QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi
64.9K subscribers
28.4K photos
2.94K videos
76 files
10.7K links
QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı

Isenim tel: (61) 222-94-45

Official website: https://kkbilim.uz/

Múrájat ushın: @QRMSHMBMbot

Korrupciya: https://t.iss.one/bilimlendiriw_Korrupciya_bot
Download Telegram
МЕКТЕПЛЕРДЕ ШЕМБИЛИК-ТАЗАЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

Бүгин 30-апрель, ҳәптениң шемби күни. Бул күн республикамызда "Мәҳәлле абатлығы-журт пәраўанлығы" шеңберинде улыўма халықлық шембилик күни сыпатында белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен бүгин ерте таңнан Кегейли районы халық билимлендириў бөлимине қараслы барлық улыўма орта билим бериў мектебиниң хызметкерлери мектеп әтирапының тазалығы ҳәм абаданлығы ушын хызмет етпекте.

Кегейли районы ХББ мәлимлеме хызмети @kegeyli_rxbb
#Online

✏️"Мәҳәлле абатлығы-журт пәраўанлығы" шеңберинде өткерилип атырған улыўма халықлық шембилик шеңберинде районымыз бойлап абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен әмелге асырылмақта.

Бул ийгиликли басламаға "Мәденият" МПЖ пуқаралары, 19-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы мәлимлеме китапхана орайының мийнет жәмәәтлериде өзлериниң мүнәсип үлеслерин қоспақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
🌿"Jasıl mákan" ulıwma milliy háreketi sheńberinde Bozataw rayonı Xalıq bilimlendiriw bólimine qaraslı 1-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebi átirapında abadanlastırıw jumısları ámelge asırılıp, bul ilajǵa rayon hákimi K.Allaniyazov hám tiyisli taraw basshıları qatnastı.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti

👉👉👉 t.iss.one/kkeduuz
#online

Бәршемизге мәлим, бүгин, 30-апрель күни "Мәҳәлле абатлығы-журт пәраўанлығы" шеңберинде улыўма халықлық шембилик даўам етпекте.

Усы мүнәсибет пенен бүгин, түстен соң, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине бириктирилген “Жеке терек” МПЖ аймағындағы көп қабатлы үйдиң әтирапин абаданластырыў, жап-салмаларды, әтирап-аймақты шығындылардан тазалаӯ жумыслары алып барылды.

👉👉👉 t.iss.one/kkeduuz
"Китабым-жақын достым" атамасында жарыс өткерилди

⚡️Кегейли районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебиның оқыўшыларының китап оқыўға деген қызығыўшылықларын еледе арттырыў мақсетинде 8-9-класс оқыўшылары арасында "Китабым-жақын достым" атамасында жарыс өткерилди.

⚡️Жарыста жеңимпаз болған оқыўшы жаслар диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Кегейли районы ХББ мәлимлеме хызмети @kegeyli_rxbb