“Санақлы күнлер”диң бармақларымыз санынан аз муғдары қалды…
Мәрреге аз қалды. Босасқан уттырады!
✅ @MagzaniyshanUz
Мәрреге аз қалды. Босасқан уттырады!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Рамазанның мақсети - мағфират ҳәм тақўа. Ҳәр бир мөмин бул айдан мине сол еки қасиетке ерисиўге бар күши менен ҳәрекет қылыўы лазым. Оның ушын ибадат ҳәм басқа солиҳ әмеллерди көбейтиў менен бирге гүнаҳлардан улыўма тыйылып тәўбе ҳәм истиғфарды көбейтиў керек.
Оннан тысқары жоғарыдағы тийкарғы мақсетлерге кесент бермейтуғын дәрежеде бежериў ушын және айырым усыныслар бар.
Билемиз, Рамазан мүбәрек - жүдә берекели ай. Сол берекеден берекелениў ушын айырым режелеп қойған ислеримизди усы ай ишинде баслап қояйық. Сонда, Рамазанның берекеси усы исимизге де илинип дүнья ҳәм ақыретимизге көп пайдалы болса.
Соның ишинде, Нийет қылып жүргенимиз
Аллаҳ таала бәршемизди Рамазанның файз ҳәм берекетине толық ҳалда еристиргей. Әмин.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәммемизге белгили, соңғы жыллары елимизде жасыл әлемди қорғаў ҳәм кеңейтиў ислери мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде кѳплеген жумыслар әмелге асырылмақта.
Муқаддес динимизде
Терек егиў – ийеси дүньядан өткеннен кейин де оған саўап жетип турыўына себепши болатуғын жети әмелден бири. Сондай-ақ, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз үмметлерин дийқаншылық, атап айтқанда, терек егиўге шақырып, былай деген: «Егер қыямет күни болып қалса да, бириңиздиң қолында нәли болса, оны егип алсын» (Бухарий ҳәм Аҳмад рәўияты) Қоршаған орталықты кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў мақсетинде мешит әтирапларына нураный аталар, апалар кѳмеги менен мийўе ҳәм декаратив тереклер егиў иләжы ѳткерилмекте.
Ҳақыйқатында да, қайырлы истиң ерте-кеши жоқ. Келиң әзизлер, имканиятымыз, күшимиз бар екен, усы садақа әмеллерден болған терек егиўге, өзимиз жасап атырған үлкемизди жасыл аймаққа айландырыўға, елимизди абат етиўге асығайық.

Рамазан — қайыр-сақаўат айы
Алла таала: «Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай)», деп баян етеди (Бақара сүреси 185-аят).Рамазан айы басқа айларға салыстырғанда үстин ҳәм пазыйлетли ай. Аллаҳ таала Рамазан айын басқа барлық айлардан жоқары дәрежеге кѳтерди. Оны көплеген уллы пазыйлетлер ҳәм уллы жеңилликлер менен белгили етти.
Анас разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ең абзал садақа Рамазанда етилген садақадур”, деди. Мешитимиздиң ишки имканиятларынан келип шығып ҳәм қәўендерлер кѳмегинде Рамазан айы мүнәсибети менен мәҳәллелердеги жәрдемге мүтәж, кем тәмийнленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм нәгиранлығы болған пуқараларғы азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер бермекте. Әлбетте мүтәжлерге жәрдем бериў, олардың ҳалынан хабар алыў да саўап әмеллерден.
Аллаҳ таала усы айда қылып атырған барлық ибадатларымыз, атап айтқанда, қайыр-садақаларымызды Ѳз дәргайында қабыл етсин!Амийн.

#ифтарлық
АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ
«Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.»
Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.