Рамазан — қайыр-сақаўат айы
Алла таала: «Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай)», деп баян етеди (Бақара сүреси 185-аят).Рамазан айы басқа айларға салыстырғанда үстин ҳәм пазыйлетли ай. Аллаҳ таала Рамазан айын басқа барлық айлардан жоқары дәрежеге кѳтерди. Оны көплеген уллы пазыйлетлер ҳәм уллы жеңилликлер менен белгили етти.
Анас разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ең абзал садақа Рамазанда етилген садақадур”, деди. Мешитимиздиң ишки имканиятларынан келип шығып ҳәм қәўендерлер кѳмегинде Рамазан айы мүнәсибети менен мәҳәллелердеги жәрдемге мүтәж, кем тәмийнленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм нәгиранлығы болған пуқараларғы азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер бермекте. Әлбетте мүтәжлерге жәрдем бериў, олардың ҳалынан хабар алыў да саўап әмеллерден.
Аллаҳ таала усы айда қылып атырған барлық ибадатларымыз, атап айтқанда, қайыр-садақаларымызды Ѳз дәргайында қабыл етсин! Әмин
✅ @MagzaniyshanUz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
يگیرمه التینچی کیچده تراویحنی اوقوسه بلند قیلغايخدای تعالی اول کیشیغه قرق يلليك ثوابني.
Жигирма алтыншы түнде тараўиҳ оқыса, қырық жыллық нәпил ибадаттың саўабы бериледи.
«Мажмаъул Мақсуд» китабынан
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ифтарлық
АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ
«Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.»
Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад (100 мәрте)
"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға".
Тоҳа сүреси, 132-аят#намаз_ўақытлары
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ
«Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар».
Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.
✅ @MagzaniyshanUz
АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ
«Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар».
Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم
☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!
Бүгин Жума🕊
26 - Рамазан 1445 ж
5 - Апрель 2024 ж
Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!☀️ 💓 💓
✅ @MagzaniyshanUz
Бүгин Жума
26 - Рамазан 1445 ж
5 - Апрель 2024 ж
Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Рамазан айында нәпислеримизден үстин келип, кейнен жылдың қалған бөлиминде болса қарсысында хор болыў оразадан мақсет қылынған нәрсе емес.
Ҳақыйқый ораза - жыл бойы утысты қолға киритип, заман ҳәм мәкан жөнинен қандай өзгерис болса да сол утыслықты услап қалыўға айтылады.
👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz

#хабар
😢 Хатмы Қуранға мәрҳәмәт!
Абдуллаҳ ибн Масъуд: «Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар», деди. Абдуллаҳ өзи қашан Қуран хатм қылса, шаңарақ әҳлин жийнап, дуўа қылатуғын еди, олар "Әмин!" деп туратуғын еди».
😙 Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити әзийз халқымызды бүгин яғный 5-апрель күни саат 21:20да оқылатуғын тараўиҳ намазына мирәт етип қалады. Иншааллаҳ Аллаҳ тааланың изни менен ертең Қураны кәрийм толық хатм қылынып болынады.
https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Абдуллаҳ ибн Масъуд: «Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар», деди. Абдуллаҳ өзи қашан Қуран хатм қылса, шаңарақ әҳлин жийнап, дуўа қылатуғын еди, олар "Әмин!" деп туратуғын еди».
https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ТҮНДЕ ИБАДАТ ҚЫЛМАҚШЫ БОЛСАҢЫЗ,ПЕСИН НАМАЗЫНАН СОҢ УЙЫҚЛАП АЛЫҢ!
Ибн Аббас разияллоҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайхи уа саллам:
«Сәҳәр тағамынан таңғы оразасына, қайлула уйқысынан түнги қиямға жәрдем алыңлар», деди».
Ибн Мажа, Ҳәким хәм Табараный рәўият қылған.
Түсиндирме: Сәҳәрлик қылыўдан мақсет күндиз тутатуғын ораза ушын таярлық көрип,қуўатлы болып алыу. Егер сәҳәрлик қылынбаса, киси таңғы оразасын тутыўға қыйналады.
Сондай ақ, күндизи уйықлап алмаса, түнде бийдар болып, ибадат қылыўға қыйналады. Ким түнде ибадат қылмақшы болса (тарауих,қәдир түни), күндизи Песин менен Намазлыгер ортасында уйықлап алыў керек. Күндиздиң ортасында уйықлаў араб тилинде «қайлула» делинеди.
Көринип турыпты, Ислам буйырған ибадатларды ада етиў ушын инсан өзин қыйнауы шәрт емес. Бәлки шөлкемлестирип, хеш қыйналмастан ибадат қылыў керек.
Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф

#аят #қәдир_түни
Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).
1. Әлбетте, Биз оны (Қуранды Лаўҳул-маҳфуздан биринши аспанға) Қәдир түни нәзил еттик.
2. (Ҳәй Муҳаммад) Қәдир түни не екенин саған не аңлатты?
3. Қәдир түни мың айдан жақсырақ.
Тафсир:(Бул уллы түн Рамазан айының 27-түни екенинен дерек беретуғын ҳәдислер көп. Қәдир түни Рамазан айының нешинши түни екени Аллаҳ хәм Расули тәрепинен сыр тутылған еди. Бирақ саҳабалар Расулдан (а.с) оны анықлап айтып бериўин көп сорағаннан кейин дәслеп айдың үшинши он күнлигинен, кейинирек тақ күнлеринен излеў керек екенлиги ҳаққында айтқан. Ақыры ол түнниң белгилерин айтқаннан соң 27 - түн екени белгили болған.)
4. Онда (ол түнде) периштелер ҳәм Руўҳ (Жәбрайыл) Рәббисиниң руқсаты менен (жыл даўамында исленетуғын) ҳәмме ислер (режеси) менен (аспаннан Жерге) түседи.
Қодр сүреси
Шамсуддин Бахауддиновтың "ҚУРАНЫ КӘРИЙМ мәнилериниң аўдарма ҳәм тафсири" (Қарақалпақ тилинде) китабынан

🌙ҚӘДИР ТҮНИ ҲАҚҚЫНДА
Қәдир түни Рамазан айының нешинши түнинде екенлиги сыр тутылған. Дәслеп Рамазан айының ақырғы он күнлигинде, соңынан тақ күнлеринен излеў кереклиги айтылған. Ақыры бул түнниң белгилери айтылғаннан соң Қәдир түни Рамазан айының 27-түнине туўры келетуғынлығы айтылған.
«Тәфсири Қуртубий» де айтылады:
Аллаҳ таала бул түнди «қәдир түни» деп атаўының себеби,бул түнде Аллаҳ таала келеси жыл ушын өлим, әжел, ырысқы ҳәм сол сыяқлы ислерди тәғдир қылып, өлшеп қояды. Бул ислерди периштелер: Исрапыл, Микайл, Әзрейил, Жәбрайыл алайҳимуссаламларға тапсырады.
Зуҳрий ҳәм басқалар айтады: «Адамлар арасында «пәленшениң қәдири бар»-деп айтылса, мәртебеси уллы адамлар түсиниледи. Тап сондай бул түнди де «қәдир түни» деп аталыўы, Қәдир түниниң уллылығы, қәдирлиги, шараплылығы себебинен»-деп айтқан. Бул түнде таат-ибадат қылыўдың қәдири жүдә уллы ҳәм саўабы жүдә көп болғаны ушын бул түнди «қәдир түни» деп атаған.
Әбиў Бәкир ал-Ўарроқ айтады: «Бул түнди «Қәдир түни» деп атаўының себеби, кимниң қәдир-қымбаты, абырой-итибары болмаса, бул түнди ибадат пенен уйқысыз өткерип шықса, ол адам бул түнде қәдири бәлент адамға айланады»-дейди.
Бул түнниң «қәдир түни» деп аталыўының себеби, Аллаҳ таала бул түнде қәдири уллы болған Китапты (Қураны кәриймды), қәдири уллы болған Расулы(Муҳаммад алайҳиссалам)ға қәдир ийелери болған үмметлерине жеткериў ушын, нәзил қылынған себебинен-деп айтылады.
Бул түнниң «қәдир түни» деп аталыўының және бир себеби, бул түнде Аллаҳ тааланың қәдирли ҳәм итибарлы периштелери жерге түскенлиги себебинен-деп айтылады.

Жигирма жетинши кешеде тараўиҳ оқыса, сират көпиринен жасындай өткей.