Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Абитуриентлер таңлаған жөнелисинде нешинши орында турғанлығын билиўи мүмкин
Усы процесс имтиханның екинши, яғный, таңлаў басқышы жуўмақланғаннан бир неше күн өтип басланады. Соннан кейин абитуриентлер таңлаған бес жөнелисинде нешинши орында турғанлығы, қалған абитуриентлердиң нәтийжелери менен де танысыў имканиятына ийе болады.
Еслетпе! Имтиханның таңлаў басқышы 10-август күни саат 23:59 де жуўмақланды. Белгиленген мүддет жуўмақланғаннан соң абитуриентлерге жөнелислерин таңлаў ҳәм мағлыўматларына өзгерис киргизиў имканияты берилмейди.
✍️ @polatmaxsetbayev

⚡️Айлық, пенсия хәм напақалар көтериледи
❗️Президенттиң Пәрманына тийкар, 2024-жыл 1-сентябрьден баслап пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 15% ке көбейеди. Бунда:
➖пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 428 000 сум;
➖ жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 834 000 сум;
➖ майыплық пенсияларының ең аз муғдары – айына 920 000 сум етип белгиленди.
❗️1-октябрьден баслап:
➖ бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери, сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери, "Мүриўбет" интернат үйлери, балалар ҳәм меҳрийбанлық үйлери, балалар санаторийларында ислейтуғын педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдары - 15% ке арттырылды;
➖ бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдары - 10% ке көбейеди, усы бәнттиң екинши абзацында нәзерде тутылған хызметкерлер буған кирмейди;
➖ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары - айына 1 155 000 сум;
➖ базалық есаплаў муғдары - 375 000 сум етип белгиленди.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Тараўларда лаўазымлы басшылар жаслар менен ушырасып, олардың машқала ҳәм усынысларын тыңлап, жақыннан сәўбетлесиўи жаслар турмысындағы көплеген машқалалардың шешим табыўына ҳәм жаслардың мақсетлерине ерисиўине тийкар болмақта.
Кегейли районында өткерилген «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы да район жасларының кеўлиндеги қәлеўлерин, усынысларын ҳәм мақсетлерин жеткериўи ушын кең атмосфера бола алды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлер күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы
Онда Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«ДЎСТЛИК» ордени менен
Узакбаев Адилбай Азатбаевич – Нөкис районындағы «Qárekeń Sazanı» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы;
«ШУҲРАТ» медалы менен
Юлдашев Хуршид Рузмаметович - Төрткүл районындағы «Тўрткўл шиша идишлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестириўшиси.

💬 Презентацияда, бәринен бурын, жасалма интеллект бойынша нызамшылық базасын жаратыў керек екенлиги атап өтилди. Жасалма интеллектти енгизиў стратегиясын ҳәм еки жыллық жойбарлар бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Жасалма интеллект технологиялары орайын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бир ҳәптеде бир бет қағыйдасы 📖
- Көпшилик адамлар ҳәзир көп китап оқый алмаўдан қыйналады. Буның шешими жүдә аңсат.
* Бир ҳәпте даўамында күнине тек бир беттен китап оқыўды баслаң. Улыўма көбейтпең, 2 бет те болмасын.❌
* Кейинги ҳәпте 2 бетке шығың. Және бир ҳәпте 2 беттен оқың.
* Ҳәр кейинги ҳәпте бир беттен қосып барың. 📈
1 ҳәпте - ҳәр күни 1 бет
2 ҳәпте - ҳәр күни 2 бет
3 ҳәпте - ҳәр күни 3 бет...
52-ҳәпте - ҳәр күни 52 бет
*Бир жылда 52 ҳәпте бар. Бир жыл даўамында, сол бир бет қағыйдасын орынлай алсаңыз, жылдың ақырында 52 бетти емин-еркин(аңсат📗📘📙) оқый алатуғын дәрежеге шығасыз.
* Ҳәр күни 52 бет китап оқыған адам, бир ҳәптеде бир орташа китап оқып болады. Жылына 5️⃣2️⃣ китап!

⚡️Қараөзек районында жасларға турақ-жайлар тапсырылды
Мәмлекетимизде бағыўшысын жоғалтқан, ата-анасы қарамағынан айырылған балаларға айрықша итибар қаратылып, социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 9-август күнги 5216-санлы қарарына тийкар Қараөзек районындағы «Есимөзек» АПЖда жасаўшы Бахтияр Пахратдинов ҳәм «Ата мәкан» МПЖ аймағында жасаўшы Адилбай Палўанбаевларға жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды.