#Cалаўат
⠀♥ Ҳәбийбимизге ﷺ қысқа салаўатлар қандай айтылады?
⠀
• صَلَّى اللهُ عَلَيْهِ وَسَلَّمَ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Саллаллоҳу ъалайҳи ўа саллам".
Мәниси: "Ол затқа Аллаҳтың салаўат ҳәм сәлеми болсын!"
⠀
• عَلَيْهِ السَّلَامَ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Алайҳиссалам".
Мәниси: "Ол затқа салем болсын!"
⠀
• عَلَيْهِ الصَّلَاةُ وَالسَّلَامَ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Алайҳиссолату ўа сәллам".
Мәниси: "Ол затқа салауат ҳәм сәлем болсын!"
⠀
• صَلَّى اللهُ عَلَى مُحَمَّدٍ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Саллаллоҳу ъалаа Муҳаммад".
Мәниси: "Муҳаммадқа Аллахтың салаўаты болсын!"
⠀
• أَللَّهُمَ صَلِّ وَسَلِّمْ وَبَارِكْ عَلَيْهِ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ўа сәллим ўа бәрик ъалайҳ".
Мәниси: "Аллаҳым! Ол затқа салаўат хәм сәлем жолла, берекеңди даўамлы қыл!"
⠀
• أَللَّهُمَ صَلِّ عَلَى مُحَمَّدٍ وَعَلَى آلِ مُحَمَّدٍ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ъалаа Муҳаммадиу ўа ъалаа әәли Муҳаммад".
Мәниси: "Аллаҳым! Муҳаммадқа, Муҳаммадтың шаңарағына салаўат жолла!"
⠀
• أَللَّهُمَ صَلِّ عَلَى مُحَمَّدٍ النَّبِيِّ الأُمِّيِّ وَعَلَى آلِ مُحَمَّدٍ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ъалаа Муҳаммадинин нәбийил уммииии ўа ъалаа әәли Муҳаммад".
Мәниси: "Аллаҳым! (Бирер кисиден) оқыў-жазыўды үйренбеген нәбий Муҳаммадқа, Муҳаммад шаңарағына салаўат жолла!"
⠀
• أَللَّهُمَ صَلِّ عَلَى مُحَمَّدٍ وَعَلَى آلِهِ وَسَلِّمْ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ъалаа Муҳаммадиу ўа ъалаа әәлиҳии ўа сәллим".
Мәниси: "Аллаҳым! Муҳаммадқа, Ол зат шаңарағына салаўат хәм сәлем жолла!"
⠀
• صَلَّى اللهُ وَسَلَّمَ عَلَى نَبِيِّنَا مُحَمَّدٍ وَعَلَى آلِهِ وَأَصْحَابِهِ أَجْمَعِينَ
⠀
☘️ Оқылыўы: "Саллаллоҳу ўа саллама ъалаа нәбийинаа Муҳаммад, уа ъалаа әәлиҳии ўа асҳаабиҳии ажмаъиин".
Мәниси: "Паиғамбарымызға, Ол зат шаңарақ ағзаларына бәрше саҳабаларына Аллаҳтың салаўат хәм сәлемлери болсын!"
➡️ @MagzaniyshanUz

☘️ Жуманың сүннетлери:
✅1. Жума ушын ғусыл қылыў;
✅2. Хош ийисли нәрселер сүртиў;
✅3. Шырайлы кийимлер кийиў;
✅4. Жумаға ерте барыў;
✅5. Жума күни денени таза, көринисти көркем қылыў;
✅6. Жума күни Каҳф сүресин оқыў;
✅7. Жума күндизинде ҳәм түнинде дуўаны көп қылыў;
✅8. Жума күни Пайғамбарымыз саллаллаху алайҳи ўа салламға салаўатларды көп айтыў;
✅9. Жума күни таң намазында "Ҳә мийм сәждә" ҳәм "Ҳәл әтәә ьаләл инсәәний" сүрелерин оқыў;
✅10. Жума намазының парызынан алдын ҳәм кейин 4 рәкааттан сүннет намазын оқыў.
➡ @MagzaniyshanUz

📿Күнлик ўазыйпа:
Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
#намаз_ўақытлары
➠ @MagzaniyshanUz
Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)
#намаз_ўақытлары
➠ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم
Әссаламу алейкум ўа роҳматуллоҳи ўа барокатуҳ!
🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀
Бүгин ҳәптениң жума күни
20 - Сапар 1444 ж
16 - Сентябрь 2022ж

#Ҳәдис
«Пайғамбарымыз алайҳиссалам былай деген: «Мөмин өз бирадарына ғайыптан дуўа қылса, периштелер: «Әмин! Саған да сондай болсын!» - дейди».
Дуўалар қабыл болатуғын жума күни мүбәрек болсын.
Каналға ағза болыў

#Жума
«Каҳф» суресиниң қәсийети
Уламалар нәзеринде «Каҳф» сүресин, әсиресе, жума күни оқыў – ең мақул ис. Әбиў Саъийд Худрий разыяллаҳу анҳу рәўият қылады:
«Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай депди:
"Ким жума куни «Каҳф» сүресин оқыса, еки жума арасында оның ушын нур болады”» (Имам Насаий рәўияты).
Баро ибн Азиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Бир адам «Каҳф» » сүресин оқыйтуғын еди. Оның алдындағы қазыққа аты байлап қойылған еди. Аспаннан бир булт түсип, оған жақынласты ҳәм оны қоршап алды. Буннан ат үркип, тынышсызланды. Ертеңине Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип, ўақыяны айтып берди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Бул – сакинат, Куран оқылғаны ушын түскен», - деди»
(Имам Бухарий рәўияты).
Сакинат — Аллаҳтың Қуран ушын ўәкил қылған периштеси болып, тиләўат ўақтында қарыйға қәтержамлық ҳәм саўлат бағышлайды.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалық
Әзиз районымыз турғынлары!
Сизлерди жаңадан ашылған КИТАПЛАР ДҮНЬЯСЫ на мирәт етемиз.
Ол жерде сиз мазмунлы ҳәм пайдалы китаплар, жайнамаз ҳәм тәсбиҳлер, сондай-ақ, хош ийисли әтирлерди табасыз.
Ол жерден ҳәр түрли ассортименттеги, бәршеге жағатуғын саўғаларды таба аласыз. Жақынларыңызға саўғалар инәм етиң, ҳәм байрамды кеўилли өткериң!
КИТАПЛАР ДҮНЬЯСЫ
Мәнзил: Дослық гүзары
Бағдар: "Агро банк" ке қарама қарсы, Nurmobile телефон магазин
Телеграм группа: @kegeyli_kitaplar
Байланыс ушын: +998999506245

#ҳикмет
Гүнаның басланыўы қыйын болады. Кейин аңсатласады. Соң оны ҳақлаў басланады. Ақыры оған көнлигеди. Енди оны уната баслайды ҳәм қәлбке ол мөр болып басылады. Сондай дәрежеге жетеди, кейин қәлб басқа гүна ислерди излей баслайды

ИМАМ ӘБИЎ ҲӘНИЙФАНЫҢ ПЕРЗЕНТИНЕ НӘСИЯТЛАРЫ
Балам, саған айтатуғын бир қанша нәсиятларым бар. Оларды жақсылап еситип әмел етсең, еки дүнья бахыт-саадатына ерисесең:
1. Бәрше ислериңде нийетти қалыс қыл. Ҳадал луқма жеўге ҳәрекет ет.
2. Бәрше ағзаларыңды гүнә ҳәм жаман ислерден сақла!
3. Нени үйрениўге мүтәж болсаң, үйренип ал, билмей қалма!
4. Дүнья ҳәм ақирет жолында пайдасы тийетуғын инсанлар менен ғана дос бол.
5. Мусылман ҳәм басқа дин ўәкиллерине душпанлық етпе.
6. Аллаҳ таала берген ырысқыға қәнәәтли бол..
7. Басқаларға мүтәж болып қалмаў ушын қолыңда бар имкәняттан пайдалан.
8. Адамлар саған пәс нәзери менен қараўына себеп болатуғын жаман ислерди қылма.
9. Мүтәжлигиңнен артықша нәрселерге берилиўден сақлан.
10. Адамлар менен көрискенде гәпти сәлем бериўден басла, жағымлы ҳәм мүләйим сөйле, инсанларға жақсы мүнәсибетте бол, жаман инсанлар менен келисимге кел.
11. Адамлар арасында урыс ҳәм жәнжел шыққанда душпанларыңнан көре досларыңнан абайла. Себеби, душпаның достыңнан пайдаланыўы мүмкин.
12. Сырыңды, пулыңды ҳәм баратуғын жериңди биреўге айтпа.
13. Жақсы қоңсы бол қоңсыңның жаманлығына сабыр ет.
Каналға ағза болыў
➠ @MagzaniyshanUz
Балам, саған айтатуғын бир қанша нәсиятларым бар. Оларды жақсылап еситип әмел етсең, еки дүнья бахыт-саадатына ерисесең:
1. Бәрше ислериңде нийетти қалыс қыл. Ҳадал луқма жеўге ҳәрекет ет.
2. Бәрше ағзаларыңды гүнә ҳәм жаман ислерден сақла!
3. Нени үйрениўге мүтәж болсаң, үйренип ал, билмей қалма!
4. Дүнья ҳәм ақирет жолында пайдасы тийетуғын инсанлар менен ғана дос бол.
5. Мусылман ҳәм басқа дин ўәкиллерине душпанлық етпе.
6. Аллаҳ таала берген ырысқыға қәнәәтли бол..
7. Басқаларға мүтәж болып қалмаў ушын қолыңда бар имкәняттан пайдалан.
8. Адамлар саған пәс нәзери менен қараўына себеп болатуғын жаман ислерди қылма.
9. Мүтәжлигиңнен артықша нәрселерге берилиўден сақлан.
10. Адамлар менен көрискенде гәпти сәлем бериўден басла, жағымлы ҳәм мүләйим сөйле, инсанларға жақсы мүнәсибетте бол, жаман инсанлар менен келисимге кел.
11. Адамлар арасында урыс ҳәм жәнжел шыққанда душпанларыңнан көре досларыңнан абайла. Себеби, душпаның достыңнан пайдаланыўы мүмкин.
12. Сырыңды, пулыңды ҳәм баратуғын жериңди биреўге айтпа.
13. Жақсы қоңсы бол қоңсыңның жаманлығына сабыр ет.
Каналға ағза болыў
➠ @MagzaniyshanUz
📿Күнлик ўазыйпа:
Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
#намаз_ўақытлары
➠ @MagzaniyshanUz
Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)
#намаз_ўақытлары
➠ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم
Әссаламу алейкум ўа роҳматуллоҳи ўа барокатуҳ!
🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀
Бүгин ҳәптениң шемби күни
21 - Сапар 1444 ж
17 - Сентябрь 2022ж
➡ @MagzaniyshanUz
Әссаламу алейкум ўа роҳматуллоҳи ўа барокатуҳ!
🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀
Бүгин ҳәптениң шемби күни
21 - Сапар 1444 ж
17 - Сентябрь 2022ж
➡ @MagzaniyshanUz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат
Көз жасының түрлери
1. Уллы көз жас. Бул жеңиске ерискенде көзден шығады;
2. Ақлаў көз жасы. Бул балаларда көбирек гүзетилетуғын көз жасы;
3. Тәсирли көз жас. Гүналардан тәўбе етиўшиниң көзинен шығады;
4. Нәзик көз жас. Ҳаяллардың көз жасы;
5. Гөззал көз жас. Опалы адамларда болады;
6. Ғамлы көз жас. Бул азадар адамларда болады;
7. Бахтияр көз жас. Бул алдыңа қойған мақсетлериңе ерискен ўақытта болады.
8. Рейимсиз көз жас. Бул биреўден зулым көрген адамның көз жасы;
9. Мәнили көз жас. Бул бир исти қылып қойып қатты өкинген адамның көз жасы;
10. Алдаў көз жасы. Бул жалғаншы, еки жүзлемешиниң көз жасы.
Әлемдеги ең әжайып, ең гөззал көз жасы бул – гүналар себепли АЛЛАҲтан қорқып жылағандағы көз жасы.

#СОРАЎ:
- Маған жаманлық қылғанды қашанға дейин кешириўим керек?!
ЖУЎАП:
- Аллаҳ таала сени қашанға дейин кешириўин қәлейсең? Соған шекем.

ТҮШКИРИЎ
Ҳинд алымларынан профессор Насруллаҳ Хан айтады:
“Бир Англиялы доктор мусылманлардың Пайғамбары саллаллаҳу алайҳи ўа салламның: "Бир мусылман түшкирсе ҳәм «Әлҳамду лилләҳ» десе, оның қасында отырған мусылман «Ярҳамукаллаҳ» десин, ал түшкирген адаи оған жуўап ретинде, «Яҳдийкумуллоҳ» десин", деген ҳәдиси шәрийфин оқып, ойлап қалды:
«Бир әпиўайы ис ушын сонша дуўа оқыўдың себеби не?» Ол изертлеў алып барды ҳәм сол нәрсе мәлим болды, сонша дуўа оқыў артықша, бийҳуўда ис емес, ал Аллаҳ таалаға шүкирлик екен. Себеби, изертлеўден сол нәрсе жүзеге келеди, базыда инсан мийиниң қан тамырында ҳаўа турып қалады.
Аллаҳ таала оны шығарып жибериў ушын бир басымды енгизген. Солай етип, түшкириў басымы арқалы, сол ҳаўа мурын жолынан сыртқа шығып кетеди. Егер ҳаўа шықпай, турып қалса, инсан шал болып қалыў қәўпи болады екен. Соның ушын түшкирген инсан "Әлҳамду лилләҳ" деп айтыўы, Аллаҳ таалаға бул неъмат ушын шүкирлик етиўи керек.
"Бүгинги сабақ" китабынан

#АЛЛАҲ ЖАҚСЫ КӨРЕТУҒЫН АДАМНЫҢ СЫПАТЛАРЫ
Белгили алым Ҳасан әл-Басрий былай деген:
Аллаҳ жақсы көретуғын адамды мына қәсийетлери арқалы таныўға болады.
Олар:
✔️Сөйлесе, өтириксиз шынлықты айтады;
✔️Биреўге сөз берсе, оны миннетли түрде орынлайды;
✔️Туўысқанлары менен қарым-қатнасын үзбейди;
✔️Мүтәжлерге қарасып, кәмбағалларға жәрдем береди;
✔️Тәкаббарлық пенен мақтаншақлықтан сақланады;
✔️Аллаҳ тааланың буйырғанын орынлап, қайтарғанынан узақ болыўға, шырайлы минез-қулқы менен Аллаҳ разы болатуғын ислерди орынлаўға тырысады»
__
Каналға ағза болыў
➠ @MagzaniyshanUz
Белгили алым Ҳасан әл-Басрий былай деген:
Аллаҳ жақсы көретуғын адамды мына қәсийетлери арқалы таныўға болады.
Олар:
✔️Сөйлесе, өтириксиз шынлықты айтады;
✔️Биреўге сөз берсе, оны миннетли түрде орынлайды;
✔️Туўысқанлары менен қарым-қатнасын үзбейди;
✔️Мүтәжлерге қарасып, кәмбағалларға жәрдем береди;
✔️Тәкаббарлық пенен мақтаншақлықтан сақланады;
✔️Аллаҳ тааланың буйырғанын орынлап, қайтарғанынан узақ болыўға, шырайлы минез-қулқы менен Аллаҳ разы болатуғын ислерди орынлаўға тырысады»
__
Каналға ағза болыў
➠ @MagzaniyshanUz
📿Күнлик ўазыйпа:
Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
#намаз_ўақытлары
➠ @MagzaniyshanUz
Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)
#намаз_ўақытлары
➠ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم
Әссаламу алейкум ўа роҳматуллоҳи ўа барокатуҳ!
🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀
Бүгин ҳәптениң екшемби күни
22 - Сапар 1444 ж
18 - Сентябрь 2022ж
➡ @MagzaniyshanUz
Әссаламу алейкум ўа роҳматуллоҳи ўа барокатуҳ!
🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀
Бүгин ҳәптениң екшемби күни
22 - Сапар 1444 ж
18 - Сентябрь 2022ж
➡ @MagzaniyshanUz
НЕГЕ ЫРЫМ ҚЫЛЫНАДЫ?!
Биз не ушын ырым қыламыз?
Сол ырым ислеген нəрселеримиз бизге тəсир қылады деп, соннан сақланбақшы, қорғанбақшы да боламыз. Лекин, билмеймиз, бул исимиз бенен жаманлықтың үстинде турғанымызды.
Мысалы, бир аяғын жалыннан сақлап, екинши аяғын отқа таслағандай. Ырым қылыўдан, оның унамсыз ақыбетинен қорқыўымыз керек.
Халқымыз арасында, Пəленше “Мүшкилшад” өткерген екен, иси жүрисип кетипти. “Бийбисийшемби” өткерген екен, үйине берекет толыпты, деген мыш-мышлар жүреди.
Әзизлер!
Булардың ҳəммеси ырым. Исламға ҳеш бир байланысы жоқ. Олар ҳаққында Қураны Кəриймде де, ҳəдиси шəрийфлерде де келтирилмеген.
Бул сынаўлы дүньяда бундай бидьат əмеллер зəрре муғдарынша пайда бермейди. Соның ушын динимизге, миллий қəдириятларымызға тийисли болмаған ырымлардан сақланайық.
Егер ақыйдамыз беккем болса, оған муўапық турмыс кеширсек, барлық ислеримиз қайырлы болады. Аллаҳ таала ақыйдамызды беккем қылсын. Өйткени, пəк исламый ақыйда инсанның қулқын, руўхыйлығын ҳəм мəдениятын зийнетлейди.

"Шаҳәдат кәлиймасын айтатуғын ҳәм қиблаға жүзленетуғын мусылманларды кәпирге шығарыў, бул үлкен қәте. Мың куфрде айыплаўға ылайық болған адамларды кәпирге шығармай қәте қылыў – бир мусылманның қанын наҳақ ҳүким менен ҳадал қылыўдан жеңил".
️Имам Әбиў Ҳамид Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ
Каналға ағза болыў
➠ @MagzaniyshanUz
️Имам Әбиў Ҳамид Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ
Каналға ағза болыў
➠ @MagzaniyshanUz
#тәрбия
ЖАҚСЫ ҲАЯЛДЫҢ КҮЙЕЎИНЕ НӘСИЯТЫ:
Мениң сизге итаат етиўим мени жәннетке киргизеди.
Сизиң анаңызға итаат етиўиңиз сизди жәннетке киргизеди.
Мен сизге итаат етиўди (ҳәмме нәрседе) биринши орынға қояман.
Сиз анаңызға итаат етиўди (ҳәмме нәрседе) биринши орынға қойың.
Жәннетте де бирге болайық...

Биреўди жаманлаўдың күлпети
Ийса ибн Мәрьям алайҳиссалам досларына былай деди: "Егер уйқылап жатқан адамның қасына келгениңизде самал оның әўрет жерин ашып жиберсе, сизлер оның үстин жаўып қоясыз ба?".
Олар: "Әлбетте", деди.
Ийса алайҳиссалам: "Яқ, сизлер оның қалған жерин де ашып таслайсыз", деди.
Олар: "Субҳаналлаҳ! Қалғанын ашыўға қалай қол барады?", деди.
Сонда Ийса алайҳиссалам: "Сизлердиң қасыңызда бир адам басқа адамды жаманласа, сизлер де қосылып жаманлайсыз ямаса мақуллап отырасыз. Буның менен сизлер оның қалған әўретин де ашқан боласыз", деди.