#Медиа_тур
Кекселеримиздиң саяхаты шөлкемлестирилди

Қаламыздағы "Таслақ елаты " МПЖ да жасаўшы 30 дан аслам кексе нураныйларымыз усы жылдың 26-ноябрь күни Хийўа қаласына саяхаты қалалық "Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў" бөлими тәрепинен шөлкемлестирилди.
Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн сессия
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң
отыз жетинши сессиясынан тиккелей эфир
Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
#Жасыл_макан

Инсан хәм тәбият ортасындағы мүнәсибетлерди жақсылаў, олардың қоршаған орталыққа болған ҳүрметин асырыў, елимизде жасыл аймақлардың көлемин арттырыў мақсетинде "Актуал 40 күнлик" жәрияланған еди. Мине, усы жойбарды әмелге асырыў мақсетинде Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы жәмәәтиде белсене қатнасып, Дослық каналы бойларына 100ден аслам декоратив терек нәллерин отырғызды. Сондай-ақ, Дослық каналы әтирапларында абаданластырыў жумысларында әмелге асырды. Бундай илажлардың өткерилиўи қаламыздың шырайына- шырай, көркине -көрик косыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн сессия
Сессия даўам етпекте ҳәм
депутатлар тәрепинен қызғын додаланбақ.
Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
Усы жылдың 25-ноябрь күни пайтахтымыздағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими ҳәм қалалық халық билимлендириў бөлими менен биргеликте 1-декабрь-Қарақалпақстан Республикасы “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамының қабыл етилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен “Ана тилим, халқым менен мәңги биргесиз” атамасында фестиваль шөлкемлестирилди.
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ Нуратдинов, Нөкис қаласы ҳәкими мәсләҳәтшиси Б.Абдиреймов, Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлими қәнигеси Д.Айтмуратовалар кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, фестивальға белсене қатнасқан муғаллимлерге ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Фестиваль улыўма билим бериў мектеплери муғаллимлери тәрепинен таярланган қосық-тақмақлар, сахналық көринислер ҳәм әдебий композициялар менен даўам етти.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
Nukus.uz
Photo
Бүгин, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң
отыз жетинши сессиясы болып өтти.

Сессия хаткери етип 27-санлы «Анасай» сайлаў округинен қалалық Кеңеске депутат Турданов Азамат Толибаевич усынылады.

1.Нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаў, жынаятшылық ҳәмде ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыў бағдарында Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында.
2. Ҳуқықбузарлық ҳәм жынаяттың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында.
3. Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Нөкис қалалық бөлимшеси жанында шөлкемлестирилген “Сақаўат ҳәм көмек” қорына түскен қаржыларды мақсетли ҳәм мәнзилли сарыплаў ҳаққында.
4. “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген ҳаялларды кәсип-өнерге үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғалыўын күшейтиў ҳәм машқалаларын унамлы шешиў бойынша.
5. “Жаслар дәптери”не киргизилген жасларды кәсип-өнерге үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғалыўын кушейтиў ҳәм машқалаларын сапластырыў бойынша.
6. Нөкис қаласы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары тәрепинен 2021-жылдың 10 ай даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында
7. Нөкис қалалық медицина бирлеспеси тәрепинен 2021-жылдың 10 ай даўамында алып барылған жумыслары ҳаққында есабатлары тыңланды.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress