Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.81K subscribers
28.9K photos
2.92K videos
57 files
4.53K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Жумыссызлар ушын бийпул тил үйрениў курсы жумыс баслады

Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бѳлими имаратында район аймағындағы жумыссыз жәмлеспеген жасларды хәм жумыссыз пуқаралар ушын Немец тилинен оқыў курслары шѳлкемлестирилмекте. Оқыў курсын 3 ай даўамында оқып тамамлағаннан кейин шет еллерде, яғный, Германияда пуқараларға хызмет көрсетиў, ислеп шығарыў, медицина ҳәм қурылыс тараўларына жумысқа барыў имканияты жаратылады.

Еслетпе: Оқыў курслары бийпул! 

Байланыс ушын:
+988952505100
+998933660182
Толық мағлыўмат:          https://t.iss.one/shet_elde_jumis

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жүзимбағ ҳаял-қызлары аўызбиршиликтиң үлгисин көрсетти

Пилле мапазы өз ўақтында жипек қуртын тәрбиялаў жумыслары менен әҳмийетли. Бул сынаўлы дәўирдиң әҳмийетин Жүзимбағ АПЖ аймағындағы ҳаял-қызлар терең сезинген ҳалда бирлесип, жипек қуртларын шаңарақларда емес, ал, бир орында бағыўды мақул көрди. Бүгинги қаҳарманларымыз 10 қуты жипек қуртын күни-түни тәрбиялап, пилле жетистирип, мәмлекет қырманына тапсырыўға ериспекте. Пиллени жыйнаў жумысларына аймақтың белсенди жасы үлкен апалары жақыннан жәрдем бермекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🏆 Спорт мектеплери футбол лигасы

📌Нөкис қаласы "Туран" стадионында U-13 жас тайпасында "Спорт мектеплери лигасы" Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақланды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды.

🥇 Хожели районы
🥈 Кегейли районы
🥉 Меҳнат СМ

✍️ ККФА мәлимлеме хызмети!

📲 @kkfa_uz
Кегейли районында 5-басқыш «Ҳаяллар дәптери»не жәми 2179 ҳаял дизимге алынған болып, соннан, 3-сектор аймағына қараслы мәҳәллелерде жәми 557 ҳаял есапқа алынған. Әлбетте, дизимге алынған ҳаял-қызларға  ҳәр тәреплеме әмелий жәрдемлер кɵрсетилиўи белгиленген болып, сектор аймағында жумыссызлық тайпасы бойынша дизимге алынған 50 ҳаял-қызды Нɵкис қаласында жайласқан музейлерге саяхаты шɵлкемлестирилип, оларды кәсипке оқыўға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Моно орай жумыслары менен таныстырылды.

@kegeylirkuzofficial
Малайзияның абырайлы оқыў орны менен қоспа тәлим бағдарламасын ашыў бойынша шәртнамаға қол қойылды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты делегациясы әмелий сапар шеңберинде Малайзияның Lincoln University College оқыў орнында болды.

Сапардан гөзленген мақсет «THE World University Rankings» халықаралық рейтинги бойынша дүняның «ТОП-300»лик жоқары оқыў орынлары қатарына кирген усы оқыў орны менен билимлендириў ҳәм илимий-изертлеўлер бағдарында бирге ислесиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат еди.

Әҳмийетлиси, Lincoln University College оқыў орнының президенти ҳәм проректорлары менен болып өткен рәсмий ушырасыў нәтийжесинде анық ҳәм тәбийий пәнлерди оқытыў методикасы (биология) магистратура қәнигелиги, соның менен бирге, шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили бакалавр тәлим бағдары ҳәм магистратура қәнигелиги бойынша қоспа тәлим бағдарламасын ашыў ҳаққында шәртнамаға қол қойылды.

Соның менен бирге, ушырасыўда институт профессор-оқытыўшылары ушын Малайзияда стажировка алып барыў, сондай-ақ, бул жердеги профессор-оқытыўшыларды институттағы оқыў процесине бириктириў ҳәм биргеликте халықаралық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланып, еки оқыў орны арасында еки тәреплеме бирге ислесиўди басқышпа-басқыш раўажландырып барыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, институтта Малайзияның Lincoln University College оқыў орны менен 2022-2023-оқыў жылында мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша қоспа тәлим бағдарламасы жолға қойылған еди.

Малайзиянинг обрўли таълим муассасаси билан қўшма таълим дастурини очиш бўйича шартномага қўл қўйилди

Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институти делегацияси амалий сафар доирасида Малайзиянинг Lincoln University College таълим муассасасида бўлди.

Сафардан кўзланган мақсад «THE World University Rankings» халқаро рейтинги бўйича дунёнинг «ТОП-300»лик олий таълим муассасалари қаторига кирган ушбу билим юрти билан таълим ва илмий-тадқиқотлар борасида ҳамкорлик ишларининг самарадорлигини оширишдан иборат эди.

Аҳамиятлиси, Lincoln University College таълим муассасасининг президенти ва проректорлари билан бўлиб ўтган расмий учрашув натижасида аниқ ва табиий фанларни ўқитиш методикаси (биология) магистратура мутахассислиги, шу билан бирга, чет тили ва адабиёти: инглиз тили бакалавр таълим йўналиши ва магистратура мутахассислиги қўшма таълим дастурини очиш ҳақида шартномага қўл қўйилди.

Шунингдек, учрашувда институт профессор-ўқитувчилари учун Малайзияда малака ошириш, бу ердаги профессор-ўқитувчиларни институтдаги ўқув жараёнига бириктириш ва ҳамкорликда халқаро лойиҳаларни амалга ошириш масалалари муҳокама қилиниб, икки таълим маскани ўртасида икки томонлама ҳамкорликни босқичма-босқич ривожлантириб бориш бўйича амалга ошириладиган ишлар белгилаб олинди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter