Nukus.uz
4.62K subscribers
17.7K photos
3.57K videos
23 files
7.52K links
Download Telegram
Қызлар әтирине аңқыған Нөкис

Бүгин, Пайтахтымызда инсанлардың кейпияты өзгеше. Қала көшелеринде 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күнинде ер жигитлер гүл көтерип, қызлар болса сәнли кийимлерин кийип байрамға өзгеше таярлық көрилгени билинип турыпты.
Жеткергенине шүкир!

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Пайтахтымыз Нөкис қаласында "Жасыл мәкан"

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мийнет ветераны Амин Таджиев:

Алдын Түйемойын суў сақлағышынан егислик майданларға шекем суў жетип бараман дегенши 48 процент суў жоғалтылатуғын еди, яғный суўдың пайдалылық коеффициенти 52 процентти қурайтуғын еди. Реконструкция жумыслары жуўмақланғаннан соң көби менен жоғалтылатуғын суў муғдары 15 процентке шекем азайып, егислик майданларына суў жетип барыўы 85 процентке шекем көбейеди. Бул өз гезегинде дийқаншылық пенен шуғылланыўшы, қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм кластерлер ушын экономикалық жақтан салмақлы пайда келтиреди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
⚡️Орайлық Азия чемпионатында он алты мәмлекеттиң спортшыларын артта қалдырды Нөкисли спортшы

Усы жылы қылышпазлық бойынша 2- 9-март күнлери Ташкент қаласында болып өткен  Орайлық Азия чемпионатында Исламбек Абдазов сыйлы І-орынды ийeледи.
Алпыс спортшы он алты мәмлекеттен қатнасқан болып бәршесинен үстин келди.
Мақтанышлысы, Исламбек Абдазовтың әкеси Руслан аға қалалық абаданластырыў басқармасында көп жыллардан берли мийнет етип келмекте.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Бүгин Конституциялық нызамның жойбары талқыланады

Бүгин, 9-март күни саат 15:00 де Олий Мажлис Нызамшылық палатасының нәўбеттеги мәжилиси болып өтеди.

Онда «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Конституциялық нызамының жойбары талқыланады.

Усы мәжилис «Ўзбекистон 24», «Ўзбекистон» телеканаллары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының рәсмий веб-сайты, «YouTube»деги каналы арқалы тиккелей эфирде көрсетиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
#Билип қойған жақсы

Нөкис қаласы "Сәрбиназ" МПЖ аймағындағы ишки жоллар яғный пиядалар жолы 1км 400 метр бетон қаплама төселди.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
Аймақ турмысы

Нөкис қаласындағы "Алтын жағыс" МПЖ ишки жоллары

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress