Nukus.uz
Photo
Қарақалпақ баласының Жаңа Өзбекстанға қәдеми
Нөкис қаласындағы "Шымбай гүзары" елаты кеңейип, оннан "Жасыл бағ" аймағы өз алдына бөлинип шыққанына еки жылға шамалас ўақыт болмақта. Бул пуқаралар жыйынлары
Нөкис районы аймағына шегаралас болып, яғный,қумлы даланлыққа жеке турақ жайларға қоныс басқанлардың көпшилиги жаңа басқа шыққан жас хожалықлар болып есапланады.
"Үлкен үйге не керек болса,
Кишкене үйге де сол керек" дегениндей, жаңа елаттың ишки жоллары, мектеп, балалар бақшасы, жөнелисли маршрутлар бәри-бәри керек еди.
Бүгинги күнде халқымыздың жасаў шараятларын мүнәсип турмысқа айландырыў ушын мәмлекетимиз тәрепинен салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Солардың бир сыпатында, "Жасыл бағ" МПЖ аймағында 400 орынлық 54-санлы улыўма билим бериў мектеби бой көтерди.
Аймақтың ишки айланба көшелерине 5 км асфальт жоллар төселип, жаңадан жөнелисли маршрутлар, автобуслар халыққа хызмет көрсетпекте.
Үйиниң қасынан таза мектеп салыныўы, сол жерде жасаўшы аға-инили Айдос, Захид Әсембаевлар ушын үлкен жаңалық болды.
Олар усы жаңа мектеп қурылмастан бурын, үйинен бираз қашықлықта жайласқан мектеплердиң бирине баратуғын еди.
Кишкене сәўбетлеслеримиз, келешекте белгили футболистлер қатарында болыўын, бири Бахадыр Жалалов киби боксшы болыўын арзыў ететуғынлығын мақтаныш пенен айтты.
Биз де тилекши болып, олар менен хошластық.
Быйыл, Нөкис қаласындағы барлық улыўма билим бериў мектеплерине 1-классқа 6825 оқыўшы қабылланыўы күтилмекте,-деп хабар береди, қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими хызметкери Еркин Гүлманов.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/nukuspress

Нөкис дуньясы
Бул жерде сизиң балаларыңыз оқыйды, бул сизиң көшеңиз.
Нөкисте сиз жасайсыз ҳәм бахытлы өмир сүресиз.
Досларыңыз, қурдасларыңыз бенен Нөкис ақшамында сейил етип, Инсан қәдирин сезинесиз.
Нөкис қаласында жаңадан IT-PARK имәраты бой көтерди.

#Процесс
#Ибрайым Юсупов көшеси
Нөкис сизди көзге көринбес дийўаллары менен қорықлай алады
-Ол дийўалларды биз көрмей турмыз ғой?!
-Ол қорған... Оны көриў, услаў мүмкин емес!
Ол Нөкисшилер жүрегинде жасырынған, оны сезип билиўимиз керек.
Биз аўызбиршилигимизди шын жүрек пенен сақласақ, бир-биримизге меҳрийбанлығымыз бул ҳәр қандай дийўалдан беккем емес пе?
Дунья ареналарында Өзбекстан ана Ўатанымыздың байрағын қыйыншылықларға қарамай, жеңиске ерискен мәўритлериндеги Олимпиада чемпионлари киби биз де бир күнлери аўыр экологиялық шараятлардан өтип, раўажланған мәмлекет болып келешекке өзимизден абат ел қалдырамыз.
Исенебериң!
Ким ойлапты дейсең, бир заманлары Нөкис "Жасыл мәкан" боларын.
Ким қиял етипти, Нөкис ақшамларында аймақлар көшесинде жулдызлар дым жақын нур шашады,деп!
Дийўалларымызды тастан емес меҳирден қурсақ, Нөкистеги бәрше жаңалықларды инсаныйлық, адамгершилик көз бенен көре билсек, кемшиликлерди "сабаққа дизе бермесек" бәрше жақсылықлар еле алдында бола береди. Ол ҳеш қашан теўсилмейди!