QARAQALPAQSTAN JASLARÍ
210 subscribers
5.14K photos
907 videos
9 files
2.58K links
Мүрәжат ушын: @qaraqalpaqjaslar_officialBot
Download Telegram
Channel photo updated
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил айтыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси, Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм кең жәмийетшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен республика парламенти ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына ҳәм пүткил Қарақалпақстан халқына терең қайғырыў менен кеўил айтады.

Усы күнге шекем елимизде жүз берген жаңаланыўлар менен алға илгерилеўлер тиккелей Муса Ерниязов аты менен байланыслы.

Муса Ерниязов жыллар даўамында қайсы лаўазымда искерлик көрсетсе де, аймағымыздың абаданлығы, пәраўанлығы, халқымыздың тыныш-татыў турмыс кешириўи ушын аянбай мийнет етти. Сол қатары, Кегейли районының социал-экономикалық раўажланыўына айрықша итибар қаратты. Қурылыс, дийқаншылық, шарўашылық сыяқлы салалардың жоқары басқышларға шығыўы ушын кең имканиятлар жаратты. Әсиресе, республика басшысы сыпатында үлкен тәжрийбеси, шебер шөлкемлестириўшеңлик қәбилети арқасында барлық тараўларда оғада унамлы өзгерислерди әмелге асырды. Бул инсан өзиниң Ўатансүйиўшилиги, ели ушын аянбай мийнет етиўи нәтийжесинде Президентимиз тәрепиненен мүнәсип баҳаланыды ҳәм өз халқының шексиз исенимине еристи. Тек Қарақалпақстан Республикасы ушын емес Өзбекстан Респуликасының раўажланыўы жолында да айрықша үлес қосқан атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искер инсанның жарқын естелиги Кегейли районы халқының ядында мәнги сақланып қалады.

КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫ ҲӘКИМЛИГИ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары кең жәмәәтшилиги белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Каҳарманы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы республика парламентине ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, досларына ҳәм пүткил Қарақалпақ халкына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өмириниң сонғы демлерине шекем халық пәраўанлығы ушын аянбай мийнет еткен ел ақсақалы, Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги халқымыздың, әўладлардың жүрегинде мәнги сақланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары жәмәәти
Forwarded from QR BAJÍXANA
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен Республикамыз ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына, путкил халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтады.

Өзиниӊ көп жыллық мийнет жолы даўамында халқымыздыӊ парахатшылықта жасауы, мәмлекетимиздиӊ экономикалық раўажланыўы жолында шын журектен хызмет алып барған уллы инсан - Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ жарқын естелиги мәнги жасап қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў.

Белгили жәмийетлик искер, ҳақыйқый ел перзенти, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов өмирден көз жумды. Пүткил Өзбекстан халқы ушын бул аўыр жоғалтыў болды.
"Өзбектелеком" АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы жәмәәти атынан марҳумның барлық жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм халқымызға терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
Қарақалпақстанның гүллеп жаснаўында белгили дәрежеде үлес қосқан жәмийетлик искер М.Т.Ерниязовтың жарқын келбети қәлбимизде мәңги жасап қала береди.

"Өзбектелеком" АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы жәмәәти
Forwarded from S K
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм кең жәмәәтшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен терең қайғырыў билдиреди.

Муса Тажетдинович Ерниязов Пайтахтымыздың, Республикамыздың барлық район ҳәм аўылларының көринисиниң түптен өзгериўин әмелге асырған кең көлемли абаданшылық ислерин елимиз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди. Ҳәмде соңғы күнлерине шекем пүткил өмирин Республикамызға хызмет қылыўға бағышлады.

Муса Тажетдинович Ерниязов Республикамыздың барлық тараўларының гүллеп-раўажланыўын әмелге асырған уллы мәмлекетлик арбаб сыпатында халқымыз кеўилиңде мәңги сақланып қалынады.

Марҳумның жақынлары, шаңарақ ағзалары, перзентлерине сабыр ҳәм терең қайғырыў билдиремиз.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕӉЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫӉ ҚАЙТЫС БОЛЫӮЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕӮИЛ БИЛДИРИӮ

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги жәмәәти ҳәм барлық мәденият ҳәм көркем өнер тараӯы хызметкерлери атынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығы, «Өзбекстан Қаҳарманы», Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығыныӊ орынбасары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер
Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ
қайтыс болыӯына байланыслы Республика ҳүкиметине, марҳумныӊ шаӊарақ ағзаларына, жақынларына ҳәм гүллән халқымызға тереӊ қайғырыӯ менен кеӯил айтады.
Қарақалпақ елиниӊ әдиӯли перзенти, ел-халықымыз ушын бар күш-жигерин аямай оныӊ гүллеп-жаснаӯы жолында пидайы мийнет еткен ел азаматы Муса Тажетдинович Ерниязов елимиз мәденияты ҳәм көркем өнериниӊ раӯажланыӯына айрықша итибар қаратып, ғамхорлық көрсетти. Пүткил халқымыз, солар қатары мәденият ҳәм көркем өнер тараӯыныӊ барлық хызметкерлери қәлбинде Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ жарқын естелиги мәӊги сақланады.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыӯы мүнәсибети менен кеӯил айтыӯ

Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм район халқы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыӯы менен Республика ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, ағайин-туӯысқанларына ҳәм халқымызға терең қайғырыӯ менен кеӯил айтады.

Ол Жоқарғы Кеңес Баслығы болып ислеген дәӯиринде республикамыздың абаданлығы, пәраӯанлығы, халқымыздың тыныш-татыӯ турмыс кешириӯи ушын аянбай мийнет етти. Тек ғана мәмлекетимиз раӯажланыӯы жолында ислеген жумыслары емес, бәлки ол инсанның ҳәр бир пуқара менен сәӯбетлескенде өз жақынындай көрип, бәршеге теңдей көз-қараста болыӯы бәршемизге өрнек еди. Оның, Шымбай районы ҳәкими лаӯазымында ислеген пайытында районның социал-экономикалық жағдайын анағурлым дәрежеде өсириӯге еристи. Әсиресе, оның халымыздың классик шайырлары Бердақ ҳәм Күнхожа бабаларымызға болған шексиз ҳүрмети, бабалар мийрасын келешек әӯладқа жеткериӯ мақсетинде ислеген қайырлы ҳәм саӯаплы ислерин районымыз халқы жоқары ҳүрмет пенен мәңги сақлайды.
Муса Тажетдинович Ерниязовты өмириниң соңғы демлерине шекем, елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген, оның халымызға ислеген барлық ийгиликли ислери халымыз қәлбинде мәңги жасайды.

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ҲӘКИМЛИГИ
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм кең жәмәәтшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Каҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы республика парламентине ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, досларына ҳәм пүткил Қарақалпақ халкына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өмириниң соңғы демлерине шекем елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген әжайып инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги
Forwarded from Рустам
Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўына байланыслы Өзбекстан Республикаси Бас прокуратурасы жаныңдағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы баскармасы жәмәәти атынан марҳумның жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм Қарақалпақ халқына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўында Қарақалпақстанды үлги қылған әдиўли инсан еди…

Ҳәммемизге белгили 2017-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басламасы менен Өзбекстан жаслар аўқамы дүзилди.
Еле есимде әне усы шөлкемниң биринши шөлкемлестирилиў мәжлиси Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында өткерилип, онда Жоқарғы Кеңес баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳәм жасларды барқулла қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирип, елимиз жасларына айдын келешек тилеген еди.
Муўса Тажетдинович елимиз раўажы жолында аянбай хызмет еткен, жәмийетимиздиң барлық салаларында түпкиликли реформаларды әмелге асырған сиясый искер, сондай-ақ узақ жыллар даўамында қарақалпақ жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаған басшы сыпатында ядымызда мәңги қалады.
Жерлеслеримизге, марҳумның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ӨЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ АЙТЫЎ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов мийнет жолы даўамында өзиниң ўатанымызға шексиз мухаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақлы түрде халқымыздың қәлбинен терең орын алған уллы инсан еди. Кейинги ўақытлары хабарыңыз бар елимизде экологияға байланыслы көп унамлы ислер ҳәм басламалар алып барылды. Тәбиятымыздың шексиз инамларынан ақылға уграс пайдаланыўда елимиз азаматларының қандай жойбарлары болса, бул басламалардың барлығын кеўли толған ҳалда қоллап куўатлады. Себеби халқымыздың усы көз қарасын унамлы өзгертиўдиң пүткиллей тәрепдары еди. Әлбетте тәбиятты сүйген инсан оның барлық жаратқан инамларын шын кеўилден сүйеди. Халқын өз перзентлери киби қоллаған инсан енди арамызда жоқлығы ашшы ҳақыйқат екенлиги кеўлимизди терең шөктирмекте.

Ҳақ кеўил ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети жәмәәти!
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Ерниязов Муса Тажетдиновичтиң қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйи жәмәәти ҳәм тәрбияланыўшылары атынан марҳумның шаңарағына ҳәм жақын ағайин-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Муса Ерниязовтың өмири даўамында көп инсанларға, халқымызға әсиресе, 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына өзгеше меҳир бөлип, әмелий тәризде көрсеткен қайырқомлық ислери, қылған жақсылығы ҳәм ийгиликли ислери көп.
М.Ерниязовтың 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң қайта ири оңланыўында ҳәм де ҳәзирги заманагөй заман талабына сай шараятлар менен тәмийинлениўинде көрсеткен қайыр-сақаўатлық ислери, қалаберсе балалар менен балаларша алып барған сәўбетлесиўлери ҳеш қашан тәрбияланыўшыларымыздың ядынан шықпайды.
М.Ерниязов турақлы түрде Меҳрибанлық үйимизге келип тәрбияланыўшыларымыз жағдайынан хабар алып, олардың жасаў шараятлары менен танысып барар еди ҳәм де оларға зәрүрли буйымларды саўға есабында балаларға тапсырып, олардың қуўанышына қуўаныш қосып келмекте еди.
2019-жылда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан «1-сентябрь -Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлиги күни» мүнәсибети менен Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларының районымыздағы мектеплерге оқыўға қатнаўлары ушын соңғы типтеги «Газел» авто көлигин саўға етти.
2020 жыл март айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М.Ерниязов тәрепинен тәрбияланыўшы қызымыз Карамова Рано “Умид учқуни” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Ата-ана меҳирине мүтәж балалардың басын сыйпап, олардың кеўлин көтериў ҳәм оларда өмирге туўры жол таңлап алыўға жәрдем бериў-бул әзелий пәзийлетлеримиздиң бири. «Меҳир көрген меҳирсиз болмас»,-дейди. Биз исеним билдирип айтамыз, тәрбияланыўшыларымызға қайырқомлық көрсеткен пидайы, қайыр-сақаўатлы бундай уллы инсанды, биз жүрегимиз төринде мәнги сақлаймыз.
Ерниязов Муса Тажетдинович Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына көрсеткен барлық ийгиликли ислери дәргай жәмәәти ҳәм де тәрбияланыўшылары қәлбинде мәнги жасайды.

Терең қайғырыў менен, Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйи жәмәәти ҳәм тәрбияланыўшылары.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Соңғы мәнзил, соңғы жол...
Келтерди ғой сизсиз қол...

Жайыңыз жәннет болсын! "Jaslar TV" телеканалы видеоролиги атамыздың естелигине бағышланады.

Каналға ағза болыў: 👉
@Kar24uz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси, Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Ерниязов хотирасига бағишланган таъзия маросимларида иштирок этиш учун Нукус шаҳрига жўнаб кетди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев отбыл в город Нукус для участия в траурных мероприятиях в память о Председателе Жокаргы Кенеса Республики Каракалпакстан, Герое Узбекистана Мусе Ерниязове.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #vidolashuv

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Saidahmadov (Shuhrat Saidahmad)
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Янгиликлар 24 | Президент Нукусга жўнаб кетди
#uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил айтыў

Бозатаў районы ҳәкимлиги ҳәм район халқы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен Республика ҳүкиметине, марҳумның
шаңарақ ағзаларына, жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтады.

Ўатанымыздың гүллеп-раўажланыўы жолында көп жыллар халқымыз ушын хызмет еткен пидайы инсан қарақалпақ халқының басшысы
Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында жума күни бул дүньядан көз жумды.

Өмириниң ақырғы демлерине шекем халқымыз тәшўишлери менен жасады, халық дәртин өз дәрти сыпатында қабыл етти.

Бундай инсанды халқымыз ҳеш қашан умытпайды.

БОЗАТАЎ РАЙОНЫ ҲӘКИМЛИГИ
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Ѳзбекстан Республикасы ушын үлкен жоғалтыў!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Каҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы жәмәәти атынан марҳумның барлық жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы халқына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы