Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.53K photos
409 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#тәрбия

Ананың тәшўиши аўқат, үй ҳәм интернет болса, солиҳ ҳәм мөмин перзент қаерден келеди..?
Алым(а), фақиҳ, ҳәфиз(а) бала қаерден шығады..?

Анасы Фаcэбоок, Инстаграм, телеграмда саатлап отырса (пайда алмастан), баласы менен иси болмаса қарнын тойдырып бир саат бирге отырыўға сабыры жетпeсе, Қуран, ақида яки фиқҳдан ярым бет те яд алдырмаса сиз қәлеген бала қаерден шығады..?

Анасы қоңсы-қоба, дослар, жақынлар менен саатлап ўақыт өткизип баласына пайғамбарлар ҳаққында отырып бир саат айтып бермесе ақыллы, салмақлы бала қаерден шығады..?

Анасы ҳәмме қоңсы, көше-күй еситетуғын дәрежеде қатты бақырып, қышқырып танбеҳ берсе бала қандай қәтиржем болады..?

Анасы аға-ини, дослары алдында ҳәрдайым сөгип, кемситип, қаралап турса баланың эгосы қандай раўажланады, күшли болады..?

Әўладты бузықлығына себепши болмаң..!
Кейин: «Балам (балалар) бузылып кетти», деўге қәжет қалмасын..!

👇👇👇👇👇
♻️@MagzaniyshanUz
#тәрбия

Перзентиңизге қарата “абайлы бол, кесени сындырасаң”, деў орнына оған жақсылап услаўды үйретиң.
“Жоқарыға шықпа, жығылып түсесең” деў орнына болса оған қалай терекке шығыўды үйретиң. Ҳәр нәрседен тынышсызланып, ҳәдиксиреген шаңарақта қорқақ перзентлер жетисип шығады.

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

👎 ПЕРЗЕНТИҢИЗГЕ ҚУРАН ЯДЛАТПАЙСЫЗБА?

Әнас разияллаҳу анҳудан:
“Ким перзентине Қуранды қарап оқыўды үйретсе, әўўелги ҳәм ақырғы қылған гүнаҳлары кешириледи.
Ким оған ядлатса, қиямет күни Аллаҳ таала оны толған ай сүўретинде жибереди ҳәм перзентине “Оқы”, дейди. Ҳәр бир аятты оқыған сайын, ядлаған жериниң ақырына жеткенинше Аллаҳ әззә ўа жәллә әкесиниң дәрежесин көтеребереди”

Табараный рәўиятлары

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Перзентиңизге қарата “абайлы бол, кесени сындырасаң”, деў орнына оған жақсылап услаўды үйретиң.
“Жоқарыға шықпа, жығылып түсесең” деў орнына болса оған қалай терекке шығыўды үйретиң. Ҳәр нәрседен тынышсызланып, ҳәдиксиреген шаңарақта қорқақ перзентлер жетисип шығады.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Кәмбағаллық, мүтәжлик ҳәм қәстелик себеплери ҳаққында

1. Мийманға унамсыз мүнәсибетте болыў.

2. Қураны кәриймди таҳәратсыз услаў.

3. Бисмилләҳ айтпай тағам жеў.

4. Тик турып тағам жеў.

5. Ыдыс табақты таза ҳәм пәк тутпаў.

6. Қолды жуўмай аўқатланыў.

7. Намазды қаза қылыў.

8. Мешитте дүньялық сөзлерди айтыў.

9. Уллы адамларға, жасы үлкенлерге ҳәм алымларға ҳүрметсизлик етиў.

10. Босағада отырыўға әдетлениў.

11. Нәмәҳрам ҳаялларға шаҳўат нәзери менен қараў.

12. Жалған сөйлеў.

13. Таң мәҳәли уйықлаў.

14. Шамнан кейин уйқылаў.

15. Жалаңбас ҳәжетханаға кириў.

16. Ҳәжетханада сөйлесиў.

17. Ҳаялы менен жәнжеллесиў.

18. Пақырды кемситиў.

19. Жалғанға муҳаббат қойыў.

20. Ҳәўиз яки ғусылханаға киши дәрет қылыў.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #тәрбия

АНАҒА ХЫЗМЕТ – ГҮНАЛАРДЫ ӨШИРЕДИ

      Бир адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:
«Я Расулуллаҳ, мен үлкен гүна иследим. Енди мен ушын тәўбе бар ма?», деп сорады.
Сениң анаң бар ма? – сорады Пайғамбар алайҳиссалам.
Яқ –деп жуўап берди.
Сениң анаңның әжапасы яки сиңлилери бар ма?
Аўа.
Оған жақсылық ет – деп буйырды Расулуллаҳ.

   Термизий рәўият еткен.

     Шолыў: Анаға жақсылық етиў қаншелли уллы ис екенине қараң! Бул ис гүналардың кеширилиўине себеп болады екен. Егер ананың өзи қайтыс болған болса, ананың әжапасы ямаса сиңлисине жақсылық етиў де гүналардың кеширилиўине себеп болады екен.
     Перзент ата-ананың хызметинде ҳәр дайым тақ турыўы, ҳәттеки ата-ана мусылман болмаса да, олардың разылығын табыўы керек болады. Олар қайтыс болғаннан кейин шәрият ҳүкмине көре ҳақларын орынлаўы лазым болады ҳәм ата-анасының жақынлары менен қарым-қатнасты үзбеўи керек.

Каналға ағза болыў
@MagzaniyshanUz
#тәрбия
Ата-анаға истиғфар
айтыўдың пазыйлети

Инсан жәннеттеги дәрежесиниң көтерилгенин көрип, "Булар маған қай жерден келди?" - деп ҳайран болып сорайды.
Сонда оған;
"Перзентиңниң саған айтқан истиғфары себепли дәрежең көтерилди", - деп жуўап бериледи.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM