Mag'zaniyshan.uz
1.41K subscribers
7.13K photos
433 videos
1 file
2.12K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
АЛЛАҲТЫҢ МУҲАББАТЫНА ЕРИСТИРИЎШИ ӘМЕЛ

“Өзине жаман мәмиле қылынса да, жақсы мәмиле еткен кисиге Аллаҳтың муҳаббаты ўәжиб болады”.
• Аллаҳ ашыўшақлықты, қопаллықты, жаман минезли ҳәм урысқақлықты жақтырмайды.
• Аллаҳ таала бендеси кең пейилли ҳәм кемтар, жанашыр, мәрҳаматлы, сабырлы, кеўили ашық, инсанларға бола сезимтал, шийрин сөзли, ашық жүзли болыўын қәлейди.
• Қопаллыққа қопаллық, жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтарыў ислам жақсы көретуғын нәрселер емес. Керисинше, қопаллыққа кең пейиллик, жумсақлық пенен, жаўызлыққа мәдений өлшеўлер менен жуўап қайтарыў усыныс етилген. Бундай қылған кимсе Аллаҳтың муҳаббатына ериседи.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ГҮНАҲЫ ҚАЛАДЫ

• Мәс қылыўшы ишимликтиң жағымлы болып түйилген басты айналтырыўшы ҳәм ести өшириўши рәҳәти бир уйықлап турсаңыз кетеди, бирақ гүнаҳы қалады!

• Күш-қуўатыңыз бар ўақытында әззилерге зулым қылсаңыз, бир күни келип қуўат сизди тәрк етеди, бирақ оның гүнаҳы қалады!

• Нәмаҳрам менен зина қылсаңыз бир неше саатта оның ләззети кетеди, бирақ оның гүнаҳы қалады!

• Таң намаз ўақытында сиз рәҳәт деп ойлайтуғын уйқыда ғәплет басып уйықлаўыңыз мүмкин, өмир өтеди, ўақыт кетеди, бирақ гүнаҳлар қалады!

• Умытпаң бирадарым, сиз ләззет деп ойлап атырған гүнаҳларды тәрк етпегениңизше ийман ләззетин сезе алмайсыз!

• Рәҳәт кетеди, бирақ оның гүнаҳы қалады!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙏Анаңыз бенен сәўбетлесиў сизди жәнеде бахытлы қылыўы дәлийлленген

💐 Алымлар ананың даўысы адамларда эндорфин ҳәм бахыт гормонларын ислеп шығарыўын көбейтиўи ҳәм ҳәттеки денедеги аўырықты кемейтириўи мүмкинлигин анықлады.

💐 Дем алыс күнлеринен үнемли пайдаланып, аналарыңыз бенен қәлибтен сәўбетлесиң, сонда сиз бираз қуўанышлы боласыз.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа 

 ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫ
АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

 «Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.» 

 Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
БЕРЕКЕТ СӘҲӘР ЎАҚТЫНДА

• Бүгинги күнде көпшилик инсанлар түнлери уйқы билместен өз ислери менен бәнт болмақта. Тап түни менен ислеп шықса мақсетине тезирек жететиндей. Әслинде де сондайма?
• Уйықлаўға ерте жатып ерте ояныўға әдетлениң. Таң сәҳәр ўақытында береке бар. Бүгинги күнде шама менен саат 03:30-04:00 те ояның ҳәм саат 07:00-08:00 ге шекем зикир ибадатлар, өз ислериңиз бенен бәнт болың.
Исениң, усы ўақыт аралығында сиз басқа ўақытта таппаған берекетти табасыз.
• Егер түнде оянып кетсеңиз буны неьмат билип еки ракат таҳажжуд намазы оқып алың.
• Мине усы усынысларға әмел қылың ҳәм иншә аллаҳ саадатқа ерисесиз, мақсетке жетесиз!


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#шәўўәл_айы_оразасы_2024

    Шәўўәл айы оразасын тутыўды нийет еткенлер ушын:

Нийет: «Шәўўәл айы нәпил оразасын таң атқаннан күн батаман дегенше қалыс Аллаҳ ушын тутыўды нийет еттим, Аллооҳу әкбар».

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин сийшемби 🕊
7 - Шәўўәл 1445 ж
16 - Апрель 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ЖӘННЕТ ТЕРЕГИ

• Әбиў Ҳурайра разияллаҳу анҳудан:
“Бир күни хурма нәлин егип атырған едим. Расулаллаҳ жаныма келди:
- Ҳәй Әбиў Ҳурайра! Егип атырғаның не?
- Хурма нәли, я Расулаллаҳ дедим.
- Саған қылып атырған исиңнен және де қайырлырақ егисти айтайынба?
- Айтың, я Расулаллаҳ!
- “Субҳаналлаҳ”, “Әлҳамдулиллаҳ”, “Аллаҳу әкбар”, деп айт. Булардың ҳәр бири ушын саған жәннетте бир терек егиледи, - деп мәрҳамат қылды”.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​ШАҢАРАҒЫҢЫЗДЫ АСЫРАҢ

• Ҳижабтың мақсети ҳаялды орап қойыў емес, оны орантырып дыққы нәпес қылыў емес, бийтаныс еркеклердиң көзи сол ҳаялдың зийнетлерине түсип, оған қызығып қалыў, шаңарақтың бузылыўының алдын алыў ушын ҳаяллардың зийнетлери жасырылған, себеби олар өз жупты ҳалалларынан өзгеге шырайлы көринбесликлери ушын.

• Бүгинги күнде болса шаңарақтың бузылыўына себепши жағдайлар жүдә көп. Олардан бири социаллық тармақлар. Нәмаҳрам еркеклер нәмаҳрам ҳаялларға көз таслаўы мүмкин болмағанындай, буның керисиншеси де тап сондай. Яғный ҳаяллар да бийтаныс еркеклерге көзи түсиўи, айырым ўақытлары оларға нәзер салыўы да жаман ақыбетлерге алып келеди. Бул жаман ақыбетлердиң ең жаманы шаңарақтың бузылыўы. Соның ушын еркеклер де өз ҳаялларын бир нәрседен шеклеўи, оларды жаман көргенинен емес, керисинше өз шаңарағын сақлап қалыў ушын тутқан туўры жолы.

• Өкинишлиси айырым жағдайларда ҳаяллар бундай шеклеўлерди надурыс қабыл қылыўлары ақыбетинде орынсыз тартысыўлар жүзеге келмекте. Еки шахс тартысқанда оннан қуўанатуғын үшинши шахс бар екенлигин умытпаң, ол да болса шайтан. Бир-бириңизди жақсы сыпатларыңызды билген ҳалда шийрин сөз бенен жасаўды үйрениң, арзымаған нәрселерди деп гөззал мүнәсибетлерге шек қойылыўына жол қоймаң!


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
НАМАЗДАҒЫ ӘДЕПЛЕР

✔️Әбиў Ҳурайра разияллаҳу анҳудан:
“Азан айтылғанын еситкениңизде намазға барың.
Мешитке жүгирип емес, әсте жүрип, салдамлы болып барың. Үлгерген ракатларыңызды жәмәәт пенен оқың. Үлгермегенлериңизди өзиңиз оқып алың”.


✔️Намаз - бендениң бурышы. Намазды қәтиржем, итибар берип оқыў керек. Асығыў керек емес. Намазды баслаўдан алдын дыққатты жәмлеў, ибадатты сезиниў керек. Инсан намазда жәмәәт пенен ҳәрекет қылады. Кеш қалып үлгирмеген ракатларын болса имам сәлем бергеннен кейин орнынан турып өзи оқыйды.

❗️Жәмәәт намазына кешигип киятырсаңыз мешитке жүгирип келмең, жеткен жериңиз сиздиң ибадатыңыз болады. Үлгермесеңиз қалғанын оқып алабересиз!


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
• Бир геширди алып, екиге бөл. Ярымын қумшекерли суўға, ярымын дузлы суўға сал.
• Бир неше күннен кейин бири мураббаға, бири болса дузламаға айланады.
• Сениң аҳўалың да сондай. Солиҳлар менен жүрсең, Аллаҳтың изни менен солиҳ боласаң.
• Бузықлар менен жүрсең, Аллаҳ асырасын, өзиң де бузықлардан бирине айланасаң.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
• Бенде шырайлы таҳарат алып, намазға турыўы менен Аллаҳ таала пүткиллей оған қарайды ҳәм оны менен сәўбетте болады. Бенде жүзин бурмағанынша ямаса оң-шебине алаңламағанша Аллаҳ оннан Өзин бурмайды.


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа 

 ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫ
АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

 «Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.» 

 Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Күнлерден биринде сеннен: Неге қапасаң? - деп сораса, дурысын айт:
- Истиғфар аз, Қуран таслап қойылған…


Әли Тантаўий



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Ана дуўасының таўсылатын ўақыты жоқ. Ана өмирден өтсе де, оның перзентлерине қылған дуўасындағы береке мәңги қалабереди.
Аллаҳым, анамды жәннет пенен сыйла, себеби анам мениң өмиримди бостанға айлантырған еди.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#шәўўәл_айы_оразасы_2024

    Шәўўәл айы оразасын тутыўды нийет еткенлер ушын:

Нийет: «Шәўўәл айы нәпил оразасын таң атқаннан күн батаман дегенше қалыс Аллаҳ ушын тутыўды нийет еттим, Аллооҳу әкбар».

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин сәршемби 🕊
8 - Шәўўәл 1445 ж
17 - Апрель 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
☀️​​Ким таңа намазын өз ўақытында оқыса…

👨‍✈️Ким таң намазын өз ўақытында оқыса, ең абзал әмелди қылған болады. Абдуллаҳ ибн Масьуд разияллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә салламнан “Ең абзал әмел қайсы?” деп сорағанларында Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: “Өз ўақытында оқылған намаз”, деген.

👨‍✈️Ким таң намазын өз ўақытында оқыса, сол күнги ырысқысына береке киреди. Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: “Аллаҳым! Үмметимниң ерте таңдағы ислерин берекетли қылғайсаң”, деп дуўа қылар еди.

👨‍✈️Ким таң намазын өз ўақытында оқыса, Аллаҳтың кепиллигинде болады.
Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: “Ким таң намазын оқыса, Аллаҳтың келисими ҳәм аманлығы кепиллигинде. Аллаҳ сизлерди келисимин зая болған жағдайда таппасын”, деди

👨‍✈️Ким таң намазын өз ўақытында оқыса, жәннетке киреди. Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: “Ким таң ҳәм аср (намазлыгер) намазларын оқыса, жәннетке киреди”, деген.

👨‍✈️Ким таң намазын өз ўақытында оқыса, мунафықлықтан узақ болады. Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: “Мунафықларға ең аўыр намаз қуптан ҳәм таң намазлары”, деген.

👨‍✈️Ким таң намазын өз ўақытында оқыса, бул дүнья ҳәм ондағы нәрселерден ең жақсысына ийе болады. Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: “Таң намазының еки ракаты дүнья ҳәм ондағы нәрселерден жақсы”, деди.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM