Qaraqalpaqstan xabar agentligi
9.41K subscribers
56.6K photos
958 videos
50 files
30.5K links
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң Телеграм тармағындағы рәсмий каналы

Сайт – kknews.uz
LIVE хабар – @kknews_live
Спорт – @kknews_sport

E-mail: [email protected]

Мүрәжатлар ушын бот-мәнзили – https://t.iss.one/KarakalpakstanIA_bot
Download Telegram
Кийим-кеншек ҳәм басқа да азық-аўқатлық емес затлардың көшпели саўдасына рухсат бериледи

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем енгизилген барлық шеклеўлер 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем даўам етиўинен келип шығып:

Азық-аўқатлық емес затлар (кийим-кеншек, хожалық товарлары, нәллер, туқымлар) саўдасына көшпели саўда орынлары арқалы санитариялық-гигиеналық талапларға толық әмел еткен ҳалда шөлкемлестириўге рухсат бериледи.

Бунда социаллық аралық (2 метр) сақланыўы және басқа санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етилиўи мәжбүрий болып есапланады.

Ағза болың👉@kknews_uz
Карантин ўақтында мүддети питетуғын барлық түрдеги лицензия, рухсатнама ҳәм паспортлардың әмел етиў мүддети узайтылады

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем енгизилген барлық шеклеўлер 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем даўам етиўинен келип шығып:

Карантин дәўиринде мүддети питетуғын барлық рухсат бериў өзгешелигине ийе болған ҳүжжетлер (лицензия ҳәм рухсатнамалар) және шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң (пуқаралық паспорты, Өзбекстанда жасаў рухсатнамасы), автотранспорт қураллары ушын талап етилетуғын ҳүжжетлердиң (қамсызландырыў полиси, транспортты басқарыў ушын исеним хаты, транспорт қуралының (қайта) дизимнен өткерилгенлигин ҳәм техникалық тексериўден өткенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер) әмел етиў мүддети 2020-жылдың 1-июль күнине шекем узайтылады.

Олардың мүддети өткенлиги себепли жуўапкершилик ҳәм басқа шаралар қолланылмайды.

Ағза болың👉@kknews_uz
Пенсионерлердиң пластик карталарынан комиссиялық төлемлер өндирилмейди. Электрон санлы имза аралықтан алынады

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем енгизилген барлық шеклеўлер 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем даўам етиўинен келип шығып:

Карантин дәўиринде тек ғана банк пластик карталарына өткериў тәртиби белгиленгенлигин есапқа ала отырып, пенсионерлердиң пластик карталарындағы операциялар ушын комиссиялық төлемлерди өндирмеў тәртиби енгизиледи.

Электрон санлы имза гилтин аралықтан турып алыў механизми енгизиледи.

Ағза болың👉@kknews_uz
Жеткерип бериў менен шуғылланып атырған таксистлер арнаўлы комбенизон, қолқап ҳәм нықап кийип жумыс ислейди

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем енгизилген барлық шеклеўлер 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем даўам етиўинен келип шығып:

Жеткерип бериў хызметин көрсетиўши лицензиясына ийе болған, жөнелиссиз таксилердиң басқарыўшылары "арнаўлы комбенизон" (жеке қорғаныў кийими), медициналық қолқап ҳәм нықаплар кийип жумыс ислейди.

Жолаўшы тасыў хызмети менен байланыслы барлық лицензиялар бойынша арза қабыллаў ҳәм лицензияларды көрип шығыў және бериў 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем ўақытша тоқтатылады.

Ағза болың👉@kknews_uz
Мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлер коронавирус инфекциясын анықлаў бойынша пуллы хызмет көрсетеди

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем енгизилген барлық шеклеўлер 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем даўам етиўинен келип шығып:

Мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерге барлық талапларға әмел еткен ҳалда, аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларының басшылары тәрепинен тастыйықланатуғын шәртнама тийкарында 2020-жыл 1-сентябрьге шекем коронавирус инфекциясын лабораториялық тексериў бойынша пуллы хызмет көрсетиўи ушын рухсат бериледи.

Ағза болың👉@kknews_uz
Дийқан базарлары ҳәм саўда орайларында "зигзаг" тәртиби енгизиледи

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем енгизилген барлық шеклеўлер 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем даўам етиўинен келип шығып:

Дийқан базарларында, соның менен бирге, базар аймағынан сыртта жайласқан ири азық-аўқат дүканларында саўдалар социаллық аралықты (2 метр) сақлаған ҳалда, "зигзаг" тәртибинде (қубырлар, бәнтлер ҳәм усы сыяқлы тосықлар арқалы) шөлкемлестириледи.

Ҳәр бир базарға кириўде "дезинфекция туннели" ҳәм "санитариялық пост"лар, дезинфекция топарлары шөлкемлестирилип, олар базар аймағында карантин илажлары талапларына әмел етилиўин тәмийинлейди.

Ағза болың👉@kknews_uz
https://kknews.uz/kk/57000.html
Коронавирус қайтыс болған адамлардан жуғыўы мүмкин бе?

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57001.html
ПАНДЕМИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ БОЙЫНША ХАЛЫҚАРАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИ КҮШЕЙТИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57014.html
ҲУҚЫҚБУЗАРҒА 15 СУТКА ҚАМАҚ ЖАЗАСЫ ТАЙЫНЛАНДЫ

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57017.html
БҮГИН ҚЫЙТАҚ ЖЕР ТИЙКАРҒЫ ДӘРАМАТ ДӘРЕГИНЕ АЙЛАНБАҚТА

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57023.html
ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ҚЫТАЙ КОРОНАВИРУСҚА ҚАРСЫ БИРГЕЛИКТЕ ГҮРЕСЕДИ

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57026.html
Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясынан емленип атырғанлар ҳәм олардың жағдайы ҳаққында мағлыўмат берилди

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57028.html
Коронавирусты үй шараятында қалайынша набыт етиў мүмкин?

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57031.html
Европа Чемпионлар лигасы қашаннан баслап даўам етеди?

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
https://kknews.uz/kk/57033.html
Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев карантин ўақтында қандай китапларды оқыўды усыныс етти?

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
«Looma» сүўретлер агентлиги «Карантин өнери» атамасындағы жойбарды әмелге асырды.
Дүньяға белгили сүўретлер карантин шараятына байланыслы өзгертип көрсетилген. Көрип, баҳа бериң!

Ағза болың
👉@kknews_uz