Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.91K subscribers
31K photos
3.19K videos
63 files
4.94K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
БУГИН МҮРӘЖАТЛАРДЫ ҚАБЫЛЛАЎ КУНИ

Бүгин райондағы 11-санлы Балалар музыка ҳәм кɵркем-ɵнер мектебинде район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшыларының пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша гезектеги қабыллаўы ɵткерилди.

Қабыллаў даўамында районның түрли аймақларынан ɵз мүрәжатлары, пикир-усыныслары менен қатнасқан пуқаралардан коммуналлық мәселелер, бәнтлик, үй-жай ҳәм егислик суў машқалаларына байланыслы жәми 18 мүрәжат қабыл етилип, оннан 5 мүрәжат сол орынның ɵзинде тийисли тараў басшыларының қатнасыўында имканиятлар шеңберинде үйренилип шығылып сол орынның ɵзинде унамлы шешилди.

Сондай-ақ, бүгинниң ɵзинде районның бир нешше мәҳәллелеринде сектор басшылары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша кɵшпели қабыллаўлар ɵткерилди. Бул ҳаққында толығырақ мағлыўмат берип барамыз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
"ҚУЯШЛЫ"МПЖ ДА СЕКТОР БАСЛЫҒЫНЫҢ ҚАБЫЛЛАЎЫ ӨТКЕРИЛДИ

Бүгин район прокуроры, 2-сектор баслығы Қ.Бекмуратовтың сектор аймағына қараслы "Қуяшлы" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар ҳәм жаслардың мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм пикир-усыныслары тийкарында ашық сәўбетлесиў мақсетинде гезектеги қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаў даўамында 3 жастың бәнтлик мәселеси ҳәм 5 пуқараның медициналық жәрдем көрсетиў, аймақтың айырым көшелеринде электр тәмийнатын жақсылаў, жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыўда әмелий жәрдем бериў ҳәм субсидия тийкарында тигиў машинасын алыўға көмеклесиў бойынша еткен мүрәжатлары қабыл етилди.

Қабыл етилген мүрәжатларды үйренип шығып, өз мүддетлеринде орынлаў бойынша тийисли тараўларға тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
📖"КИТАПҚУМАРЛЫҚ ҲӘПТЕЛИГИ"НИҢ ЖУЎМАҒЫНА АРНАЛҒАН ИЛАЖ

Кегейли районы бойлап ҳәпте даўамында "Китапсүйер миллет" сүрени астында өткерилген "Китапқумарлық ҳәптелиги"ниң жуўмақлаў мәресими бүгин райондағы Мәлимлеме китапхана орайында болып өтти.

Ҳәптелик даўамында өткерилген илажларға 300ге шамалас китарқумар жаслар қамтып алынды.

Илаж район көркем-өнер шеберлери ҳәм ҳәўескер жаслардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам еттирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial