Paziyletuz | Рәсмий канал
81.1K subscribers
27K photos
3.92K videos
34 files
32.4K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ибрат

Өмирлик жолдасыңыз мақтаўға ылайық ис қылған болса, они мақтаўға еринбең! Өйткени, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким адамларға шүкир айтпаса, Аллаҳқа шүкир қылмаған болады", деген. (Имам Термизий рәўияты). Демек сизге жағатуғын мазалы аўқат писирген болса, кийимлериңизди тазалап, азада қылып қойған болса, ҳәйелиңизге раҳмет айтыўды умытпаң.

Ҳаялыңызды айыплап, урысыўды тоқтатың. Сизге қылған иси мақул болатуғын ағайын-туўысқаныңызды мақтап, оған салыстырмаң.

Шайх Юсуф Хаттор Муҳаммад "Шаңарақ - бахыт орны" китабы

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Әмиўдәрья районында Жума намазын оқыды

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Әмиўдәрья районында хызмет сапарында болды. Райондағы «Ноғай ийшан» мешитиндеги қурылыс-ремонт жумыслары менен танысты. Басқа да мешитлердиң әтирапындағы бәҳәрги егис жумысларына таярлық, тазалаў ҳәм абаданластырыў жумысларын кѳзден кеширди, имам-хатиблерге тараўға тийисли тапсырмалар берди.
Сапар даўамында «Ҳажы ийшан» мешитинде «Динимизде зыярат әдеплери» темасында жума тезиси баянатын жасады ҳәм жәмәәтке жума намазын оқып берди.
Жәмәәт пенен ушырасыўда илим алыў пазийлети, перзентлеримизди кәсипке бағдарлаў, ҳадал кәсип ийелеўге қызықтырыў, дәбдебебазлық ҳәм ысырапкершиликтиң алдын алыў, экстремизм ҳәм терроризм иллетлериниң жаман ақыбетлери, миссионерлик иллетлерине қарсы гүресиўимиз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти.
Жума намазынан соң жасы үлкен нураныйлер менен сәўбелесип, елимиздиң тынышлығы ҳәм қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #тәрбия

АНАҒА ХЫЗМЕТ – ГҮНАЛАРДЫ ӨШИРЕДИ

      Бир адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:
«Я Расулуллаҳ, мен үлкен гүна иследим. Енди мен ушын тәўбе бар ма?», деп сорады.
Сениң анаң бар ма? – сорады Пайғамбар алайҳиссалам.
– Яқ –деп жуўап берди.
– Сениң анаңның әжапасы яки сиңлилери бар ма?
– Аўа.
– Оған жақсылық ет – деп буйырды Расулуллаҳ.

   Термизий рәўият еткен.

     Шолыў: Анаға жақсылық етиў қаншелли уллы ис екенине қараң! Бул ис гүналардың кеширилиўине себеп болады екен. Егер ананың өзи қайтыс болған болса, ананың әжапасы ямаса сиңлисине жақсылық етиў де гүналардың кеширилиўине себеп болады екен.
     Перзент ата-ананың хызметинде ҳәр дайым тақ турыўы, ҳәттеки ата-ана мусылман болмаса да, олардың разылығын табыўы керек болады. Олар қайтыс болғаннан кейин шәрият ҳүкмине көре ҳақларын орынлаўы лазым болады ҳәм ата-анасының жақынлары менен қарым-қатнасты үзбеўи керек.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Muslim.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия #ҳикмет

Тәрбиялық нәсият

   Бәлким перзентиңиздиң әззилиги менен ырысқыланып атырған шығарсыз. Егер сен ақыллы болып, ақылы пәс бала менен мүсийбетленген, сыналған болсаң, оның неге ақыллы емеслигин түсинбей атырған болсаң, буннан ғәзепленбе. Яғный, қатты тәшўиш шекпе. Себеби, итаатлы ақылы пәс бала итаатсыз ақыллы баладан жақсырақ. Қаншелли ақыллы, бирақ итаатсыз балалар ата-аналарына қыйыншылықлар келтирген. Ҳәттеки, олар қәнекей бул баланың ата-анасы болмасақ деп арзыў еткен.

📖 Мустафа Сибаийдиң "Турмыс маған сондай тәлим берди" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #дуўа

Түнде оқылатуғын дуўа

      Әбиў Саъийд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
      «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
      «Ким өз төсегине жатқанында, үш мәрте «Астәғфируллооҳәл Азийм. Ләә иләәҳә илләә ҳуўәл ҳайюл қойюўм ўә әтуўбу иләйҳи» десе, Аллаҳ оның гүналарын мағфират қылады. Олар теңиздиң көбигиндей болса да. Олар теректиң жапырағы санындай болса да. Олар төбешиктиң қумы санындай болса да. Олар дүнья күнлериниң санындай болса да», – деди».
      Термизий рәўият қылған.

      Шолыў: Бул рәўиятта зикир етилген дуўаның мәниси төмендегише: «Жоқары ҳәм Уллы болған Аллаҳтан мағфират сорайман. Оннан өзге илаҳ жоқ. Ол – тири ҳәм даўамлы қайым».
Усы дуўаны ядлап алып, жатыўдан алдын оқып жатсақ, гүналарымыздың кеширилиўине ерисемиз, иншааллаҳ.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ӘЗИЗЛЕР!!!


🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

Күшли самал болғанда оқылатуғын дуўа

«Аллоҳумма инний ә’сәлукә хойроҳә ўә хойро мәә фийҳәә ўә хойро мәә урсиләт биҳи ўә аъуўзу бикә мин шәрриҳәә ўә шәрри мәә фийҳәә ўә шәрри мәә урсиләт биҳи!

Мәниси: «Аллаҳым, мен Сеннен бул (самал)дың ҳәм ондағы нәрсениң, оның менен жиберилген нәрсениң жақсылығын сорайман. Оның ҳәм ондағы нәрсениң, оның менен жиберилген нәрсениң жаманлығынан пана сорайман»

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 12-апрель күнги намаз ўақытлары

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тилек

🍂🌹 Аллаҳ сизге бергенине разы болыў менен өмир зийнетли болады!

🍂☺️ Мыйық тартып жүриў менен машқалалар жеңиллеседи!

🍂📿 Истиғфар менен мүтәжликлер қандырылады!

🍂📿 Дуўа менен мүшкиллер аңсат болады!

🍂📿 Және бир таң, және бир үмит, және бир имкәният берген Раббимизге ҳәмдлар болсын!

🍂☀️ Күниңиз қайырлы, берекетли, ең әҳмийетлиси дүнья ҳәм ақыретиңиз ушын пайдалы өтсин!


Күниңиз қайырлы ҳәм берекетли өтсин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

                 ЕРТЕ ТУРЫЎ

     Ҳәр исти жақсы нийет пенен ерте таңда баслаўдың ҳикмети көп.   Оқыўшы ерте турып сабағын оқыса, илиминде берекет болады. Сапарға ерте турыў менен атланса, гөзленген мақсетке ерисиледи. Булардың бәри тәжирийбеден өткен нәрсе.   Ерте турған адам сол күнниң берекетин сезеди.  Ал, кеш турған адам болса сол күнин жоғалтқанын кеш түсиниўи мүмкин. Егер сезгенде ғәплет басып жатпас еди.
     Сахр ибн Ўадаъа Ғомидий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Я Аллаҳ, үмметиме ерте турыўында берекет бер», – деген.
(Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты).

     Ерте турған адамға Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дуўасының берекети бар.
     Фатийма разыяллаҳу анҳу айтады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мен жатқанымда алдымнан өтип қалды. Сонда мени оятыў ушын аяғы менен түртти ҳәм: «Ҳәй қызым, тур ҳәм Рәббиңниң беретуғын ырысқысына гүўа бол, ғәплетте қалыўшылардан болма. Әлбетте, Аллаҳ таала таң менен қуяш шығыў арасында бенделердиң ырысқысы бөлистиреди», – деди
(Байҳақий рәўияты).

     Ерте турыўдың берекети ҳаққында сөз болғанда қой менен ийт салыстырылып тилге алынады. Қой алты айда бир, гейде еки қозы туўады. Ал, ийт үш айда жети-сегизге шекем күшик туўады. Қойлар тынбай сойылып желинеди, ийттиң гөши болса ҳарам. Сондай болса да, ийт көбеймейди, ал қой көбейип кете береди. Оның берекетли болыўының себеби – қой таң ўақтында уйқыламайды. Ал, ийт түни менен үрип, таңда уйқылап қалады.

     Өткен солиҳлардан бири: «Таң намазын күн шыққаннан кейин оқыйтуғын адамның қандай ырысқыланыўына ҳайранман», – деген екен.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🌻 Ислам дининиң ҳаялларға мүнəсибети

🌸 Ҳаял-биринши нəўбетте ана, үй бийкеси, ажапа-қарындас, қыз-перзент. Ҳаял саламат болса- жəмийет саламат болады. Себеби келешек мийўеси болған перзентлер аналар себебли дүняға келеди. Оларға басланғыш тəлим-тəрбия ҳəм əдеп-икрамлылықты ана ҳəм апаларымыз үйретеди. Сондай екен, келешек перзентлеримиз салиҳ болыўы бүгинги күн ҳаяллары салиҳа болыўына ҳəр тəреплеме байланыслы.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Кемшиликсиз инсан жоқ

Ҳақыйқый еркек ҳаялы ҳарам, шәриятқа қайшы келетуғын ислерди қылмай атырған болса қалған кемшиликлерине көз жумыўы керек болады.
Өз гезегинде ҳаял адам да жоқарыдағы еркектен талап етилген исти қылыўы лазым. Бул шаңарақтың бахытлы болыўының ең тийкарғы себепшиси болып есапланады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Әлий разыяллаҳу анҳу айтады: Бенде билмеген нәрсесин сорап үйрениўден хәм билмеген нәрсеси соралғанда "билмеймен" деп айтыўдан уялмасын!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Ата-ана разылығы...

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM