Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.54K photos
409 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

Ассалаўма алейкум ҳүрметли каналымыз ыхласбентлери!

Бүгинги хәптениң пийшемби күни 

☘️🌸☘️🌸☘️🌸☘️🌸☘️🌸☘️

10 - Март         2022 ж
06 - Шаъбан        1443 ж

Таң нурлы болып - жақсылық пенен баслансын.
Бүгинги күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын.

☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️

Ҳәр бир күниңиз әўметли, қуўанышқа толы болсын!
Ақыбетиңиз қайырлы болсын!

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#тафаккур

☘️ Тафаккур ҳәм ташаккурдиң тәрийпи қандай?

Пикирлеў ҳәм шүкир қылыў дегени. Барлықтағы ҳәмме нәрсени жаратыўда Аллаҳ тааланың теңсиз қүдиретин пикир жәрдеминде көремиз ҳәм шүкир қыламыз.

☘️ Пикирлеў лазым ба?

Әлбетте, лазым. Аллаҳ Жер ҳәм аспанларды Өз жолына салып ҳәрекетке келтирди. Инсанларды жөнелиске салды. Инсанлар рәҳәтлениўи ушын қара топырақтан гүл ҳәм гияларды өндирип шығарды. Аллаҳтың қүдирети менен бәрше тири жан туўылыў, жасаў ҳәм өлиў процесинде болады. Пүткил әлем жоқтан бар болды ҳәм инсан усы болмысты аңлаў қүдиретине ийе болады. Бизиң сөйлеўимиз, көриўимиз, еситиўимиз, ийис сезиўимиз булардың бәри — мөжиза. Өз денемизге жүдә муўапық рәўиште қол-аяғымыз ҳәм ишки ағзаларымыз бар. Жүрегимиздиң урып турыўы да Аллаҳ тааланың бар екенлигине, қүдиретине дәлил болады. Жаратылған ҳәр бир неъматтың әжайыплығы Аллаҳ таалаға ҳәр қанша шүкирлик айтыўға жетерли. Дүньядағы ҳәр бир көз көрип, қулақ еситпеген әжайыбатларды көргенде былай зикир етиў лазым:
سُبْحانَ اللَّهِ وَ الْحَمْدُ لِلَّهِ وَ لاَ إلَهَ إلاَّ اللَّهُ و اللَّهُ أَكْبَرُ
Айтылыўы: «Субҳаналлооҳи ўәлҳамду лилләәҳи ўә ләә иләәҳә иллаллооҳу ўаллооҳу әкбәр».
Мәниси: «Аллаҳ тааланың ҳеш қандай кемшилиги жоқ, барлық мақтаўлар Аллаҳ таалаға».


📚 "Ибадати Исламия" китабынан

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#периште

☘️ Периштелер кимлер?

Олар да Аллаҳ тааланың бенделери. Олар ҳәмийше ибадат қылыўшы ҳәм ҳәр бир буйрықты кәмине жеткизиўши, гүналардан пәк, жеп-ишиў киби сыпатлар жоқ, жынысы да жоқ, өзлери нурдан болып, самалдай жумсақ, бирақ көзге көринбейтуғын, егер көриниўди қәлесе, қәлеген сүўретте көриниўге қәдир.

☘️ Олардың мәканы қай жерде?

Көбинесе аспанда. Тек ғана Аллаҳ тааланың буйрықларын орынлаў ушын Жер бетине түседи. Жер бетинде ҳәр бир бендениң ислеген әмелин жазып турыўшы периштелер де бар. Олар бенделердиң жақсылық ҳәм жаманлықларын әмел китапларына жазады. Қыямет күни инсан сол әмел китапларға қарап тергеледи, соралады. Және Жер бетинде ҳәр бир бендени бәле апатлардан сақлап жүриўши периштелер де бар.

📚 "Ибадати Исламия" китабынан

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#мазлум

Аллаҳ таала сизге зулым қылған, сизди жылатқан, сизге жәбир қылған кимсени ҳеш қашан умытпайды. Ийманыңыз кәмил болсын, бир кун келиб ҳаққыңызды алып береди.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#дууа

🌿 Усы дууаны ядлап алып, жауын жауғанында айтың. Берекетинен пайдаланып қалың!

اللَّهُمَّ صَيِّباً نَافِعاً

"Аллоҳумма сoййибан нәфиъан".

t.iss.one/magzanishan
#дууа

☘️ Аллаҳым! Ата-анамды мағфират қыл!

Бир Шейхтың алдына шәкиртлеринен бири келип:

— Устаз, дууаларым қабыл болмай атыр! Неге ондай болып атыр екен? — деп сорады…

Шейх:

— Ата — анаң барма? — деп сорады.

Шәкирт жигит :

— Ауа бар, Аллаҳға шукир ата — анам тири, өмирлик…

Шейх кулип:

— Мен сеннен ата — анаң тириме, деп сорамадым. Ата— анаң барма? Қылып атырған дууаларыңда, ата — анаң да барма? — деп сорадым.

Шәкирт басын ийип:

— Яқ, ата — анамды дууаларымда зикир қылмас екенмен — деп, не ушын дууалары қабыл болмай атырғанлығын аңлап, шейхтың алдынан шығып кетипти.

Хәй ата — анасына бийпәруа болған ҒАПЫЛ ДОСТЫМ!

Сен түни— кун Аллаҳтан мал — дәулет, байлық сорайсаң-да, тийкарғы байлығыңды, ата-анаңның дени саулығын сорамайсаң. Көзиңди аш, олар ҒӘНИЙМЕТ, олардың қәдирине жет. Олар ушын Аллахтан мағфират сора. Олар ушын Аллахтан өмир сораң!

Хәр сәждеге (нәпил намазларда) барыуыңызда ата-анаңызға мағфират сорап,бир мәрте "Аллохуммағфирлий уалиуалидайя (Аллахым ата-анамды мағфират қыл!) деп, дууа қылып қойыуға әдетлениң!

Егер олар өмирден өткен болса, нәмаъи-әмелине САУАП жазылып турады! Тири болсалар, гунахларын кеширип турады! Қиямет куни киси бийтаныс болған,улкен САУАП берилер екен! "Бул, қайерден келди маған?"деп соралса, "Перзентиңниң саған айтқан истиғфары!" деп, жууап берилер екен! Бул-биздиң, дуньяға келиуимизге себепши болған инсанлар ушын арзыйтуғын сауғадур! Сәждеде қылынған дууа болса, Иншааллaх, қайтарылмайды!

🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#Жаңалық

Ассаламу алайкум әзиз ҳүрметли халқымыз мөмин-мусылманлары! Елимизде және бир жаңалық. Әлемлерге раҳмет болып келген Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шаңарағына тийисли болған «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм әҳли байт» деген китап қарақалпақ тилинде баспадан шықты. Бул китапты халқымыз мөмин-мусылманлары ушын қарақалпақ тилине аўдарыўда аянбай мийнет қылған устазларымызға Аллаҳ таала ақыретте уллы саўапларын бериўин ҳәм берекетли қылыўын сорап қаламыз. Әмийн!!!

Китапты қаламыздың мешити жанындағы дүкәнлардан таўсаңыз болады.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Instagram каналымыз:👉 instagram
Youtube каналымыз:👉 Youtube
Facebook каналымыз:👉 Facebook
#Шаъбан_Рамазанға_таярлық_айы

Еслетпе: Айдың шығыўына қарап (-/+) бир күнге өзгериўи мүмкин.

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#сүннет

☘️ СҮННЕТ ДЕГЕН НЕ?

Ерназаров Дауран
Кегейли районы "Искендер Алауатдин ийшан" жоме мешити имам найыбы

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#намаз_уақытлары

Кегейли уақыты менен 11 март кунги намаз ўақытлары.

Жума: 11 март - 07 Шаъбан

Духо* - 07:51
Тахаджуд* - 02:29

‼️«...Олардың жүзинде сәждеден қалған белгилери бар...» (Фатҳ суреси, 29-аят) .

❗️Жақынларыңызға жибериўди умытпаң👇

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

Ассалаўма алейкум ҳүрметли каналымыз ыхласбентлери!

Бүгинги хәптениң жума күни 

☘️🌸☘️🌸☘️🌸☘️🌸☘️🌸☘️

11 - Март         2022 ж
07 - Шаъбан        1443 ж

Таң нурлы болып - жақсылық пенен баслансын.
Бүгинги күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын.

☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️🌼☘️

Ҳәр бир күниңиз әўметли, қуўанышқа толы болсын!
Ақыбетиңиз қайырлы болсын!

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#жума #еслетпе



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan
#жума

Қиямет жума куни болады хәм сол күни қуяш батыстан шығады.
Бүгин қуяштың шығыстан шығыуы,Бизге және бир имкан бар.Мүмкин соңғысы шығар.

Сондай екен,хәр күнимизди,хәр секундымызды қәдирлейик...

t.iss.one/magzanishan
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума

☘️ ТӘУБЕГЕ АСЫҒЫУ КЕРЕК

🎙Юсупов Арзыубай
Кегейли районы бас имамы

t.iss.one/magzanishan
☘️Тәубе қылыушы киси

التَائِبُ مِنَ الذَّنْبِ كَمَنْ لاَ ذَنْبَ لَهُ

(رواه الإمام ابن ماجة عن عبد الله بن مسعود رضي الله عنه)

яғни: “Гунахтан тәубе қылатуғын киси гунахы жоқ киси сияқлы” (Имам Ибн Можа рәуиятлары).

t.iss.one/magzanishan
ВАҚФ фонды 2021-жылдың "Ең ашық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем" бойынша 1-орын деп тән алынды

-Вақф бул:
- Исламның ураны;
- Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның сүннети;
- Ҳǝзирети Умар ҳәм Усман р. а. лардың аманаты;
- Мусылманлардың қәдирияты!

Умар разияллаҳу анҳу: «Я Расулуллаҳ, Маған Хайбардан бир жер тийди, мен ҳеш қашан оннан жақсырақ дүньяға ийе болған емеспен. Буйырың, оны не қылайын?», деди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Егер қәлесеңиз, тийкарын сақлап қалып, (пайдасын) садақа етиң», деди. Мине усы вақфтың мақсети болады!


-Вақф ушын үстине басың:

PAYME (https://payme.uz/fallback/merchant/?id=5b1fd0995c641e0e8369c4c3) |
uPay (https://fast.upay.uz/merchant/286) |
agrobank (https://my.agrobank.uz/?cat=16&pay=255) |
CLICK (https://my.click.uz/auth)@VAQFUZ

@VAQFUZ
#Шаъбан_Рамазанға_таярлық_айы

Еслетпе: Айдың шығыўына қарап (-/+) бир күнге өзгериўи мүмкин.

➡️ @magzanishan
➡️ https://t.iss.one/magzanishan