Nukus.uz
4.56K subscribers
17.8K photos
3.59K videos
23 files
7.55K links
Download Telegram
#пресс_конференция
Алдын хабар бергенимиздей, бүгин қала ҳәкимлигинде Нөкис қаласының 2023-жыл социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2024-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында сондай-ақ социал тармақлардағы жәмийетлик пикир-усыныслар ҳәм де ондағы мүрәжатлар бойынша қала ҳәкими Абат Данияров ҒХҚ ўәкиллери болған журналистлер ҳәм блогерлер менен баспасөз конференциясы болып өтти.
ҒХҚ өзлери қызықтырған сораўларға, жуўаплар алды.
Nukus.uz
Photo
КҮННИҢ ҲАҚЫҚЫЙ ҚАҲАРМАНЛАРЫ

      Ҳаўа-райының кескин суўып кетиўи электр энергиясына болған талаптың артыўына алып келетуғыны бǝршеге мǝлим. Бул болса өз гезегинде электр узатыў тармақларында ҳǝм трансформатор пунктлеринде артықша күшлениўди келтирип шығарыўы ҳǝм олардың системадан үзилиўине себепши болыў итималлығын асырады. Усындай жағдайлардың бири 12-декабрь күни пайтахтымыздың «Сǝрбиназ» мǝкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 170-трансформатор пунктинде жүз берди. Түнги саат 22-00 шамасында артықша күшлениўди көтере алмаған трансформатор пунктиниң тийкарғы бөлеклери «күйип» кеткенлиги ҳаққындағы хабар Нөкис қалалық электр тǝмийнатына жетип барғаннан соң, авария орнына 5 хызметкер қурамындағы авариялық бригада жөнетилди.
Бригада ағзалары, өткен түнде ҳаўа температурасының -20 градустан төмен болыўына қарамастан, өзлериниң бар күш-жишерин ҳǝм шеберлигин тапсырманы тез ҳǝм сапалы орынлаўға сарыплады ҳǝм 2 саатттың ишинде жаңа трансформаторды орнатып, «Сǝрбиназ» МПЖ да жасаўшы халыққа электр энергиясын жеткерип бериўди тǝмийнледи.
       Бул, айтыўға аңсат болғаны менен орынланыўы оғада машақатлы ўазыйпа, ҳеш екиленбестен «бүгинги күнниң қаҳарманлары» деп атаўға турарлық электр энергиясы тǝмийнаты устасы Оразалы Тǝжимуратовтың басшылығындағы кишкене мийнет жǝмǝǝтиниң күнделикли жумысынан бир ғана эпизод болып табылады. Бүгинги күнде 24 саатлық ис режимине өткен тǝмийнатшылар халқымызға турақлы, үзликсиз ҳǝм сапалы электр энергиясын жеткерип бериў ушын аянбай хызмет етиўге таяр.
«ҲЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы баспасөз хызмети
Халық пенен бол!
Халық ишинде бол!


Нөкис қаласы ҳәкими А. Данияров бүгинги болып өткен, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги жетпис биринши сессиясы ҳәм ҒХҚ ўәкиллери журналист ҳәм блогерлер менен баспасөз конференциясынан соң қаламыздағы "Алланияз Қаҳарман" аймағы турғынларының мүрәжаатларын мәнзилли тыңлады.
Мүрәжаатлар жақын күнлерде сапластырылады.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Президентимиздиӊ 2023-жыл 11-апрель күни жаслар мәселелери бойынша өткерилген селектор мәжилисинде берилген тапсырмалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде декабрь айында “Жаслар бәнтлик бағдарламалары”ныӊ әмелге асырылыўы бойынша брифинг.

Қатнасыўшы: Нөкис қаласы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Азиз Пиржанов.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ашық сәўбет

Нөкис қаласында жаслардың бәнтлигин қамтамасыз етиўде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша ҒХҚ ўәкиллери менен ашық сәўбет шөлкемлестирилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Тайынлаў

Артыков Казбек Жумабаевич – Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

К.Артыков усы күнге шекем бир қатар мәмлекетлик уйымларда жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерге көтериў – ҳəр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылыўына тийкар болмақта.
Илажда мине усындай елимиз абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.

Байрам илажында көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўатан деп

Хабарыңыз бар, қала ҳәкими А.Данияров пайтахтымыз аймақларында пуқаралар менен жүзбе-жүз ушырасыўлар өткерип атыр.
Машқалалы мәселелердиң унамлы шешилиўинде бас-қас болып, қадағалаўға алып, керек жеринде жыллы сөзлерин айтып халық ишинде болмақта.
Бүгин, қаламыздағы "Жаңа базар" ҳәм "Нурлы бостан" МПЖ болып пуқаралардың мүрәжаатларын тыңлап, оларға әмелий жәрдемлер көрсетти. Атап айтатуғын болсақ, "Нурлы бостан" мәҳәллесинен Г.Шынекеева, З.Махаммадинова, А.Қыдырниязова, Г.Бостанова ҳәм А.Оразалиеваның материаллық жәрдемлер берилиўи көзде тутылды.
"Жаңа базар" аймағынан болса Ж.Тажимуратов, Н.Аўезоваларға материаллық жәрдемлер берилиўине усыныс киргизилген болса
Г.Сейбуллаева тигиўи машинасы берилди.

Гүлбәҳәр Сейбуллаеваның айтыўынша, көшеде күн суўық лекин, қала ҳәкими А.Данияров пенен ушырасыўда, мәселелеримиздиң унамлы шешилиўине жәрдемлер көрсетип атырғаны мәмлекетимиздиң Инсанлар ушын ислеп атырған ийгиликли ислерден жыллылықты сезер екенсең -дейди.

https://t.iss.one/nukuspress