«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
306 subscribers
291 photos
95 videos
7 files
198 links
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы 1931-жыл, 13-февральдан шыға баслады.

Мәнзил: 230100, Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси, №23-жай.

Сайт: qqjaslar.uz

Youtube: youtube.com/@qqjaslaruz

Instagram: instagram.com/qqjaslaruz

Facebook: fb.com/qqjaslaruz
Download Telegram
▪️ Кеўилге қонымлы көрсетиўлер

▪️ Қарақалпақстан телевидениесиниӊ өз көрсетиўлерин эфирге берип баслағанлығына быйыл саррас алпыс жыл болды. Шынында да, 1964-жылдыӊ 5-ноябрь сәнесинен баслап миллий телеканалымыздыӊ жумыс баслаўы халқымыздыӊ руўхый-мәдений турмысында умытылмас ўақыялардыӊ бири болды. Усы жыллар ишинде телеканалдыӊ дөретиўшилик жәмәәти өзиниӊ түрли мазмундағы, рәӊ-бәреӊ тематикаға қурылған кеўилге қонымлы көрсетиўлери менен тамашагөйлерге руўхый азық бағышлап, ел-халқымызға ҳадал хызмет етип келмекте.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4928.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Ҳуқықыңызды билесиз бе?

▪️ Мине, соңғы пайытлары Жаңа Өзбекстанда ҳәр қыйлы тараўларда өзгерислер, жаңаланыўлар жүз бермекте. Солардың қатарында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойыншада өзгерислер болып атыр.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4932.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Инсан қәдири ел–журт бахты ушын

▪️ Биз жасап атырған үлкеде яғный мәмлекетимизде инсан қәдири жүдә жоқары баҳаланады. Ҳәр бир тараўда жумыс алып барыўшы хызметкерлердиң мәпин қорғаў ушын Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы дүзилип, журтымыз раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған түрли топар хызметкерлерин ҳүрметлеп, сыйлықлаў дәстүрге айланған.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4936.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!

▪️ Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялы музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының  «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы нызамның қабылланғанының 35 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4940.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы қашаннан шыға баслады?

😊 Өз билимиңизди сыннан өткериң.

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Өзбекстанның социаллық қорғаў сиясаты майыплығы бар шахслардың мәплерин тәмийинлейди

▪️ Бас Нызамымызға муўапық, ҳәр ким қартайғанда, мийнет қәбилетин жоғалтқанда, жумыссызлықта, сондай-ақ, бағыўшысын жойытқанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда социаллық тәмийнат хуқықына ийе.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4944.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Конституция – бахтымыздың негизи

▪️ Елимизде ҳәр жылы 8-декабрь сәнесинде ϴзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ қабыл етилген күни кеӊ түрде нышанланып өтиледи. Бәршемизге белгили, Конституциямызда пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамлы жол менен белгиленип қойылған. Барлық мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлер, пуқаралар Конституциямызда белгиленип қойылған норма ҳәм принциплерге сүйенип ис алып барады, ондағы ҳәр бир статья әмелий ис жүзинде басшылыққа алынады.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4956.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Не ушын қыста бас кийим кийиў шәрт?

❄️ Қыс мәўсими тек ғана бет ҳәм дене териси ушын емес, ал бас ушын да күшли стресс болып есапланады.

🧢 Мәлим болыўынша, денедеги ең көп ыссылық бас арқалы жоғалтылады. Бас кийим болса усы ыссылықты сақлап қалыўға жәрдем береди.

🌡 Сондай-ақ, бас кийим самалдан тосық пайда етип, дене темперетурасы төменлеўиниң алдын алады ҳәм қолайлылықты тәмийинлейди.

🤧 Изертлеўлерге қарағанда, бас кийим кийиу аязлаўдың да алдын алады.

↪️ Видеоны бас кийимсиз жүретуғын досларыңызға жиберип қойың.

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
Бүгинги балалар қайда баратыр?

Қулағына кирмей сөйлеген сөзиң,
Телефоннан алмай отырар көзин.
Виртуал әлемге тапсырып өзин,
Бүгинги балалар қайда баратыр?

Тыңламас устазын,әке-шешесин,
Умытып кетеди берген ўәдесин.
Тилсимли телефон жаўлап бар есин,
Бүгинги балалар қайда баратыр?

Ертели-кеш телефонға бас урар,
Тапсырма орынлаў есинен шығар,
Папкасы бир шетте муңайып турар,
Ҳәзирги балалар қайда баратыр?

Ўақыт келди бүгин қатты ойланар,
Қабырғаң қайысып, жаның қыйналар,
Қайда Әжинияз, Ибн Синалар,
Бүгинги балалар қайда баратыр?

Есиңди жый жолдан қайтар балаңды,
Бийпәрўалық бийлемесин санаңды.
Дағда қалдырмайық жарық жәҳәнди,
Бүгинги балалар қайда баратыр?

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА.

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
Жаӊа жыл сезимлери

Сүйикли жаӊа жыл. Сыйқырлы
ақшам,
Нышанлаймыз шаӊарақлық байрамды.
Дәстурқан безелген. Жанып
турар шам,
Кеўилде шеги жоқ арзыў-әрманныӊ.

Гөззал ҳәм пайызлы жаӊа жыл таӊы,
Қутлы отаўлардан таралар жақты.
Аӊлаў мүмкин буннан өмирдиӊ заӊын,
Дөрелер ҳәр үйде адамзат бахты.

Демек, даўам ете береди өмир,
Шаӊарақ шырағы қалмағай сөнип.
Жеттик жаӊа жылға,
келтирдик шүкир,
Қалдым бул өмирди дым жақсы көрип.

Қушағына жайғасыпты төрт пасыл,
Ҳүким сүрер алма-гезек үлкемде.
Несийбели болып келгей жаӊа жыл,
Бахытлыман
жеткениме бул демге.

Сыйлап бәршемизе инамын ҳақтыӊ,
Келгейсеӊ жақсылық елшиси болып.
Шад хабардан қуршы қансын
қулақтыӊ,
Дүнья үйи турғай пайызға толып!

Терезеден қосық, күлки таралсын,
Уямызға қондыр бахыттыӊ қусын.
Пәк жүреклер азықланып нәр алсын,
Адамзатқа шадлы хабарлар усын!

Дәрья бурқып ақсын жүзгендей
балық,
Жыл болғайсаӊ күткеннен де зыяда.
Муҳаббат, берекет, несийбе, шадлық,
Болыўын тилеймен ҳәр бир уяда!

Бахытлы САРЫБАЕВ.

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Абаданластырыўға қосылған үлес

▪️ Қыстың суўығында да, жаздың жәзийрама ыссысында да барлық орынларда ушыратыўымыз мүмкин болған кәсип ийелери булар абаданластырыў хызметкерлери. Базы да олардың ҳәтте  ўақыт пенен санаспастан ерте таңнан көше бойларын гүлзарларға  айландырып атырған өзине тән болған жумысларының гүўасы боламыз. Қоршаған орталығымыз ҳәм қаламыз көшелериниң тазалығы көрген көзди  қуўантады. Әпиўайы жумыслардан ибарат болса да, келтиретуғын пайдасы жүдә үлкен екени түсиникли.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4970.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Гүл базарға жетелеген сәўбет

▪️ – Жаңа жылда қандай саўғалар алыўды қәлейсиз?

▪️ – Әлбетте, мазалы торт ҳәм шырайлы гүл. Гүл болғанда қандай букетли яки өсетуғын гүл?

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4973.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
Тайынлаў

Алимбетов Байрамбек Нағметович - Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң қаржы-экономика ҳәм инвестиция бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Б.Алимбетов усы күнге шекем Нөкис районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары-экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Миллий армиямыздың күш-қүдирети журналистлер нәзеринде

▪️ Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлеримиздиң дүзилгенлигине 33 жыл толыў мүнәсибети менен Арқа-Батыс әскерий округи, Өзбекстан журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларының  ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4979.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Берилген имканиятлар, исленген ислер

▪️ Қарақалпақстанлы жаслар жылды қалай жуўмақлады? Оларға қайсы тараўда қандай ис-илажлар әмелге асырылды? Мине, усы ҳәм басқа да сораўлар дөгерегинде бизиң журналистимиз Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Полат Мақсетбаевқа мүрәжәт еткен еди.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4982.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Ҳүрметке ылайық инсан

▪️ Өсербай Нуржанов 1966-жылы Хожели районында туӯылған. Әлбетте, балалық дәӯирде адамның ой-қыялы ушқыр, арзыӯ-нийетлери пәк ҳәм басым болады. Тилекке қарсы, көпшилик жағдайда бундай талпыныслар өзгерип, мийнет жоллары басқа тәрепке бурылыс жасайды. Басқалар қатары ол да кишкене ўақтында әскерлер қатарында хызмет атқарыӯды мақсет ететуғын еди. Жыллар өтип мектепти, соңынан Нөкис политехника техникумын жақсы баҳалар менен тамамласа да, сол баяғы әскерий хызметкер болыӯға деген қызығыӯшылығы тарқамады, балалықтағы арзыӯ-нийетлери оны сирә тәрк етпеди.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4976.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Достымның соңғы хаты

▪️ Хожанияз бенен қәдирдан дос едик. Бир-биримизди жақсы түсингенбиз. Усы сүйикли газетаның 2023-жыл, 28-сентябрьдеги санында «Анық мақсетине ерискен спортшы» атамасында ол ҳаққында мақалам жәрияланды. Сонда қуўанғанын айтпайсыз ба?! Ол жеңил атлетиканың ядро ылақтырыў түри менен шуғылланып келди. Нөкис олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында тәлим алды. Билимин еле де тереңлестириў ушын өткен жылы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студенти болды. Грант тийкарында оқып атыр еди. Хожанияз жигирма жасында ойламағанда қолынан айырылады.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4988.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️ Қобыз-дуўтар соғыўшы уста өнерментлер

▪️ Қарақалпақстан Республикасы «Жыраў бақсылар жәмийетлик бирлеспеси» 2024-жыл халықты исбилерменликке тартыў мақсетинде, «Қарақалпақ миллий саз әспабы болған қобыз-дуўтар соғыўшы уста өнерментлерди қоллап қуўатлаў» атамасы менен исленген жойбар тийкарында мәмлекетлик гранты жеңимпазы болған еди.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4985.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
▪️Жер участкаларын меншиклестириў

▪️ Аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында 728-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы кабыл етилген.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4993.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
💰 «Қарақалпақстан жаслары» газетасына жазылыў баҳасы қанша?

📬 Өзиниң 90 жылдан аслам тарийхына ийе, бүгинги күнде жаслардың жәмийетлик — сиясий газетасына айланған «Қарақалпақстан жаслары» газетасына жазылыў баҳалары төмендегише:

🔹 1 айға жазылыў баҳасы — 32 мың 182 сум;
🔹 2 айға жазылыў баҳасы — 64 мың 364 сум;
🔹 3 айға жазылыў баҳасы — 96 мың 546 сум;
🔹 4 айға жазылыў баҳасы — 128 мың 728 сум;
🔹 5 айға жазылыў баҳасы — 160 мың 910 сум;
🔹 6 айға жазылыў баҳасы — 193 мың 92 сум;
🔹 7 айға жазылыў баҳасы — 225 мың 274 сум;
🔹 8 айға жазылыў баҳасы — 257 мың 456 сум;
🔹 9 айға жазылыў баҳасы — 289 мың 638 сум;
🔹 10 айға жазылыў баҳасы — 321 мың 820 сум;
🔹 11 айға жазылыў баҳасы — 354 мың 2 сум;
🔹 1 жылға жазылыў баҳасы — 386 мың 184 сум.

🗞 Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, газета ҳәптесине 1 рет шығады. Егер сиз газетаны мәнзилге жеткерип беретуғын почта хызметинен пайдаланатуғын болсаңыз суммаларда кишигирим өзгерислер болыўы мүмкин.

☑️ Басқа да қызықтырған сораўлар бойынша @bek_ilkhomovich телеграм профилине байланысыўыңыз мүмкин. Биз сизиң пикир ҳәм усынысларыңызды тыңлаўға таярмыз.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi