36-мектеп | Рәсмий канал
667 subscribers
4.37K photos
482 videos
19 files
232 links
Қоңырат районы Д.И.Менделеев атындағы 36-мектеп
Mүрәжат ушын:👉 @Piyratdin
Instagram:👉 https://www.instagram.com/p/CZuX_E1tAvS/?utm_medium=copy_link@qonirat_36_mektep
Facebook:👉 https://www.facebook.com/groups/227376292593658/permalink/342734427724510/
Download Telegram
Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған бул қутлы әййям күнлеринде пүткил мусылман әлеми ушын муқаддес Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бәршеңизди қызғын қутлықлаймыз.

Ҳәммениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде ең дәслеп усындай қутлы ҳәм пазыйлетли күнлерге мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз. Сиз әзизлер менен бирге және бир мәрте мүбәрек Рамазан айының шәпәәти ҳәм пазыйлетлерин көриў несип етти.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.
Алла-тааланың рейими жаўылатуғын усы қутлы ҳәм берекетли күнде сизлерди Рамазан ҳайыты менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Мүбәрек Рамазанда қылған барлық жақсы нийет ҳәм дуўаларыңыз қабыл болсын!


👉 @mektep36mendeleev 👈
Қоңырат районы Ҳалық билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылардың бос ўақытларынан үнемли пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде Хива қаласына саяхат шөлкемлестирди.

👉 @mektep36mendeleev 👈
Қоңырат районы Ҳалық билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылардың бос ўақытларынан үнемли пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мойнақ қаласына саяхат шөлкемлестирди.

👉 @mektep36mendeleev 👈
Ертең 4-май күни сағат 9:00 де 5-6-7-класс оқыўшылары арасында спорттиң "Футбол" түринен Лиганың V-басқышы болып өтеди.
Команда да 7 оқыўшы болады.


Каналымызға қосылыӊ:
👉 @mektep36mendeleev 👈
🇺🇿«2023/2024 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ» сораўнамасына старт берилди

«НЕ ЖАҢАЛЫҚ» телеграм каналы Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама өткереди.

Социаллық сораўнама 2 басқышта болып өтеди ҳәм жеңимпаз @mekteplerbot телеграм ботында даўыс бериў жолы арқалы анықланады.

😀-басқыш аймақлар бойынша болып өтеди. Бул басқышта қайсы мектеп өзиниң қаласында ямаса районынында даўыслар саны бойынша 1-орынды алып, жеңимпаз болса, сол мектеп 2-басқышқа өтеди.

😅-басқыш республикалық тәризинде болып өтеди. 1-басқышта Нөкис қаласы ҳәм районлар бойынша жеңимпаз болған жәми 17 мектеп 2-басқышта өз-ара беллеседи.

🤝-басқыш 7-16-май күнлери;
🤝-басқыш 18-22-май күнлери болып өтеди.

🎉 Республикалық басқышында 1-2-3-орынды алған мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

👉 МЕКТЕПКЕ ДАЎЫС БЕРИЎ
@mekteplerbot 👈

👉 @mektep36mendeleev 👈
👉 2 каналға ағза боласыз 👈