Nukus.uz
4.61K subscribers
17.5K photos
3.55K videos
22 files
7.49K links
Download Telegram
Nukus.uz
Photo
#Хош_хабар

Улыӯма орта билим бериӯ мектеплери арасында шөлкемлестирилген «Ең жақсы экологиялық таза мектеп» видеокөринислер таңлаӯының жеңимпазлары анықланды

❇️Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлиги тәрепинен «Ең жақсы экологиялық таза мектеп» экологиялық онлайн көрик-таңлаӯы жәрияланған еди. Бунда Нөкис қаласындағы 46-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класлары бар улыўма орта билим бериў мектеби таңлаӯ жеңимпазы деп табылды.

❇️Таңлаӯ жеңимпазлары усы жылдың 7-июль күни Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигинде мүнәсип сыйлықланды.

❇️Жеңимпаз деп табылған билимлендириӯ мекемелерине министрлик тәрепинен қымбат баҳалы саӯғалар ҳәмде дипломлар Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министри орынбасары Дилшод Кенжаев тәрепинен тапсырылды.

✔️ Mағлыӯмат ушын, жәмийетшилик тәрепинен жеңимпазларды анықлаӯ ушын сайланды видеороликлер министрликтин Facebook социаллық тармақларындағы рәсмий таңлаӯлар бетинде жарияланды.

Даӯыс бериӯ процесслериниң жуӯмақлаӯшы нәтийжелерине бола, ең көп даӯыс топлаған билимлендириӯ мекемелери «Ең жақсы экологиялық таза мектеп» видеороликлер таңлаӯы жеңимпазлары деп табылды.

Каналға ағза болыӯ 👉  https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкисте бундайда болады екен аў?

Бүгинги қаҳарманымыз Аман аға қолы өнерли еди. Тилекке қарсы, турмыс тәшўишлери оны жүрек ҳәмри менен сүйген тараўынан узақластырған еди.
Напақаға шыққаннан соң, оның таланты уйықлатқан жоқ ҳәм бүгин де үй алдында жатырған пайдаланылған қурылыс өнимлеринен көрген көзди қуўандыратуғын дөретиўшилик жумыслар ислеп атыр.
Оның өнери жоқтан бар етиў болса керек.
Өнерментшиликтиңде көп түрлери бар. Нағыс ойыў, жай салыўшы, зергер, безекшилик, гилем тоқыўшы, гүләлшилик, ағаш уста ҳ.т.б түрлери бар. Өнер үйрениў ушын да өнер керек.
Өнерлиниң қолы алтын деген сөздиң айқын мысалы бүгинги видеоны нәзериңизге усынбақшымыз.
Мүмкин, жүрегиңизде жатырған өнериңиздиң "қайта туўылыўына" себепши болсақ әжеп емес.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
07.07.2023-ж
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 12-июньдағы ПП-93-санлы Пәрманы менен исбилерменлик субъектлерине берилген жеӊилликлер ҳәм преференцияларыныӊ мазмунын исбилерменлерге таныстырыў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги мәжлислер залында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға, Министлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Нуруллан Ерлепесов,Өзбекстан Республикасы Санаат қурылыс банк департамент баслығы Ш.Машарипов, қала ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Калимбетов ҳәм де ҳәким жәрдемшилери ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 12-июньдағы "Камбағаллықты қысқартырыў исбилерменлик субъектлери менен өзара мәплерин қатнасықларын орнатыўға қаратылған ис-илажлары ҳаққында"ғы ПП-93-санлы Парманы менен исбилерменлик субъектлерине берилген жеӊилликлер бойынша түсиндирилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Әййемги тарийх ҳәм заманагөй раўажланыўдың өлшем ҳәм дәстүрлерин үйлестирип, бир ўақыттың өзинде ҳәм Шығысқа тән гөззаллығы ҳәм заманагөй дүнья цивилизациясына үйлесимли саўлаты менен дүнья жәмийетшилигин өзине қаратқан Жипек жолы.

Биз, Уллы жипек жолы ҳаққында сөзимизди даўам етпекши емеспиз. Бул ҳаққында тарийхшылар илимий дереклерге сүйинип ҒХҚ айта берсин.
Гәп, Нөкис қаласындағы "Жипек жолы" мәҳәллеси турмысы, "Инсан қәдири" басламасы негизинде қандай өзгерислер болғаны ҳаққында аймақ турғынлары менен сәўбетлестик.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
-Көшип кетемен-деп қорқытпайсыз ба апа?

Нөкис қаласы "Ели абат" МПЖ социаллық турақ-жайда жасаўшы Светлана апа менен сәўбетлестик.
Светлана апа татар миллетли, елимизди соншелли сүйегени болса керек қарақалпақша сораўларымызды түсинип, жуўаплар берди.
Және де аймақтағы ҳаяллар белсендиси Меҳрибаныў Алламбергенова разы екенин де айттып өтти.
Кимгедур керек екенлигимди Меҳрибаныўдың тез-тезден қоңыраў етип, ҳалымды сорағанынан билемен дейди ол сөзлеринде.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳаял-қызлардың қоллап-қуўатланыўы Нөкис қаласы тәжрийбеси менен

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
“Wi-Fi” қурылмаларының зыянлы тәреплери ҳаққында билесиз бе?

“Wi-Fi” қурилмаларининг зарарли томонлари ҳақида биласизми?

Ундан уй шароитиди қандай фойдаланиш кераклигини билиб олинг.

Каналга уланиш: @Kar24Uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласы көше бийлери менен ашық-айдын пикирлести

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың машқалаларына шешим табыў жолында және қандай илажларды әмелге асырыў кереклигин белгилеп алыў мақсетинде Нөкис қаласындағы көше бийлери менен ушырасты.
Онда 2 000 нан аслам көше бийлери қатнасты. Бүгин ушырасыўдың екинши күни болып, еки күн даўамында олар менен жақыннан пикирлесилди.

Бүгинги күнде елимизде Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында бир қатар реформалар, әмелий жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан ушын айрықша қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип, турмысқа енгизилмекте.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.

Сондай-ақ, мәҳәллелерди абат етиў бойынша еле де қандай илажларды әмелге асырыў зәрүрлиги бойынша көше бийлери ҳәм белсендилер менен пикир алмасылды.

Онда көше бийлери тәрепинен мәҳәллелердеги системалы машқалалар, инфраструктура, социаллық объектлер менен байланыслы бир қатар мәселелер көтерилди.

Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалалардың шешимин табыў бойынша жеке қадағалаўына алатуғынлығы ҳәм алдағы ўақытта әлбетте, ҳәр бир машқала итибардан шетте қалмайтынын билдирди.

Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық машақатлы мийнет жолы менен бәршеге үлги болған бир қатар жасы үлкенлер «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«Ақшагүл»-бахытлы шаңарақтың аянышлы тәғдиринен гүрриң етиўши шығарма 👉👉
https://nukus.uz/2023/07/08/a%d2%9bshag%d2%afl-bahytly-sha%d2%a3ara%d2%9bty%d2%a3-ayanyshly-t%d3%99%d2%93dirinen-g%d2%afrri%d2%a3-eti%d1%9eshi-shy%d2%93arma/

https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#reportyor

Nukus shahrida "Qoraqalpoq ovuli" sayyohlarni chorlamoqda

🗓 07.07.2023

@reportyor_mahalla_tv
Uztv.tv