#ҳәдис
КИМ БИР ЖАРЛЫНЫҢ ИСИН ЖЕҢИЛЛЕТСЕ
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Ким бир жарлының исин жеңиллетсе, Аллаҳ оның бул дуньяда да, ақыретте де ислерин жеңиллетеди».
Бул дүньяда қыйыншылық пенен күн көретуғын адамлар ҳәмме ўақыт ушырап турады. Себеби дүнья өзи солай дүзилген.
Соның менен бирге, мусылманлар жәмийетинде де қыйыншылық пенен күн кеширетуғын, жарлы, бийшара адамлар бәрқулла таўылады. Сондай адамларға басқа мөмин-мусылманлар қандай мүнәсибетте болыўы зәрүрлиги усы ҳәдисте анық баян етилмекте.
Демек, басқа мусылманлар қыйын күн кеширип атырған бирәдарының қыйыншылығын аңсат қылыў ушын ҳәрекет етиўи лазым. Кийим-кеншектен қыйналып атырған болса, кийим-кеншек алып бериўи, азық-аўқат табыў машақат болса, оны табыўды жеңиллестириўи лазым. Турар жайсыз қалған болса, жай табыўда жәрдем бериўи, емлениўде қыйналып атырғанлар болса, бул исте көмеклесиўи керек ҳәм басқа ислерде де сондай. Қыйыншылықта жасап атырған мөмин адамның аўырын жеңил қылыў сырттан биреўге жәрдем бериў болса да, негизинде жәрдем бериўшиниң өзине пайда. Пайда болғанда да бул дуняда да, ақыретте де пайда! Себеби сол қыйыншылықта жасап атырған мөминниң исин жеңиллестириўге жәрдем бергени ушын Аллаҳ таала оның бул дунядағы да, ақыреттеги де ислерин жеңиллетип қояды.
✈️ @MagzaniyshanUz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #тәрбия
АНАҒА ХЫЗМЕТ – ГҮНАЛАРДЫ ӨШИРЕДИ
Бир адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:
«Я Расулуллаҳ, мен үлкен гүна иследим. Енди мен ушын тәўбе бар ма?», деп сорады.
– Сениң анаң бар ма? – сорады Пайғамбар алайҳиссалам.
– Яқ –деп жуўап берди.
– Сениң анаңның әжапасы яки сиңлилери бар ма?
– Аўа.
– Оған жақсылық ет – деп буйырды Расулуллаҳ.
Термизий рәўият еткен.
Шолыў: Анаға жақсылық етиў қаншелли уллы ис екенине қараң! Бул ис гүналардың кеширилиўине себеп болады екен. Егер ананың өзи қайтыс болған болса, ананың әжапасы ямаса сиңлисине жақсылық етиў де гүналардың кеширилиўине себеп болады екен.
Перзент ата-ананың хызметинде ҳәр дайым тақ турыўы, ҳәттеки ата-ана мусылман болмаса да, олардың разылығын табыўы керек болады. Олар қайтыс болғаннан кейин шәрият ҳүкмине көре ҳақларын орынлаўы лазым болады ҳәм ата-анасының жақынлары менен қарым-қатнасты үзбеўи керек.
Каналға ағза болыў
➠ @MagzaniyshanUz

Ҳәзирети Абдуллаҳ ибн Амрдан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дуўа еткенинде көбинесе:
"Я Аллаҳым! Мен Сеннен ден-саўлықты, шырайлы минез-қулықты ҳәм тәғдирге разы болыўды сорайман", дейтуғын еди".
Түсиндирме: Ҳаж күнлери, соның ишинде Зулҳижжа айының биринши он күнлигинде қылынған дуўалардың Аллаҳ таала дәргайында қабыл болыўы және де тезирек болады.