрҳә асқар шың,
Қаракалпақты он сегиз жыл басқардың,
Арысланы ҳүўлеп қалған жапсардың,
Ашық көзин изге таслап баратыр....

Басшы болдың омыраўлы, айбатлы,
Билегин сыбанған, иске ғайратлы,
Қолға алған исин гүл -гул жайнатты,
Халқым! Бас перзентиң кайтып баратыр..

Қаракалпақ халқын сүйди жанындай,
Тамырдағы ағып турған қанындай,
Көп еди әрманы аппақ сағымдай,
Қолы арзыўларға жетпей баратыр...

Қарап турсақ аз болмады табысы,
Жан айбатта Байшубардың шабысы,..
Қырманға қуўыспай еккен тарысы...
Халқына алўидағ айтып баратыр...

Мийўалы дараққа кесек атылар,
Көп жыллық мийнетиниң тилде таты бар,
Елим деген ерлер дәртке шатылар,..
Хош халқым деп атаң қайтып баратыр.

Талўасы тай жеген бөридей еди,
Илгир зейин, сақый серидей еди,
Айралық жаныңды жегидей жеди,
Айдарлы бир улың қайтып баратыр.

Жайың жайлы, руўхларың шад болсын,
Сизге жазған соңғы сәлем хат болсын,
Халқымызға исмиң мәңги яд болсын,
Ыразы бол, халайық! атаң баратыр....

Шукир етиң, капа болмаң халайық,!!!
Ел атасын.. бир гүзетип салайық,
Усындайда мүриўбетли болайық,
Халқым! Жақсылар сийрексип баратыр...

Халқым! Қаҳарманың қайтып баратыр....

Гүлистан Дәўлетова,
1-августь 2020-жыл
БАТЫР КЕТСЕ, ЕЛ БОЗЛАҒАН ӘЗЕЛДЕН

Ел басына ис түскенде елжиреп,
Арқа сүйер таў едиңиз ағам-аў,
Қарақалпақ қайсы халық?-дегенде,
Бул биз дейип, белги берген нарым-аў.

Көп ишинде өзиң едиң салмақлы,
Өзбек, қазақ барлығына ардақлы,
Сизди алған сум әжелдиң қайғысы,
Муңайтты-ғой пүткил қарақалпақты.

Батыр кетсе, ел бозлаған әзелден,
Ҳәтте, Ўатан топрағына "тил" енген,
Шайыр сүйген сексеўил де майысып,
Ел-халқыңнан разы бол, деп тиленген.

Мийнет пенен өткердиңиз тириликти,
Сақлаў ушын шыңда қара бөрикти,
Кеўлиңиз жай, орның бейиш болсын, деп,
Сиз қәлеген ел боламыз бирликли!


Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети баслығы Турсынай Мухиятдинова

👉@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм кең жәмәәтшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Каҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы республика парламентине ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, досларына ҳәм пүткил Қарақалпақ халкына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өмириниң соңғы демлерине шекем елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген әжайып инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ЖАЙЫҢЫЗ ЖӘННЕТТЕ БОЛҒАЙ…

2020-жыл 31-июль күни халқымыз аўыр жоғалтыўға ушырады. Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында дүньядан өтти. Бул ўақыя пүткил Өзбекстан халқы ҳәм қарақалпақ дияры ушын үлкен жоғалтыў болды, пүткил халқымызды аўыр қайғыға салды.

Халқымызда «Жақсының жақсысын айт дәўлети тассын» деген даналық гәп бар. М.Т.Ерниязов өзиниң барлық мийнет жолын қарақалпақ елиниң раўажланыўына бағышлады.

Ол билимлендириў тараўын айрықша қәдирлейтуғын еди, әсиресе, республикамызда жоқары мағлыўматлы илимий-педагог кадрларды таярлаўға тийкарғы дыққатын қаратты.

Муса Тажетдинович, илимпаз-оқытыўшылардың ҳәм студент-жаслардың ҳақыйқый жанкүйер ағасы, жақын досты ҳәм қәўендер ақсақалы еди. Институтқа қашан келсе де, жаслардың оқыў ҳәм билим алыўдағы шараятын еле де жақсылаў, жоқары илимий потенциалға ийе профессор-оқытыўшылар санын ҳәм сапасын көбейтиў, жоқары билимлендириў тараўын елимизде еле де кең раўажландырыў бойынша әҳмийетли усыныс ҳәм кеңеслерин билдиретуғын еди. Ол инсан ҳәр бир оқытыўшы-илимпаз ҳәм студент-жастың машқаласын тыңлап, оларды жеке өзиниң тәшўишиндей көрип, тез шешиўге ҳәм жәрдем бериўге асығатуғын еди. Мине, усындай жоқары инсаный пазыйлетлери менен ел ағасы М.Т.Ерниязов бәршемиздиң қәлбимизден мәңги орын алады.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары марҳумның шаңарақ ағзаларына, туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтады!

Жәмәәтимиз Қарақалпақстанда халық хожалығының, соның ишинде, жоқары билимлендириў системасының раўажланыўына ҳәм беккемлениўине айрықша үлес қосқан белгили мәмлекетлик ғайраткер, теңсиз инсанның жарқын естелигин ҳеш қашан умытпайды, мәңги ядында ҳүрмет ҳәм иззет пенен еслеп қалады!

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты жәмәәти.