Mag'zaniyshan.uz
1.11K subscribers
6.54K photos
410 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким үйинен таҳарат алып парыз намазына шықса, оның саўабы эҳрамдағы ҳажының саўабындай болады”, деди.

Әбиў Даўыт рәўияты

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋
🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Бүгин екшемби 🕊
30 - Робиьул әўўәл  1445 ж
15 - Октябр 2023 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂
 ♻️@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#зикир_ҳәм_дуўа

Намазға турыўды қәлеген ўақытың айтылатуғын зикир

Умму Рофиъ разияллоҳу анҳадан рәўият қылынады:
«Мен Расулуллаҳ соллаллоҳу алайҳи ўасалламға: «Ҳәй Расулуллаҳ, маған бир әмелди көрсет, оны менен Аллаҳ маған әжир берсин», дедим. Сонда Расулуллаҳ соллаллоҳу алайҳи ўасаллам: «Ҳәй Умму Рофиъ, егер намазға турсаң, Аллаҳға он мәрте тасбиҳ, он мәрте тәҳлил, он мәрте таҳмид, он мәрте тәкбир, он мәрте истиғфар айт. Тасбиҳ айтқаныңда, Аллаҳ: «Бул Мен ушын», дейди. Тәҳлил айтсаң да, Аллаҳ: «Бул Мен ушын», дейди. Ҳәмд айтсаң да, «Бул Мен ушын», дейди. Тәкбир айтқаныңда да, «Бул Мен ушын», дейди. Егер истиғфар айтсаң, «Буны бежердим» (яғни, гунаҳларын әпиў еттим), дейди», дедилер».

Ибн Сунний рәўиятлары.

*Тасбиҳ - субҳаналлаҳ
*Таҳлил - Ләә иләҳә илләллаҳ Муҳаммадур расулаллаҳ
*Таҳмид - Әлҳамдулиллаҳ
*Тәкбир - Аллаҳу әкбар
*Истиғфар - Әстағфируллаҳ

Имам Наўаўийдиң «Әл-Әзкар» китабынан

@MagzaniyshanUz
#истиғфар

Бенде қәлбин истиғфар менен бәнт қылар екен, ол әлбетте пәкленеди. Ҳәлсиз болса, күшейеди. Наўқас болса, шыпа табады. Егер бәлеге ушыраған болса, саламатлық табады. Екилениўде болса ҳидаят табады. Егер қыйыншылық ҳәм қайғыда болса аманлық табады.

Әстағфируллоҳал ьазийм ўа әтуубу илайҳ
Әстағфируллоҳ


📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#салаўат

Егер өмир алдында қыйыншылыққа түсип қалсаңыз, Ҳәбибимизге салаўат айтыўға асығың. Қапа кимсе Пайғамбарға салаўат жоллар екен, Аллаҳ оған ҳақыйқат, тәшўиштен қутылыў жолын несип етеди.

Саллаллаҳу алайҳи ўа саллам!
Аллаҳумма солли ьала Муҳаммад ўа ьала әли Муҳаммад!

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күнделик

Ийманыңызды қалай күшейтесиз?
Оның ушын күнлик реже


1. Бес ўақыт намазды өз ўақтында оқыў.
2. Парыз намаздан алдыңғы ҳәм кейинги сүннетлерди оқыў.
3. Таң намазынан кейин таңғы зикирлер ҳәм шам намаздан алдыңғы кешки зикирлерди толық оқыў.
4. Ҳәр күни бир пара Қураннан тиләўат қылыў. Оны бөлип бөлип, ҳәр намаздан кейин оқыса да болады.
5. Уйқыдан алдын таҳарат алыў ҳәм “аятул курсий”ди оқыў. (Бул таң атқанша шайтанлар жаманлығынан сақлайды).
6. Зуҳа намазын еки ямаса төрт ракат оқыў.
7. Күни бойы тили Аллаҳтың зикири менен бәнт болыў.
8. Қуптаннан кейин (түнде оянып) киши сүрелерди тиләўат қылып болса да таҳажжуд намазын оқыўға ҳәрекет қылыў.

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Салама ибн Динар айтады:
Еки нәрсе бар, оларға әмел қылсаң, дүнья ҳәм ақырет жақсылығына ерисесең:
1. Аллаҳ жақсы көрген әмел болса, бирақ саған жақпаса да, оған әмел қыласаң.
2. Аллаҳ жақтырмайтуғын әмел болса, жақсы көрсеңде, оны тәрк етесең.


📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋
🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Бүгин дүйшемби 🕊
1 - Робиьус сәний  1445 ж
16 - Октябр 2023 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂
 ♻️@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#салаўат

Атауллаҳ Сакандарий сондай депти: “Ким көп нәпил оразалар, түнги намазларды өткерип жиберген болса, Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыўға әдетленсин. Бир өмир таат-ибадат қылып, кейин Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир салаўат айтсаң, әне сол бир салаўатың бир өмирлик ибадатларыңнан аўыр келеди (себеби ҳәдисте “Ким маған бир салаўат айтса, Аллаҳ оған он салаўат айтады”, делинген. Аллаҳтың саған айтқан бир салаўаты болса бәрше ибадатларыңнан абзал). Сен қурбың жеткенинше ибадат қылғансаң, Аллаҳ болса Өзине тән салаўат айтады. Аллаҳтың бир салаўаты сонша болса, он салаўат айтса не болар екен?”

“Аллаҳумма солли ьала сәийдинә Муҳаммад”

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мәмиле

“Адамлар саған қандай мәмиле қылса, сен де оларға сондай мәмиле қыл” деген гәп қатты қәте. Бул ҳаққында Аббаз әл Аққод төмендеги сөзди айтқан екен: “Адамлар арасында жалғаншы, қиянетши ҳәм жалатай кимселер бар. Булардың бәршесине соған жараса мәмиле қылсаң, сол айыплардың бәршесин өзиңде жәмлеп, ең тийимсиз кимсеге айланасаң. Соның ушын адамлар саған қандай мәмиле қылыўын қәлесең, сен де оларға сондай мәмиледе бол”.

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#неьмат

Неьматлар үш түрли болады:
1. Қолға киритилген неьмат. Бенде оны биледи.
2. Күтилип атырған неьмат. Бенде оған үмиткер болады.
3. Ишинде турған неьмат. Бенде оны сезбейди.


📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#муҳаббат

Айырым ўақытлары Аллаҳ саған әтирапыңдағылар, жақынларың арқалы да азар береди. Бул болса Аллаҳтан басқа ҳеш кимге - ата-ана, аға-ини, дос яранларға байланбаўың ушын болады.
Сонда қәлбиң тек Аллаҳқа байланады. Мине сол Аллаҳтың саған берип атырған тәрбиясы болады.


📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Перзентиңизге қарата “абайлы бол, кесени сындырасаң”, деў орнына оған жақсылап услаўды үйретиң.
“Жоқарыға шықпа, жығылып түсесең” деў орнына болса оған қалай терекке шығыўды үйретиң. Ҳәр нәрседен тынышсызланып, ҳәдиксиреген шаңарақта қорқақ перзентлер жетисип шығады.

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ибрат

Қиямет күни балаңыз Аллаҳ алдында турып:
- Әкежан, не ушын мени шет елге саяҳатқа алып бармадыңыз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған компьютер ҳәм уялы телефон алып бермегенсиз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған даңғаралы ҳәўли қурып бермегенсиз, мазалы тағамлар менен сыйламағансыз, деп даўа қылмайды.


Бирақ Қиямет күни:
- Әкежан, Аллаҳқа қандай ибадат қылыўды не ушын үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын маған Қуран оқыўды үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын намаз оқымағанымда мени буннан қайтармағансыз?!
деп даўа қылыўы анық.

📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋
🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Бүгин сийшемби 🕊
2 - Робиьус сәний  1445 ж
17 - Октябр 2023 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂
 ♻️@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Audio
#РАДДИЯ - ӘХМИЙЕТЛИ

  Бузғыншы идеялардың жаманлығынан сақланайық.

Кегейли районы Магзан ийшан жоме мешити имам хатиби Юсупов Арзыубай



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Audio
#РАДДИЯ_ӘҲМИЙЕТЛИ

Фитна қәуипли иллет.

Кегейли районы Мағзан
ийшан жоме мешити имам
хатиби Юсупов Арзыўбай



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz