Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
28K photos
2.81K videos
57 files
4.33K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Дағаза

Ҳүрметли пуқаралар!

Сиз Кегейли районында жаңадан шɵлкемлестирилип атырған қалашада ɵзиңиздиң заманагɵй үйиңиз болыўын қәлейсизбе?

☝️Онда «Жаңа ϴзбекстан» турақ жайлар массиви сиз излеген үйлерди усынады.

🏠Турақ жайлардың ɵлшеми ҳәм баҳалары тɵмендегише:

2 ханалы 42,75 кв метр ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 213 750 000 млн сўм,

Басланғыш тɵлеми: 32 062 500 млн сум,

Айлық тɵлем: 2 664 993 млн сум,

2 ханалы 44,94 кв метр ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 224 700 000 млн сум

Басланғыш тɵлеми: 33 705 000 млн сум

Айлық тɵлем: 2 801 515 млн сум

2 ханалы 45,76 кв метр ɵлшемдеги квартира

Бахасы: 228 800 000 млн сум;

Басланғыш тɵлеми: 34 320 000 млн сум

Айлық тɵлем: 2 852 633 млн сум.

3 ханалы 58,40 ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 292 000 000 млн сум,

Басланғыш тɵлеми: 43 800 000 млн сўм,

Айлық тɵлем: 3 640 598 млн сум.

4 ханалы 76,04 ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 380 200 000 млн сўм,

Басланғыш тɵлеми: 57 030 000 млн сум,

Айлық тɵлем: 4 740 259 млн сум.

ЕСЛЕТПЕ: Егер сиз басланғыш тɵлеми ушын субсидияға ийе болсаңыз 32 млн сум мәмлекет тәрепинен тɵлеп бериледи.

ЖЕҢИЛЛИК: Турақ жайдың айлық тɵлеми ушын 5 жыллық жеңиллетилген дәўир белгиленген болып, усы 5 жыл даўамында 1 млн 400 мың сум тɵлем мәмлекет тәрепинен тɵлеп бериледи. Мәселен, айлық тɵлем 2 664 993 сум болатуғын болса, сиз 5 жыл даўамында 1 264 993 сум тɵлейсиз.

КРЕДИТ: Турақ жайлар ушын кредит қаржысы АКБ «Туран» банк тәрепинен 20 жыл мүддетке ажыратылады.

Мағлыўмат ушын:
📲 93 486-05-71 Қурбанбек Тилепбаев
📲93 361-01-02 Арысланбек Тилепбаев

@kegeylirkuzofficial
#Дағаза

Ҳүрметли пуқаралар!

Сиз Кегейли районында жаңадан  шɵлкемлестирилип атырған қалашада ɵзиңиздиң заманагɵй үйиңиз болыўын қәлейсизбе?

☝️Онда «Жаңа ϴзбекстан» турақ жайлар массиви сиз излеген үйлерди усынады.

🏠Турақ жайлардың ɵлшеми ҳәм баҳалары тɵмендегише:

2 ханалы 54,8 ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 274 000 000 млн сум,

Басланғыш тɵлеми: 41 100 000 млн сўм,

Айлық тɵлем: 3 800 000 млн сум.

3 ханалы 65,23 ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 326 150 000 млн сўм,

Басланғыш тɵлеми: 48 922 500 млн сум,

Айлық тɵлем: 4 800 000 млн сум.

ЕСЛЕТПЕ: Егер сиз басланғыш тɵлеми ушын субсидияға ийе болсаңыз 32 млн сум мәмлекет тәрепинен тɵлеп бериледи.

ЖЕҢИЛЛИК
: Турақ жайдың айлық тɵлеми ушын 5 жыллық жеңиллетилген дәўир белгиленген болып, усы 5 жыл даўамында 1 млн 400 мың сум тɵлем мәмлекет тәрепинен тɵлеп бериледи. Мәселен, айлық тɵлем 2 664 993 сум болатуғын болса, сиз 5 жыл даўамында 1 264 993 сум тɵлейсиз.

КРЕДИТ
: Турақ жайлар ушын кредит қаржысы АКБ «Ипотека» банк тәрепинен 20 жыл мүддетке  ажыратылады.

Мағлыўмат ушын:
📲94 906-06-95 Сметов Адилбек
📲90 709-85-38 Сапарбаева Светлана

@kegeylirkuzofficial
#Дағаза

Ҳүрметли пуқаралар!

Сиз Кегейли районында жаңадан  шɵлкемлестирилип атырған қалашада ɵзиңиздиң заманагɵй үйиңиз болыўын қәлейсизбе?

☝️Онда «Жаңа ϴзбекстан» турақ жайлар массиви сиз излеген үйлерди ҳәм саўда дүканларын усынады.

🏠Турақ жайлардың ɵлшеми ҳәм баҳалары тɵмендегише:

🏠1 ханалы ҳәм дүкан имаратына ийе 98 кв метр ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 560 000 000 млн сум,

Басланғыш тɵлеми: 84 000 000 млн сўм,

🏠1 ханалы ҳәм дүкан имаратына ийе 71 кв метр ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 420 000 000 млн сум

Басланғыш төлеми: 63 000 000 млн сум

📌Дүкән имаратлары келисимли баҳада

2-3 этажда жайласқан квартиралардың баҳалары:

🏠2 ханалы 54,9 кв метр ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 274 500 000 млн сум,

Басланғыш тɵлеми: 41 175 000 млн сўм,

🏠3 ханалы 67,4 кв метр ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 337 000 000 млн сўм,

Басланғыш тɵлеми: 50 550 000 млн сум,

🏠4-5 этажда жайласқан квартиралардың баҳалары

🏠2 ханалы 54,9 кв метр ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 247 050 000 млн сум,

Басланғыш тɵлеми: 38 000 000 млн сўм.

🏠3 ханалы 67,4 кв метр  ɵлшемдеги квартира

Баҳасы: 303 300 000 млн сўм,

Басланғыш тɵлеми: 46 000 000 млн сум,

ЕСЛЕТПЕ: Егер сиз басланғыш тɵлеми ушын субсидияға ийе болсаңыз 32 млн сум мәмлекет тәрепинен тɵлеп бериледи.

ЖЕҢИЛЛИК
: Турақ жайдың айлық тɵлеми ушын 5 жыллық жеңиллетилген дәўир белгиленген болып, усы 5 жыл даўамында турақ жай төлеминиң 8 % ы мәмлекет тәрепинен тɵлеп бериледи.

Турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлери толық таяр ҳалатта.

ҚОЛАЙЛЫҚ: Егер сизде басланғыш төлем қаржылары болмаса, қурылыс фирмасы тәрепинен қолайлы шәртлерде төлеп бериў имканияты бар.

КРЕДИТ
: Турақ жайлар ушын кредит қаржысы АКБ «Миллий банк» банк тәрепинен 20 жыл мүддетке  ажыратылады.

Мағлыўмат ушын:
📲90 574- 76-65 Шынполатов Кеўлимжай
📲99 456-80-06 Шынполатов Кеўлимжай


@kegeylirkuzofficial
#Халықлар дослығы. Бүгин қазақ халқының көрисиў байрамы

КӨРИСЕЙИК КЕЛ БАЎЫРЫМ

Сәлем деген дин исламда сүннетғой,
Сүннет деген ҳәр адамға миннетғой,
Қушақласып көрисейик баўырым
Қазақ деген кең пейилли миллетғой.

Туўысқансаң өзбек киби қазағым,
Көрдик бирге өтмиштиң не азабын.
Қораң малға толып, үйиң ул-қызға
Жолың болып, жақын болғай узағың.

Қазақ баўыр бизиң менен туўысқан,
Жаў жуңғарды аямай көп қуўысқан.
Қуўанышты екеўи тең байрамлап
Тилек айтып дәстурханда жуўысқан.

Қуда болып қыз алысып, берискен,
Нан сындырып еки тəреп келискен.
Қазақ, Қарекеңниң не бир жаслары
Турмыстағы бахытқа көп ерискен.

Егиз қойдай биз қаналас халықпыз,
Суўда жүзген мисли татыў балықпыз.
Қазақ баўыр кең далаға кеткен соң
Биз Қарекең усы жерде қалыппыз.

Оқығанбыз өлеңин көп қазақтың,
Тарийхыңда биз сыяқлы узақ дым.
Екеўимизде әзелден бир туўысқан
Урпағымыз Созақ пенен Разақтың.

Қазақ көрсем жақынымдай көремен,
Муңайса муңайып, күлсе күлемен.
Көриспесем қазақ пенен мен бүгин
Бир нәрсени жойтқандай боп жүремен.
❗️«Ашық бюджет» бойынша даўыс бериў процеси ўақытша тоқтатылады ҳәм 16 март 00:00 ден даўам еттириледи

«Ашық бюджет» порталы жумысында айырым техникалық бузылыўлар бақланып атырғанлығы себепли портал искерлигинде үзилислер болып атыр. Бузылыўларды толық сапластырыў мақсетинде даўыс бериў процесслери ўақытша тоқтатылады ҳәм 16 март саат 00:00 ден баслап даўам еттириледи.

Ҳәзир қәнигелер тәрепинен кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.

📞 Система искерлигине тийисли қосымша сораўларыңыз болса төмендеги номерге қоңыраў етиўиңиз мүмкин: +99871 2035050 (ишки номер — 01323, 01327).

Экономика ҳәм Финанс министрлиги
ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ СЕКСЕН ЖЕТИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы ҳаким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Толық оқыў: https://kegeyli.uz/19782.html

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Әзизбек бәҳәрги егиске таярланып атыр. Сизши?

Заманласымыз Әзизбек Хожабаев Гүжим терек МПЖ да жасайды. Сɵйлеў ҳәм еситиў имканияты шекленгенлигине қарамастан, ол ɵзиниң ана жерге деген меҳрин әмелдеги ислери менен дәлиллей алады. Әзизбек балалықтан майыплығы болыўына қарамастан ɵзин ҳеш бир саламат пуқарадан кем кɵрмейди. Оның ɵмирге деген қызығыўшылығы күшли. Арзыўлары  таўлардан да бәлент. ϴмирдиң мазмунын мийнет ҳәм ҳәрекетте деп билген қаҳарманымыз арқалы әпиўайы жумыслар арқалы да шаңараққа, жәмийетке, тәбиятқа пайда келтириў мүмкинлигин сезиндик. Бүгин оның үй шараятында нәл жетистириўге деген ҳәрекети үлкен ойлап табыў ямаса жаңалық болмаўы мүмкин. Бирақ, ол «мәмлекет мени бағыўы керек, мәмлекет маған напақа берип атыр»-деген түсиник пенен жасап атырған жоқ. Ол бағ жаратып тәбиятқа, қыйтақ жеринен пайдаланып шаңарағына пайдасын тийгизип отыр.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
💪Kegeyli rayonı jasları ushın startap tańlaw

2024-jıl 15-mart kúni IT Park hám Kegeyli rayonı hákimligi menen birgelikte Kegeyli jasları ushın IT tarawı boyınsha Ideathon startap tańlawı shólkemlestirilmekte

ℹ️ Startap tańlaw- keleshekte óz texnologiyalıq biznesińizdi jaratıw ushın bir kún ishinde ideyanı oylap tabıw hám onı minimal turmıslıq ónimge aylandırıw imkaniyatın beretuǵın ilaj.

Startap tańlawda IT tarawına qızıǵıwshı, startap ideası bar hár bir jas tómendegi jónelisler boyınsha qatnasıwı múmkin:

▫️Den sawlıqtı saqlaw hám ekologiya ;
▫️Finans-ekonomika hám xalıqtıń bántligin támiyinlew;
▫️ Awıl hám suw xojalıǵı ;
▫️Transport, bilimlendiriw hám turizm
▫️Qurılıs, energetika hám robototexnika

Jeńimpazlar qımbat bahalı sawǵalar menen sıylıqlanadı.

Jarısqa eń keminde prezentaciya(slayd) menen qatınasıw kerek!

Dizimnen ótiw ushın silteme:
https://forms.gle/koiJjsZk5oonXegH7

Baylanıs ushın:+998 93
365 16 44
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Наўрыз байрамы илажлары  өткерилетуғын орынларда арнаўлы-тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

Кегейли районында Наўрыз улыўма халықлық байрамы өткерилиўи белгиленген Спорт мектеби имараты майданшасында тийисли хызметлер менен биргеликте арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўлары өткерилди.

Онда, районлық Айрықша жағдайлар бөлими баслығы орынбасары А.Юсупов сөзге шығып, оқыў шынығыўының мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында түсиник берди.

Буннан соң, районлық Айрықша жағдайлар бөлими менен бирге ислесиўши тийисли хызметлердиң айрықша жағдайлар жүз бергендеги ҳәрекетлери сынақтан өткерилди.

Бундай арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўларды өткериўден тийкарғы мақсет байрам илажлары даўамында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм жүзеге келген жағдайларда бирге ислесиўши хызметлердиң анық ўазыйпаларын белгилеп бериў болып табылады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Jaslar_TV
#Qaraqalpaqstan_online
#12_03_2024

IRRIGACIYA TARAWÍNDA KÓP JÍLLARDAN BERLI XÍZMET ETIP KIYATÍRǴAN QÍZLARGÚL ALLABERGENOVA HAQQÍNDA

#Kegeyli_rayonı

Kanalǵa aǵza bolıw:👇👇
https://t.iss.one/jaslar_tv_online

https://youtu.be/NuFUkw7cpGI
Кегейли  районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында  2024-жыл  14-март   күни  саат  18:00 ге шекем 313-санлы трансформатор  пунктинен шығыӯшы 0,4 кВ ҳаӯа тармағында киши оӊлаӯ  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы «Көк-өзек» АПЖ аймағында  2024-жыл  14-март   күни  саат 18:00 ге шекем 232-санлы трансформатор  пунктинен шығыӯшы 0,4 кВ ҳаӯа тармағында киши оӊлаӯ  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр  энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🎧 "Booky" qaraqalpaq tilindegi audiokitaplar platformasına jaylastırılǵan 7 kitap

1. Tólepbergen Qayıpbergenov: "Muǵallimge raxmet" povesti (tolıq)
2. Gúlaysha Esemuratova: "Jiyren" povesti (tolıq)
3. Muratbay Nızanov: "Aqshagúl" povesti (tolıq)
4. Shıńǵıs Aytmatov: "Jámiyla" povesti (tolıq)
5. Ibrayım Yusupov: "Tumaris" poeması (tolıq)
6. Ámet Shamuratov: "Meniń jolbarıslar menen jolıǵısıwlarım" gúrrińler ciklı (tolıq)
7. Muratbay Nızanov: "Ashıq bolmaǵan kim bar" (tolıq)

Jaqın kúnler ishinde Tólepbergen Qayıpbergenovtıń "Qaraqalpaqnama" kitabınıń audio variantı shıǵadı.

www.booky.uz platfforması hám mobil qosımshasınan paydalanıw boyınsha qollanba joqarıdaǵı videoda tolıq kórsetilgen.

Jáne qaysı kitaptıń audio variantı shıǵıwın qáleysiz? Tómendegi kommentariya bóliminde pikirińizdi jazıp ketiń.

👉 Android | Vebsayt

📲 Telegram | Instagram | YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🍃Umumxalq xayriya hasharida faol ishtirok eting!

2024-yilning 16-18-mart kunlari O’zbekistonda “Obod va fayzli mahalla — yurt koʻrki” shiori ostida umumxalq xayriya hashari oʻtkaziladi.
https://eco.gov.uz/uz/site/news?id=4048
__

🍃Примите активное участие во всенародном хашаре!

С 16 по 18 марта 2024 года в Узбекистане пройдёт всенародный хашар под лозунгом «Благоустроенная и процветающая махалля — украшение страны»
https://eco.gov.uz/ru/site/news?id=4048
__

🍃Take an active part in the nationwide khashar!

From March 16 to 18, 2024, a nationwide khashar will be held in Uzbekistan under the slogan "A well-maintained and prosperous mahalla is the decoration of the country"
https://eco.gov.uz/en/site/news?id=4048

🍀Rasmiy sahifalarimizni kuzatib boring:
☸️ youtube | 🌐 instagram |
🕊telegram | facebook