Алла ҳәмийше мәдаткарымыз болсын!
Ата-бабаларымыздан берли өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт киби инсаныйлыққа баслап киятырған Қурбан Ҳайыты байрамы ҳәммеге қутлы мүбәрек болсын!
Ҳәр жылы Қурбан Ҳайыты байрамында муқаддес орынлардан болған мешитлерге барып, елимизге тынышлық, халқымызға аманлық, наўқасларға шыпа, муӊлыларға сабыр, дәрьямызға мол суўлар тилеп, шукиршилик ететуғын едик. Қайыр-сакаўат етип атырған адамларға Алладан мәдет сорап, оларды дуўа қылатуғын едик. Быйылғы жылы коронавирус инфекциясы себепли бул әмеллерди үйде қалып, шаӊарағымызда өткериўге мәжбүр болып атырмыз.
Тилек ҳәм дуўада, шүкиршиликте, қайыр-сақаўатта үлкен кәрамат бар. Халқымыз мына вирус бәлесинен аман-саў шығып, емлеўханаларда жатқан бийтаплар үйлерине оралсын. Халқымыздыӊ несийбеси молдан болсын. Ел ағасы М.Ерниязов та тезирек тәўир болып, республикамызға басшылық етип, бүгинги күнде ушырасып атырған машқалаларды шешиўге өзиниӊ үлесин қоса берсин.
Ҳақ нийетли ҳәр бир адамға Алланыӊ өзи мәдаткар болсын, нәкаслардыӊ көкирегине жақсылық салсын.
С.Сапарбаев,
Нөкис қаласы

Forwarded from QARAQALPAQSTAN JASLARÍ
МОЙНАҚТА ДА ҚАРЖЫЛАЙ ҲƏМ АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИ ТАРҚАТЫЛДЫ
Мǝмлекетимиз басшысы басламасы менен Қурбан ҳайты байрамы мүнǝсибети менен Мойнақ районында да социаллық жǝрдемге мүтǝж 382 хожалыққа 289 млн. сўм нақ пўл ҳǝм 31 млн. сўмлық азық-аўқат ɵнимлери тарқатылды.
- Бурын шет еллерге барып қол ушы талапта жүрдим. Коронавирус себепли жǝрия етилген карантин себепли шет мǝмлекетлерге жумысқа бара алмай қалдым. 4 балам ҳǝм ҳаялым бар. Усыларды есапқа алып, мени жǝмийетшилик тийкарында абаданластырыў жумыслары менен бǝнт етти.
Усы жумысым барысында аймағымыздағы абаданластырыў ҳǝм кɵклемзарластырыў жумысларын шын кеўлимнен сезиндим. Болып атырған ɵзгерис ҳǝм жаңалықлар менен жақыннан таныстым. Əсиресе, балаларымыз, жасларымыз ушын бой тиклеген фудбол стадионы, жүзиў бассейни, «Жаслар орайы» имаратларының бой тиклеўи бизди қуўандырады. Бул балаларымыздың келешегин жаратыўда үлкен тийкар болатынан исенимимз кǝмил.
Буның ҳǝммеси Журтбасшымыздың Аралбойы халқына қаратқан дыққат-итибарының нǝтийжеси. Мине, бүгинги Қурбан айт байрамында да бизди итибардан шетте қалдырмай жɵнеткен қаржылай жǝрдеми, соның менен бирге азық-аўқат ɵнимлери жетип келди. Президентимиздиң аталарша булл ғамқорлығы ушын шаңарағымыз бенен миннетдармыз! – дейди, бундай жǝрдемнен кеўли толып-тасқан «Дослық» мǝкан пуқаралар жыйыны аймағында турғыны Генжемуратов Ерқасым аға.
Мойнақ районы ҳǝкимлиги Мǝлимлеме хызмети.
@MuynakPress

Forwarded from Press_Shomanay (Yusup Seydullaev)
Шоманайлы пуқараларға Қайыр-сақаўат көрсетилди.
Шоманай районындағы кем тәмийинленген ҳәм мүтәж шаңарақ ағзаларына Президентимиздиң Қурбан ҳайт байрамына саўғасы жәми 350 млн сумлық пуллай, Қайыр-сақаўат ҳәм көмек фондынан 550 дана, АПЖ МПЖ ақсақаллары ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен 150 дана, Районлық кәсиплик аўқам федерациясы тәрепинен 87 дана азық-аўқат өнимлери жами 787 дана азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Сектор басшылары ҳәм исши топар менен биргеликте пуқаралардың үйлерине апарып берилди.

Forwarded from KaNews.uz (Абдуллаевна)
🌙Халқымыз Қурбан Хайт байрамын мүнәсип күтип алыўы ушын Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың басламасы менен бәрше аймақлар қатары, Қарақалпақстан Республикасына 10 млрд сум қаржы ажыратылды ҳәм «Темир дәптер»ге киритилген (аўыр аўҳалдағы ҳәм ѳзин-ѳзи бағыў имканияты жоқ) шаңарақларға нақ пул кѳринисинде, әмелий жәрдем сыпатында тарқатыў илажлары өткерилмекте.
Соннан, Қанлыкөл районы «Сақаўат ҳәм кѳмек» фондына жәми 422 млн сум ажыратылып, райондағы кем тәмийинленген ҳәмде социаллық қорғаўға мүтәж 722 шаңарақтың ҳәр бирине 585 мың сумнан бөлистирип берилди. Соның менен бирге, Қанлыкөл районы ҳәкимлиги тәрепинен 722 шаңарақтың ҳәр бирине 90 мыңлық азық-аӯқат өнимлери ҳәм 40 шаңараққа 1 қалтадан ун өними тарқатылды.
📎Түсиндирме: “Темир дәптер”ге бәнтлиги тәмийинленген, жеңиллетилген кредит алып исбилерменлигин баслаған, ѳзин-ѳзи бәнт еткен, жасаў шәраяты басқаларға салыстырғанда анағурлым жақсы шаңарақлар киритилмейди.
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉🏻 @kanlikulnews 👈🏻

Forwarded from Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Вирустың тарқалыўы тоқтайды, егер…
✅ Егер адамлар турақлы тәризде қолларын жуўып, нықап тағып, социаллық аралық сақлағанында, коронавирус пандемиясын вакцинасыз жеңиўи мүмкин еди, деп жаңа изертлеўди дәлиллеп жазбақта «PLoS Medicinе» илимий журналы.
‼️ Мәмлекетлерде карантин шеклеўлери пуқаралардың жеке жуўапкершилиги, ҳәрбир адамның кеселлик қәўпин, салдамлы қатнас жасаў керек екенлигин сезиниўи менен уйғынласқанда еди, вирус тартқалыўы төмен дәрежеде болар еди. Атипикалық пневмония (SARS-CoV-2) халықтың 90 проценти тез-тез қолын жуўған ҳәм аралықты сақлаған мәмлекетлерде жоқары дәрежеде эпидемия шақырмаған.
⚠️ Вирус қалай тарқалыўы ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етип барыў, өзин изоляциялаў, аралықты сақлаў, қолды жуўыў ҳәм нықап тағыў — шешиўши әҳмийетке ийе!!!

ҚАЙЫР-САҚАЎАТ ИЛАЖЛАРЫ ДАЎАМ ЕТТИРИЛМЕКТЕ
Бүгинги күнде Ҳүкиметимиздиң тийисли парманына муўапық, «Сақаўат ҳәм көмек» фонды арқалы социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақларға материаллық жәрдем берилип атыр.
Қурбан Ҳайыты байрамы мүнәсибети менен кем тәмийнленген шаңарақлардың жағдайларынан хабар алынып, қайыр-сақаўат ислери әмелге асырылмақта.
Нөкис қаласы ҳәкими П.Турешевтың басшылығында биринши сектор аймағындағы жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген 392 шаңараққа материаллық ҳәм азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
https://t.iss.one/paytaxt_city