Енди Кушан ҳәм Гәўҳар көшелеринде де цементобетон жол қурылады
Нөкис қаласы «Сарбиназ» МПЖ болып, бул жерде режеге 6 көше киритилген, ҳәзирги ўақытта Кушан ҳәм Гәўҳар көшелеринде жумыс алып барылмақта.Көшениң ойлы-балентин бир қәлипке келтирип, цементобетон жол қурылысын баслаӯ  ушын дәслепки ойып алып ислеў жумыслары алып барылмақта.
Еслетпе, Гәўҳар көшеси узынлығы 160 метр болса, Кушан көшеси 89 метр, ени 4 метр, қалыңлығы 16 см ибарат цементобетон жол қапламасын жатқызыў режелестирилмекте.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
#Билип қойған жақсы

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде "Zhong tong" маркалы 2 дана автобус алып келинип, "Шымбай-Нөкис-Алма ата" жөнелиси бойынша жолға қойылмақта. Автобусларда жолаўшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында нызамсыз ийеленген жер қайтарылды

2023-жыл 22-февраль күни Нөкис қаласы «Жаңа базар» МПЖ аймағында Өзбекстан Республикасы Министирлер Кәбинетиниң 2022-жыл 14-апрель күнги 183-санлы «Мәмлекетлик жер ҳәм кадастр қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби ҳәмде мәмлекетлик геодезия қадағалаўын әмелге асырыў ҳаққында»ғы нызамларды тастыйқлаў ҳаққындағы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кадастр агентлиги Нөкис қаласы бөлими инспекторлары тәрепинен мониторинг жумыслары өткерилди.

Мониторинг жумыслары даўамында Нөкис қаласы «Жаңа базар» МПЖ аймағынан жер майданын өзбасымшалық пенен ийелеп алып, ҳеш қандай ҳүжжетлерди рәсмийлестирместен турақ жай имәратын қурыў мақсетинде дамба үйдирип атырған ҳалаты анықланды.Тийисли тәртипте ҳәкимшилик баяннама рәсмийлестирилди ҳәм өзбасымшалық пенен ийелеп алған жер майданларын алдынғы ҳалатына келтирип қойыў ҳаққында 15 күн мүддетке ескертиўлер берилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Суўдың да жердиң де сораўы бар

«Ескертиў»лер жәрияланбақта

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қаласы бөлими тәрепинен Нөкис қаласында жер қадағалаў жумыслары алып барылып атыр.

Үйрениўлер даўамында «Жолшылар», «Қум аўыл», «Жаңа базар» ҳәм «Шадлы аўыл» мәкан пуқаралар жыйынларында ийесин анықлаў мүмкиншилиги болмаған нызамсыз қурылған турақ жайларға «Нызамсыз қурылған турақ жайын өз ықтияры менен сапластырыўын, егер өз ўақтында сапластырмаса топланған ҳүжжетлерди суд уйымларына жиберилиўи» мазмунында «ЕСКЕРТИЎ» хатлары қыстырылмақта.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
#Онлайн_операция

У.Халмуратов атындағы Республикалық емлеўхананың хирургия бөлиминде, жоқары технологиялық кардиохирургия операциясы болып өтпекте.
Операцияны, Ташкент қаласынан келген ҳәм жергиликли шыпакерлер  әмелге асырмақта.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы ҳәкими биринши орынбасары К.Калимбетов ҳәм тийисли қәнигилер қатнасында
https://nukus.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
https://nukus.uz

"Жалоба" жоқ па?
Қолыңызды"суўық суўға" урып атырған жоқсыз ба
?

Нөкис қалалық 5-санлы шаңарақ поликлиника хызметкерлерине аймақ турғынларының пикири
Олар не демекте?

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
https://nukus.uz
Президент Қаршидаги Олий ҳарбий авиация билим юрти курсантлари билан тушлик қилди

Шавкат Мирзиёев Қашқадарёга ташрифи чоғида Қарши шаҳридаги Олий ҳарбий авиация билим юрти курсантларининг жанговар тайёргарлиги билан танишди, муассаса ошхонасида улар билан тушлик устида суҳбатлашди.

https://t.iss.one/nukuspress
#Билип отырған жақсы

Нөкис қаласы "Алтын жағыс" МПЖ аймағында пиядалар жолы салынбақта.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Билип қойған жақсы

Нөкис қаласы "Жаңа базар" МПЖ аймағына жаңа имәрат бой тиклемекте.
Ол қандай имәрат болды?

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress