Nukus.uz
5.31K subscribers
16.1K photos
3.37K videos
21 files
7.24K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Шаққан исбилермен

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы ҳәкими Утемурат Панаев халық пенен жүзбе-жүз ушырасты

"Инсан қәдири" басламасы тийкарында мүрәжатлар тыңланды. Ҳәр бир мүрәжатты үйренип, тийисли тәртипте шешим бериледи -деди У.Панаев


Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығының қутлықлаўы, "Арал"дың Про-Лигасы...

Бүгин футбол миллионлар ойыны, деген гәп ескирди, ол миллиардлар ойынына айланды. Бугин футбол кирип бармаған үй жоқ, оны тамаша қылмайтуғын адам шенде-шен. Өзиниң "ҳук", "зиги-зага"сы менен фанатлары кеўлинен беккем орналасқан команда - бул "Арал"...
"Арал"... Бир пайытлар бул сөз қулағымызға шалынса, теңиз көз алдымызға келер еди. Ҳәзир бул сөз көбирек бизге футбол теңизи есапланған "Арал"ды еслетеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында Биринши лиганың 28-тур беллесиўинде жеңиске ерискен ҳәм Про-Лигада ойнаў имканиятын қолға киргизген “Арал” командасы футболшылары менен ушырасыў  болып өтти. Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев футболшыларды ерискен табысы менен қутлықлап, оларға жаңа табыслар жолдас болыўын тиледи.
Соң “Арал” командасы футболшылары, клуб тренерлерине ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилерин тапсырды. 

📲 Kar24.uz рәсмий каналлары

Telegram | Instagram | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Дуньяның ең сулыў "монументлери" зорлыққа қарсы

Нөкис қаласы ҳәкимлиги "Шанарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў"  бөлими ҳәм қалалық ишки ислер бөлими менен биргеликте "25-ноябрь - Халықаралық ҳаял-қызларға басым ҳәм зорлық көрсетиўге қарсы гүресиў күни" мүнәсибети менен "Биз зорлыққа қарсымыз" атамасында илажда қаламыз мәҳәллелериндеги ҳаял-қызлар белсенделери қатнасында болып өтти.
"Зорлыққа қарсы гүресиў" жазылған плакатларда қалып кетпеў керек. Аймақтағы белсендилери мәҳәлледиги ушырасқан зорлыққа ҳаял-қызлардың "тез жәрдем" и болып ўазыйпасын атқара билсе, әлбетте нәтийжеге ерисемиз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Оқыў семинары шөлкемлестирилди

Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябр күнги “Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери тәрепинен әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 595-санлы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған   семинар болып өтти.
Семинарға қала ҳәкими У. Панаев, 4 сектор баслықлары, қала ҳәкимлигиниң хызметкерлери, әдиллик бөлими, қалалық мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшылары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Семинарда zoom платформасы арқалы шығып сөйлеўшилер, қарардың мазмун-мәнисин кең түрде түсиндирип, алдағы исленетуғын ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти.

Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде терек егиўге қатнасты

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter
e-auksion.uz арқалы ашық аукцион ҳәм таӊлаўларда қатнасыӊ!
Қарақалпақстан Республикасы бойынша
саўдаға шығарылған мүлклер менен танысыӊ.
e-auksion.uz

🔸 56 мәмлекет активлери (қараңыз)
🔹 517 ижараға берилетуғын мәмлекет мүлклери (қараңыз)
🔹 2090 дийхан хожалығы жерлери ижарасы (қараңыз)
🔸 128 көшпес мүлклер (қараңыз)
🔹 158 автотранспортлар (қараңыз)
🔹 1501 исбилерменлик ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 234 жеке тәртипте уй-жай қурыў ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 145 жаслар санаат зоналары ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 321 киши санаат зоналары ушын жер участкалары (қараңыз)
🔸 104 қазылмаларды қазыў ушын жерлер (қараңыз)
🔹 44 сыртқы рекламаны орнатыў ушын жерлер (қараңыз)
🔹 40 арнаўлы техникалар (қараңыз)
🔹 227 "O'zpaxtasanoat" AЖ мал-мүлклери (қараңыз)
🔹 1889 көшпели саўда орынлары (қараңыз)
🔹 275 "Ўзагрокимёҳимоя" АЖ мал-мүлклери (қараңыз)

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
⚡️"Мастер жойбар" ислеп шығыў бойынша ең жақсы жойбар ушын таңлаў жәрияланады
 
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 4-октябрь күнги 548-Ф-санлы Бийлигиниң 4-бәнти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 17-октябрь күнги 252-13-0-Ф/22-санлы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Нөкис қаласындағы «Халықлар дослығы» ҳәмде «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм оған тутас аймақлардағы мәҳәллелерди раўажландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компания»сы буйыртпашылығында аймақларды раўажландырыўдың бирден-бир концепциясы - “Мастер-жойбар”ын ислеп шығыў бойынша хызметлер тараўы раўажланған мәмлекетлердиң консалтинг, архитектура ҳәм жойбарлаў компаниялары экспертлери менен биргеликте “Мастер-жойбар”ларды ислеп шығыў бойынша қосымша ең жақсы усынысларды әмелге асырыў бойынша таңлаў дағазалайды.

🔷Мақаланы толық оқыў

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Депутат "бир оқ пенен еки қоян атты"

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутатлары Зухра Палўанова  қаламыздағы «Қызылқум» мәкан пуқаралары жыйыны аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында көрсетилген ўазыйпалар шеңберинде әмелге асырылған жумыслар менен танысты,  қәнигелер ҳәм де аймақ турғынлары менен сәўбетлесиўлер өткерди.
"Қызылқум" аймағындағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алып, олардың денсаўлықлары бойынша машқалаларын үйренди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәким ҳәм жаслар

Нөкис қаласы ҳәкими Утемурат Панаев  "Гүзар" МПЖ турғынлары П.Жаңабаева, А.Жумамбетова, Ж.Джаббанов, Б.Нийетуллаевтың ЖОО шәртнама пуллары төлеп берилетуғын болды
ҳәм де З.Тансықбаеваның баласының денсаўлығын тиклеўде депутларға усыныс киргизилип "Сақаўат ҳәм көмек" қоры есабынан қаржы ажратыў ушын усыныс киргизиледи.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Пайтахтымыз мийманлары пикири

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress