Nukus.uz
4.61K subscribers
17.5K photos
3.55K videos
22 files
7.49K links
Download Telegram
#Онлайн
Париж-2024 жазғы олимпиада ойынлары болып атырған бир мәўритте Нөкис қаласында ...

Нөкис қаласы Төрткүл гүзары бойындағы темир жоллары үстинен өтиўши "бийик көпир" ге асфальт жоллар төселмекте.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Он үш жылдан соң аўылға қайтыў

Нөкис қаласы "Наўқан бағ" МПЖ турғыны Анар Сатуллаева он үш жылдан берли шет елде миграцияда жүрген еди.
Қазақстан Республикасы Қулсары қаласында той кешелери ушын арнаўлы тигиншилик цехта жумыс ислеген Анар, ҳәзирде мәҳәлле баслығы усынысына тийкар, жеңиллетилген кредит алып, өмирлик жолдасы менен бирге шаңарақлық исбилерменликти жолға қойып, Нөкис қаласы аймақларына тойларда қолланатуғын декорациялық безеўлерди ижараға берип, дәраматлы болып отыр.

-Он үш жыл ўақтым бийкарға өтип кеткендей, поездан түсиў, аўыл сағынышы... налымайман шүкирмен. Тигиншилик пенен аўылда шуғыллансаң да болар екен. "Алыстан арбаланғанша, жақыннан дорбалан" дегендей, үйимнен кирип-шығып жумыс ислеп атырман,-дейди Анар.

Бурын тойларымыздың декорациясы неке жүзиги ямаса аққуўдың сүўретлери гилемге пахта менен салынатуғын еди.
Адамлардың жақсы жасағанынан болар, жылда ҳәр қыйлы үрдислер кирип келип, тойларымыз да заманагөй болып өтпекте.
Жеткизгенине шүкир!

https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Пайтахтымыз заманагөй қалаға айланыўы ушын ажағалар хызметте

Нөкис қаласының ҳәр бир аймағында ғажжа-ғаж қурылыс жумыслары болып өтпекте.
"Бийик көпир"ге асфальт төселген болса, режеде "Шымбай шайхана" МПЖ Т.Мәтмуратов көшеси пуқараларға 24/7 бағдарламасы бойынша хызмет етиўди жолға қойыўдың басланғыш жумыслары шөлкемлестирилмекте.
Сондай-ақ, қала аймағындағы түнги шырақлар оңланып, жаңаларына алмастырылмақта.
Булардың барлығы Инсан қәдири ушын!

https://t.iss.one/nukuspress
Хабарландырыў                                       
Нѳкис қаласы  «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Мәртлик көшеси бойындағы Д-159мм орта басым газ тармағында ҳәм «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны Нөкис-Шымбай авто жолы бойындағы Д-273мм жоқары басым газ тармақларында оӊлаў жумысларыныӊ алып барылыўына байланыслы, «Қумбыз аўыл» (1039 хожалық), «Шымбай гузары» (1895-хожалық) ҳәм «Жасыл бағ» (1137-хожалық) мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы жеке хожалықларға ҳәм мәкеме, кәрханаларға тәбийғый газ жеткерип бериў 2024-жыл 1-август  күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем тәбийғый газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлим етемиз.
#Процесс
Жаңаланыў қәдемлери

Нөкис қаласы аймағындағы А.Досназаров көшеси жолларына асфальт жоллар төселмекте.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Наўханбағ МФЙ

"Сайхунобот тажрибаси" мисолида
70 ёшли аёл бугун, томорқада ер чопиш билан икки сотих ердан ҳар мавсумда 10 млнгача қўшимча даромат топмоқда

Ҳаёт ечилиши керак бўлган бир муаммо эмас, тажриба қилиниши керак бўлган ҳақиқат.

Изоҳ: ушбу видеолавҳада билдирилган амалиёт кишини хулоса чиқаришга чорлайди.

https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин Нөкис қаласы ҳәкими қаладағы 4 сектор басшылары қатнасында сырт елде жүрген пуқаралар менен сәўбетлесиўлер алып барды.

Сыртқы миграцияда жүрген пуқараларды қоллап-қуўатлаў ушын қалалық 4 сектор басшылары қатнасында сырт елде жумыс ямаса тәлим алып атырған пуқаралар менен онлайн Zoom платформасы арқалы сәўбетлесиўлер алып барды.

Қала ҳәкими А.Данияров сәўбетлесиўлерде сырт еллердеги қаламыз жасларына миллий қәдириятларымызға жат болған иллетлерге, түрли диний ағымларға ҳәм бузғыншы топарларға қосылып қалмаўға шақырды.

Сондай-ақ, қаламыз аймағында жаратылған бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берип, шет елде жумыс ислеп атырған жаслардың қызығыўшылығы бойынша исбилерменлик басламақшы болғанларға зәрүр әсбап-үскенелер алыўға субсидия ҳәм жеңиллетилген кредитлер ажыратып бериўге таяр екенлигин мәлим етпекте.
(даўамы бар)

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Nukus.uz
Photo
#Халық_сөзи_менен_жазылды

Мәмлекеттиң шынлығы ҳәм Инсан қәдири басламасы менен адамлардың турмысындағы өзгерислер

Бүгин де қала ҳәкимлигинде пуқаралардың мүрәжатлары тыңланыўы менен бирге тутас үйренилип атыр.

Мүрәжатларды тыңлаў барысында бир мәҳәллениң ески турмысын ҳәм "Инсан қәдири" басламасы негизинде, бүгинги күнде аймақлардың жаңаша өзгерислерди олардың сөзлеринен-ақ билиў биледи.
Мысал ретинде, "Шымбай гүзары", "Қутлы қоныс" МПЖ турғынлары мүрәжатларын былай баслайды:
-Көшемизге асфальт жоллар төселди, суў, электр, байланыс хызметлери, жөнелисли маршрутлар бәри-бәри жолға қойылды. Мәҳәллемизди, мәмлекеттиң нәзеринен шетте қалған аймақлар деп айта алмаймыз.
Қала орайындағы көшелердей сулыўланып , заманагөй қалашалардың бирине айланып баратыр...
Бурынлары қумнан басқаны көрмеген балаларымызға, бир емес еки балалар  майданшалары қурып берилди.
Қәлесем, ақлықларымызды жеке меншик ямаса мәмлекетлик балалар бақшаларына қатнастырыўымыз мүмкин.
Спорт майданшаларынан да кеўилимиз тоқ-деседи.
Усындай сөзлерди еситип атырып, қала мәҳәллелериниң заманагөй сүўрети көз алдымызға келеди.

Соң пуқаралар өзлериниң денсаўлығына ямаса бәнтлик мәселелери, турақ-жайларының оңлаў жумысларына жәрдем сорап,мүрәжатларын жоллайды.

Қала ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Канназаров қатнасында  пуқаралардың  мүрәжатлары тыңланды.
Жоқарыда келтирип өткенимиздей,пуқаралардан социаллық мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түскен болып, тийисли тараў басшыларына үйрениўге тапсырылды ҳәм бәрше мүмкиншиликлерди иске салып әмелий жәрдемлер көрсетиледи.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында алып барылып атырған "Инсан қәдири" басламасына тийкарланған әмелий ислердиң бир күнлик көринислерин нәзериңизге усынбақтамыз

Мәмлекетимиз тәрепинен әмелдеги жумыс процесслери еле алдымызда толып тасып атыр.
Мәҳәллелердеги өзгерислер, "Сайхунабат тәжирийбеси" тийкарындағы жумыслар, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын мүмкиншиликлер, исбилерменлеримизге жаратылған шараятлар, кадастр ҳүжжетлери ҳәм басқа да процесслерди бир күн ишинде сәўлелендириў мүмкин емес.

Еслетпе орнында, Нөкис қаласы аймақларындағы рәсмий кадастр ҳүжжетлери жоқ 423 турақ жайлардың ийелерине кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилип берилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM