This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Рамазан — қайыр-сақаўат айы
Алла таала: «Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай)», деп баян етеди. Рамазан айы басқа айларға салыстырғанда үстин ҳәм пазыйлетли ай. Муқәддес ай Рамазан айы мүнәсибети менен райондағы "Мағзан ийшан" мешити жәмәәти мәҳәллелердеги жәрдемге мүтәж, кем тәмийнленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм майыплығы бар болған пуқараларға азық-аўқат ѳнимлеринен тарқатты. Әлбетте мүтәжлерге жәрдем бериў, олардың ҳалынан хабар алыў да саўап әмеллерден есапланады.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

Қыйтақ жер ийелери ушын семинар өткерилди
Бүгинги күнлер егислик ушын қолайлы мәўритлер есапланады. Ҳәзир кимдур егиске таярлық көрип атырған болса, кимлердур үй қапталы қыйтақ жериндеги ықшам ыссыханасынан дәрамат алыўды баслап жиберди. Әлбетте, ҳәр бир мәҳәлледе бар болған усындай шаңарақларды аймақ халқына үлги етип көрсетип барыўда мақсетке муўапық. Усы тийкарда, бүгин Ийшан қала АПЖ аймағында қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып отырған шаңарақларға барған ҳалда көргизбели әмелий семинар өткерилди. Семинар даўамында шаңарақ ийелери жыл даўамында шаңарағының дәрамат дерегине айланған қыйтақ жерден өним алыў басқышларын айтып берди.

Жас өспиримлер ҳәм олардың ата-аналары менен сәўбетлесиўлер өткерилмекте
Бүгин Кегейли районы прокуратурасы ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте социаллық қәўипли шаңарақларда тәрбияланып атырған жаслар менен жеке тәртипте сәўбетлесиўлер ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыў даўамында 10 нан артық жастың ҳәм олардың ата-аналарының қыйнап киятырған машқалалары тыңланды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

🔥Tólepbergen Qayıpbergenovtıń "Qaraqalpaqnama" kitabınıń audio variantı shıqtı
Súyikli jazıwshımız Tólepbergen Qayıpbergenovtıń kitapqumar jámiyetshiligimizge usınılıp otırǵan “Qaraqalpaqnama” roman-essesi óz waqtında xalıqaralıq Maxmud Qashqariy sıylıǵına miyasar bolǵan. Roman-esse XX ásirdegi pútkil túrkiy xalıqlar ádebiyatınıń jańalıǵı sıpatında qaraqalpaq tilinen basqa ózbek, qazaq, orıs tillerinde birneshe million nusqada basılıp shıqqan. Milliy ádebiyatımızdıń, hátteki túrkiy tilles ádebiyatlardıń tuńǵısh janrı bolǵan bul roman-essede avtor qaraqalpaq xalqınıń ótmishi, házirgisi hám keleshegi haqqında tereń oy juwırtadı.
Audiokitap: BOOKY NUKUS
Dawamlılıǵı: 11 saat
Bahası: 29 000 sum
Satıp alıw ushın: https://booky.uz/book/qaraqalpaqnama-suyikli-jaziwshimiz-tolepbergen-qay
📲 Telegram | Instagram | YouTube | Vebsayt

Кегейли районында қайырқомлық иләжы ѳткерилди
“Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Рамазан айы мүнәсибети менен Кегейли районындағы шараяты аўыр, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айрылған 500 шаңарақ ушын таярлаған азық-аўқат ѳнимлери районға жетип келди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
“Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Рамазан айы мүнәсибети менен Кегейли районындағы шараяты аўыр, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айрылған 500 шаңарақ ушын таярлаған азық-аўқат ѳнимлери районға жетип келди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
DÍQQAT, DÍQQAT❗️❗️❗️
Kegeyli Jasları IT mektebimizde KOMPYUTER SAWATXANLÍǴÍ KURSına qabıllaw baslandı. Kursımızda siz: Kompyuterdi 0 den baslap tolıq durıs paydalanıwdı úyrenesiz. Bunnan tısaqarı:
-Word, Excel, PowerPoint;
-Fayl manager;
-Internet texnologiyalar, jasalma intelekt penen islesiw;
-email, Brauser;
-Canva => konstruktor;
-Email poshta arqali fayl hám maǵlıwmatlar jiberiwdi;
-Google sheets, Google disk, Google Docks, Google Slides, Google forma;
-File konvertatsiya;
-Antivirus hámde windows ornatıw boyınsha tolıq bilimge iye bolasız.
Tolıq maǵlıwmat ushın:
93 712 49 41
93 449 49 18
77 103 20 07
Telegram:
@KEGEYLIJASLARITMEKTEBI (jeke bólim)
https://t.iss.one/Kegeyli_IT_Mektep (telegram kanal)
Instagram:
https://www.instagram.com/it_mektep_kegeyli?igsh=MXNuN2h2YzhiZjJzdA==
Web sayt:
https://itkegeyli.uz/

Рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте
Бүгин “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Рамазан айы мүнәсибети менен Кегейли районындағы шараяты аўыр, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айрылған 500 шаңараққа азық-аўқат ѳнимлери тапсырылды.