Mag'zaniyshan.uz
1.11K subscribers
6.64K photos
418 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
🖖Өзлериңизди валюталар курсы ҳәм баҳалардың (бәлент-пәслигин гүзетиў) менен бәнт қылмаң. Бәлки өзиңизди ырысқының себеплери менен бәнт қылың.

Олар төмендегилер:
1. Тәўбе.
2. Истиғфар.
3. Шырайлы минез, гөззал тәрбия.
4. Адамлар арасында жақсы мәмиле қылыў.
5. Жақсы әмеллер ҳәм сақаўат.


✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄 «Бенделери ишинде Аллаҳтан тек алымлары ғана қорқады» (Фатир сүреси, 28-аят).

Аллаҳ тааланыӊ қүдиретин сезип, мақлуқатлардан өрнек алып, олардыӊ жаратыўшысы бар екенин аӊлап жетип, ақылы менен Аллаҳты тапқан ҳәм Оннан қорққан адам ғана алым есапланады.

⤵️ Қәўип (Аллаҳ тааладан қорқыў)дыӊ пайдаларынан:
1. Ҳақыйқый қәўип жәннетке алып барады ҳәм дозақтан қутқарады.
2. Ҳақыйқый қәўип қыямет күниндеги үлкен қорқыныштан аманлық береди.
3. Ҳақыйқый қәўип ийман кәмиллиги ҳәм Ислам гөззаллығыныӊ дәлили.
4. Ҳақыйқый қәўиптиӊ мийўеси Аллаҳ тааланыӊ муҳаббаты ҳәм ибадаты.
5. Ҳақыйқый қәўип бенде ушын еки дүнья бахыты.
6. Ҳақыйқый қәўип қәлб тазалығы ҳәм нәпси пәклигине дәлил.
7. Ҳақыйқый қәўип қәлб ҳидаятыныӊ дәлили.
8. Ҳақыйқый қәўип инсанды гүна ҳәм жаманлықлардан сақлайды.
9. Ҳақыйқый қәўип әмелди Аллаҳ ушын ықлас пенен қылыўға шақырады.
10. Ҳақыйқый қәўип мусылманды бәрше мақлуқатларға рейим қылыўға шақырады.
11. Ҳақыйқый қәўип мусылманды шырайлы минез-қулықлар менен қулықланыўға ҳәм менменлик ҳәм де кибрди тәрк етиўге шақырады.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Таң намазы тек денениң ояныўы емес, бәлки ол Аллаҳтың муҳаббаты ҳәм разылығы таман жолды таныған ҳәм өмирдиң сырларын татыған қәлибтиң ояныўы есапланады.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🫤 Абдуллаҳ ибн Масьуд разияллаҳу анҳу: “Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар”, деди.

“Мухтасару минҳажул қосидийн”.

Түсиндирме: Қуран хатмында жәмәәт болып дуўа етиў мақсетке муўапық. Бир өзи ямаса еки-үш адам менен дуўа етсе де жақсы, бирақ дуўада “әмин” деп турыўшылар қанша көп болса, сонша жақсы.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Еслетпе #Ражаб_оразасы

🗓 Ертең Дүйшемби!
      20-январь, 2025

    Әбиў Қилаба разыяллаҳу анҳу айтады:

    "Ражаб айында ораза тутыўшылар ушын Жәннетте бир сарай бар". (Имам Байҳақий рәўияты).

😵Аўыз жабыў ўақты (сәҳәрлик): 07:03

🤑Аўыз ашыў ўақты (ифтарлық): 18:06

    АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

   🤲 "Ражаб айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

🤲 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

    "Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл".

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄 Адам баласы бир күни өтсе, бул ҳаққында пикирлесин:

Егер бүгинги күни жақсылық алып келген болса, буған миясар еткени ушын Пәрўардигарға шүкир қылсын. Егер керисинше болса, тәўбе қылсын, күндизги кемшиликлерин түнде жоқ етиўди нийет қылсын. Себеби, жақсылықлар жаманлықларды жуўып кеткизеди. Ол саў-саламат болғаны ушын Аллаҳ таалаға шүкирлер айтсын! Қалған өмиринде кемшиликлерин толтырыўы мүмкин болады.

©Ҳасан Басрий раҳматуллаҳи алайҳи.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳикмети

Ақыллының ақылы орнында болса, бир неше саатлары болыўы керек:

1. Рәббиге мүнәжат қылатуғын сааты,

2. Өзин өзи есап-санақ қылатуғын сааты,

3. Аллаҳ тааланың өнери ҳаққында пикирлейтуғын сааты,

4. ҳәм жеп-ишиў сыяқлы өз қәжетлери ушын жалғыз қалатуғын сааты.

Ақыллы асықпаўы керек. Тек ғана үш нәрседе асығыў лазым: ақыретке азықлық таярлаў ушын, тиришилик ушын ҳәрекетке ҳәм ҳадал ләззетке.

Ақыллы өз заманын таныған, өзине керек нәрсеге урынған, тилин тыйған болыўы керек.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Muslim.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#juma_suhbati #jamiyat #isrof
🗣 Мавзу: ЖАМИЯТДАГИ САЛБИЙ ИЛЛАТЛАР – ДАБДАБАБОЗЛИК ВА ИСРОФГАРЧИЛИК

🎙 Исомиддин домла МуҳиддиновТошкент шаҳар М.Улуғбек тумани “Шайх Зиёвуддинхон” жоме масжиди имом-хатиби

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати

🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄 ӨЗЛИКТИ ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ

Пикирлериңизге итибар бериң, себеби олар сөзлерге айланады.

Сөзлериңизге итибар бериң, себеби олар ҳәрекетлерге айланады.

Ҳәрекетлериңизди гүзетип барың, себеби олар әдетке айланады.

Әдетлериңизге итибар бериң, себеби олар минез-қулыққа айланады.

Минез-қулқыңызға итибар бериң, себеби ол сиздиң тәғдириңизге айланады.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Imom Jazariy matnidan tarixiy ijoza

Shayx Alijon qori rasmiy
sahifalari👇
👍Telegram | 👍Facebook | 👍Youtube | 👍Instagram
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄 ҚАШЫЎ МӘНЗИЛИ

"Енди тек Аллаҳға ғана қашың!" (Зәрият сүреси, 50-аят).

Бахытлы адамлар Аллаҳ тәрепке қашады, ал бахытсызлар Аллаҳтан қашады. Аўа, мөмин бенделер Аллаҳтан Аллаҳға қашады. Яғный, Оның азабынан Оның саўабына, итаатсызлықтан Оған бойсыныўға қашады.

Себеплер ҳәм олардан келип шығатуғын нәтийжелер 4 түрли болады:


1. Гөззал себеплер ҳәм гөззал нәтийжелер. Мысал ушын: намаз ҳәм оған берилетуғын сый-саўаплар.

2. Жаман себеплер ҳәм гөззал нәтийжелер. Мысал ушын: гүналар ҳәм оның нәтийжесинде Аллаҳ әдалатының жүзеге шығыўы.

3. Жаман себеплер ҳәм жаман нәтийжелер. Мысал ушын: инсанның урлық қылып гүнакарлардан болып қалыўы.

4. Гөззал себеплер ҳәм жаман нәтийжелер. Мысал ушын: көриниси шырайлы, бирақ нәтийжеси жаман ислер.

Инсанның Аллаҳ көрсетпелерине қарсы қылған әмеллери ақырғы 2 түрдиң ишинде айланады.

📖 "Мусылман ушын зәрүр билимлер" китабынан.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ИЙМАН

Егер қадарымда маған зиян жазылған болса, қорғаўға шыққан досларым не қыла алар еди?!
Егер қадарымда маған зиян жазылмаған болса, ҳүжимге шыққан душпанларым не қыла алар еди?!
Қадарға болған ийман инсанды күшли сүйениш - Аллаҳқа сүйентиреди!
Рәббине сүйенген инсанның жығылыўын көремен деп әўере болма!
Ийманый қуўат таўлардан көре турып бериўши.
Таўлар унырап, орнынан жылжып кетиўи мүмкин, бирақ ийманы қуўат ийесин ҳақ жолда услап турады, жылжытпайды!

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Еслетпе #Ражаб_оразасы

🗓 Ертен Пийшемби!
      23-январь, 2025

    Әбиў Қилаба разыяллаҳу анҳу айтады:

    "Ражаб айында ораза тутыўшылар ушын Жәннетте бир сарай бар". (Имам Байҳақий рәўияты).

😵Аўыз жабыў ўақты (сәҳәрлик): 07:02

🤑Аўыз ашыў ўақты (ифтарлық): 18:08

    АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

   🤲 "Ражаб айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

🤲 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

    "Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл".

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄 ИСЛАМ БУЛ:

Ислам бул – ақыйда. Оның гәўҳары таўҳид.
Ислам бул – ибадат. Оның гәўҳары ықлас.
Ислам бул – мәмиле. Оның гәўҳары расгөйлик.
Ислам бул – қулық. Оның гәўҳары мийирманшылық.
Ислам бул – шәрият. Оның гәўҳары әдалат.
Ислам бул – әмел. Оның гәўҳары пуқталық.
Ислам бул – байланыс. Оның гәўҳары бирәдарлық.
Ислам бул – әдеп. Оның гәўҳары заўық.
Ислам бул – мәденият. Оның гәўҳары тең салмақлық.

📖  Доктор Юсуф Қаразаўий.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM