Nukus.uz
6.02K subscribers
16.6K photos
3.42K videos
21 files
7.33K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
-"Қарақалпақтардың анасымын"-
Гүлжайнар Байхараева


Нөкис қаласы "Ғәрезсизлик" мәҳәллеси турмысынан көринислер...

Даўамы бар...

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/nukuspress
Нөкис қаласында заманагөй Аквапарктың ашылыў салтанаты болып өтти

Соңғы жыллары елимизде ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыўға, халқымыздың мүнәсип дем алыўы ушын қолайлы шараят жаратыўға, жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгин Нөкис қаласы аймағында жаңадан қурып питкерилген заманагөй Аквапарк орайының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа туристлик орынның ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Улыўма 0,6 гектар майданда шөлкемлестирилген бул орынның қурылысына 6 млрд. сум қаржы жумсалып, бир ўақыттың өзинде 600 адамға хызмет етиў мүмкиншилигине ийе. Аквапаркте ықшам етип қурылған қара үйлер, балалар майданшалары, балалар ҳәм үлкен жастағылар ушын бассейнлер шөлкемлестирилген болып, халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың мазмунлы дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Жойбар иске түсирилиўи менен 40 жаңа жумыс орынлары жаратылып, жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Арнаўлы_репортаж
Нөкис қаласында заманагөй Аквапарктың ашылыў салтанаты болып өтти.

https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

-Орта мағлыўматлыман.Мийнет стажым бар. Мен жоқары мағлыўматқа ийе болыўыма мәмлекет тәрепинен қандай жеңилликлер бериледи?- Нөкис қаласы турғыны Г.Якупова.

Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети социаллық қорғаўдағы мүтәж шаӊарақлардағы ҳаял-қызларға қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеӊберинде ажыратылатуғын 2000 орын ушын усыныс алыў мақсетинде талабанлардан арзалар  https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы 30-майдан 8-июньға шекем онлайн арза қабыл етиўди мәлим етеди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ тийисли қарары менен тастыйықланған «Жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыл көрсеткишлери шеӊберинде ҳаял-қызларға таӊлаўда қатнасыў ушын усыныс бериў ҳәм оларды оқыўға қабыл етиўди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы Нызам»ға тийкар социаллық қорғаўға мүтәж шаӊарақлардағы ҳаял-қызлардыӊ таӊлаўда қатнасыўы ушын усыныс төмендеги тайыпалар тийкарында бериледи...

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳаял-қызлар машқаласы шешилип атыр ма?
Ҳикмет
Бир судья жумысын өзгертип, муғәллимшилик кәсибине өтти Таныслары оған неге бундай қарарға келгенин сорап:
- Дым жақсы судья едиң, неге сондай жумсақ креслоны тәрк етип оқытыўшы болып кеттиң?
Ол былай жуўап берипти:
- Маған келген судланыўшыларға нәзер салсам, олардың дерлик көпшилиги я оқымаған яки дурыс көз қарасқа ийе болмаған адамлар екенине гүўа болдым ҳәм өз - өзиме: "Жапырақлар менен шуғылланыўдың орнына биз түп - тамыр менен шуғылланыўымыз керек." - деп уқтырдым. Саўатсызлық қанша кем болса жынаятларда сонша аз болады. Жәмийеттиң раўажланыўы ушын сапалы тәлимниң орны бийбаҳа. Мине, соның ушында да мен муғәллимшиликти таңладым. - деп жуўап берипти.

Жоқарыдағы ҳикметте, судья муғаллим болғанлығының себеби көрсетилген.
Мысал ретинде жәмийеттеги ҳәм ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў ушын шаңарақтан баслаўымыз керек. Бундай мәселелерди жуўапкершилик пенен сезинген қаламыздағы "Ғәрезсизлик" МПЖ да унамлы өзгерислер көзге тасланбақта...
https://t.iss.one/nukuspress
Нөкис қалалық"Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" ойынлары жуўмақланды

Қаламыздағы 71 мәҳәлле жаслары ортасында "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" футбол жарысларының қалалық басқышының жуўмақлаў басқышы болып өтти.
Илажда сөзге шыққанлар жас спортшыларға республикалық ойынларда әўмет тиледи. Жарыстың қалалық басқышына 500 ден аслам мәҳәлле жаслары қамтып алынып, олардың бос ўақытлар мазмунлы өткериў ҳәм де спорт пенен шуғылланып, физикалық саламат болыўы көзде тутылған.
Илажда, Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров ҳәм қалалық сектор басшылары қатнасып, мәҳәлледеги жасларға жақсы тилеклерин билдирип, жеңимпазларға саўғаларын тапсырды.

-Мәҳәллелер ортасында спорт жарыслары аймақтағы жаслардың биригип, мәҳәлле абырайы ушын, спорт пенен шығылланғанларын талай көргенмен.
Ертең таңнан қоңсы балалар жыйналысып, үй алдынан жуўырысып өтетуғын еди.
Солардың ишинде мениң баламда бар. Бүгинги жеңимпазлар арасында перзентимди көрип, беллесиўлерди шөлкемлестиргенлерден миннетдарман - дейди П.Артықбаева.