#КЕГЕЙЛИ_95_ЖАСТА
Той тамашасы ойынлар менен даўам етти
Бүгин сән-салтанат пенен өткерилген 95 жыллық байрам илажлары шеңберинде райондағы "Абат" аўыл пуқаралар жыйынындағы ат шабар майданда ат шабыс, айлаў, жорға жүрис жарыслары өткерилип, палўанлар өз-ара гүреске түсти. Өткерилген ойынларға республикамыздың барлық районларынан, қалаберсе, қонсы ўәлаятлардың шабандозлары менен палўанлары қатнасты.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#КЕГЕЙЛИ_95_ЖАСТА
Ат шабыста 11 айлаў бойынша ойынларда бас байрақ түйе Қараөзекли шабандозға несип етти.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Ат шабыста 11 айлаў бойынша ойынларда бас байрақ түйе Қараөзекли шабандозға несип етти.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Кегейлиниң бүгинги келбетине кешеги инсанлар себепши!
Өтседе қанша жыл, ай, күн.
Умытпай, кел, деп күткен жер!
Ассалаўма алейкум.
Балалығым өткен жер!
Бүгин кеўиллеринде туўылған жерге деген бир дүнья сағыныш, бир әлем қуўаныш пенен Кегейлиге келген Кегейлиши перзентлердиң кеўиллеринен әне усындай жыллы сезимлер өткен болса керек. Биз буны сыртлай бақлап, ишлей сезиндик. Өйткени, олардың көзлери қуўаныштан жайрап, дийдарласты. Олар бүгин ел басшыларынан шексиз миннетдар болды. Олар бүгин туўылған жериниң 95 жыллық торқалы тойын тойлаў несип еткени ушын шүкиршилик билдирди. Үлкен экранда байрам мийманларына Кегейлиниң кешеги күни менен бүгинги раўажланыўы сәўлеленген видеоролик қойып берилди. Сиз ол жерде болмаған болсаңыз, көп санлы халқымыздың дыққатына усы роликти усыныўды мақул таптық.
Архив материалларын жыйнаған:
🎞Қ.Жиемуратов
🎞Н.Дәўенова
Монтажшы:
🎞Азамат Нуржанов

Ўзбекистон Миллий ахборот агентлиги - расмий хабарлар, тезкор янгиликлар, таҳлилий-танқидий материаллар, қонун ҳужжатлари, фото ва видеорепортажлар
https://uza.uz/uz/posts/bekalar-pazandalik-mahoratini-namoyon-qildi_542460
https://uza.uz/uz/posts/bekalar-pazandalik-mahoratini-namoyon-qildi_542460
Uza.uz
Бекалар пазандалик маҳоратини намоён қилди
Қорақалпоғистон Республикаси Кегейли тумани ташкил этилганининг 95 йиллигига бағишланиб турли кўрик-танловлар ва спорт м
#Жасыл_мәкан_ушын
"Кегейли районы ҳәкимлиги бағы" жаратылды
Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан таңлап алынған 2,5 гектар жер майданға нәл егиў ушын алдын ала таярлық жумыслары алып барылып, бүгин, бул орында "Кегейли районы ҳәкимлиги" бағы жаратылды. Район ҳәкими Айбек Камалов басшылығында бағ ушын алма, алмурт, шабдал сыяқлы 2000 ға жақын мийўе нәллери отырғызылды. Әлбетте, бул егилген нәллер жыллар өтип, үлкен, көркем бағтың мийўели тереклерине айланыўы керек. Сонлықтан, егилген нәллердиң тәрбиясы ушын жуўапкерлер бириктирилип, анық тапсырмалар берилди.

КЕГЕЙЛИ ҲАҚҚЫНДА ТӨРТЛИКЛЕР
("Қарақалпақ айтысы" топарындағы күн темасы. 26.11.2023-жыл)
Парахат Сулайманов:
О, Кегейли, нәр алғанбыз Абат жабыңнан,
Дәм татқанбыс жемиси мол бағыңнан.
Ғыйт етсе табаным тартып турғаны,.
Мендейлер баршылық сени сағынған.
Байрам Қалмуратов:
Кеўлин таўып жетим жесир гедейдиң,
Топрағыңда өсип ойнап есейдим,
Тәрийхың бар әсирлерге татырлық,
ТОҚСАН БЕС ЖАС ҚУТЛЫ БОЛСЫН КЕГЕЙЛИМ.
Дүйсенбай Жолшымов:
Дәруазасы айқара - ашық арқаның.
Халқабадтан кирип қәдем таслағыл.
Таң азаннан сәлем менен басладым.
Киндик қаным тамған, жерим - Кегейлим.
Зульфия Жиемуратова:
Қусқана таўының күн шығарында,
Пайда болдың сен район санында,
Ары болдың жақсылардың қанында,
Тоқсан бес жас қутлы болсын Кегейлим.
Бүлбилзибан(Сейдемет Хожаметов):
Киндик қаным тамған топырағыңа,
Қойның толы журтлы болсын Кегейлим,
Ушып келдим уқсап бир пырағыңа,
Тоқсан бесиң қутлы болсын Кегейлим!
Гүлзар Жәлимбетова
Халқабадтан өткеннен соң Кегейли,
Кегей деген теректи ким билмейди?!
Жолдың бойын сол тереклер безейди,
Қутлы болсын тоқсан бес жас Кегейли!
Гулзар Ғанибаевна:
Бир жағың Халқабад, бир жағың Шымбай,
Бақсы- шайырларым жырлайды тынбай,
Жасайбер, мың ға шық хеш сағың сынбай,
Қутлы болсын тоқсан бес жас Кейгейли.
Жәнибек Үсенов:
Аржағың Бозатаў,бержағың Кердер,
Ахунлар жасаған кийели жер дер,
Тарийхыңды айтсам әсирге тең дер,
Тоқсан бес жас қутлы болсын Кегейлим!
Гүлхан Нурымбетова:
Тоқсанды да емес, жүзди де емес,
Тойланбақта дәл ортада тоқсан бес.
Қутлы болсын тойың бүгин Кегейли,
Басшың болсын алға сүйрер, зәбердес.
Венера Узақбергенова:
Тойлар тойға улассын торқалы елим,
Ата-бабам өткен кийели жерим,
Жүзим бағ,жаман аўыл және Халқабад,
Урпағыңман тараған мениң Кегейлим!
Дүйсенбай Жолшымов:
Гүзар жол жағасы - ауыл Жүзимбағ.
Балалығым өткен жерим "Тентегим."
Қоңысы - Шымбайым хәмде Бозатау.
Кегейлимсең қәдем басып жеткеним.
Дилбар Айтжанова:
Өтмишлерди тыңлап қайтып салсам сер,
Бабаларым киндик қаны тамған жер ,
Не биреўди қашаўлаған қылған ер,
Тоқсан бесиң қутлы болсын Кегейли.
Рано Хожамуратова:
Төркинлеп шықсам мен Кегейли тәреп,
Ҳәўесим келеди суйемен қәлеп,
Жүрегим ҳәўлирип асығып саған,
Қайта-кайта тәзим қыламан әдеп!
Зульфия Бабаниязова
Ойнап- өскен балалығым гуўасы
Жанға мәлҳәм аўылымның ҳауасы
Көзге ысық пахтазары, даласы
Ата- бабам журты, әзийз Кегейли!
Зульфия Турымбаева:
Ийинағашын ийнине қағып салып,
Көтерер нәзик бел майысып, талып,
Нешше жигитлердиң көз жаўын алып,
Кегейлиден суў алған қыз қайдасыз?
Әбдиразақ Дәўлетмуратов:
Деген сөз бар "ер жигиттиң болар үш журты"
Бәрине сыйар жарасса минез қулқы
Дайы журтым сый хүрметим кеуилим мүлки
Тоқсан бес жас қутлы болсын Кегейлим!
Азимжон:
Ушырастык суу бойына барганда
Колларына мен билезик салганда
Журегиме сен бир ушкын салганда
Жетиспеген арзыу болып калгансыз?
Кегейлиден суу алган кыз кайдасыз?
Ақшолпан Аманияз:
Әттең... излегеним енди пайдасыз,
Менсизде көп еди сизиң шайдаңыз,
Аңсарын аўдырған талай жигиттиң,
Кегейлиден суў алған қыз қайдасыз?
Еркинбай Наметов.
Кегейли бойларын есиме алып,
Ҳәм суў алған қыздың намасын шалып.
Байрамыңда йошып қосық айтайық,
Шадды қуррам болып тыңласын халық.
Мехрибан Полатовна:
Кегейли десе ербеңлейди қулағым,
Жас баладай бир жерде жоқ турағым,
Балалығым өткен Абат жаптың бойларын,
Келе берер, келе берер жырлағым!

#Қоңыраттан_сәлем
КЕГЕЙЛИМ 95 ЖАСТА
Бүгин Кегейлим 95 жасқа толды,
Аспанымыз ашық, елимиз парахат,
Адамлар кеўили шадлыққа толды,
Кеўиллер қосық, жазып бийтахат.
Тыныш елге байрам жарасар,
Халқың мийнеткеш ер азамат,
Жасларың билимге таласар,
Кегейлим ҳәрдайым болың саламат.
Гуллан халық бүгин қуўанышта,
Байрам қосықлары жаңлайды,
Жүзден саррас бес жыл кем жаста,
Шайырларың қосық жазып тынбайды,
Қуўанышым шексиз төртликке түсип,
Кегейлим байрамың болсын мүбәрек,
Қутлықлаўлар барса кеўилге жетип,
Ана Ўатан Ана жер сондай теберик.
Амангелди Сапаров
Қоңырат районы.
КЕГЕЙЛИМ 95 ЖАСТА
Бүгин Кегейлим 95 жасқа толды,
Аспанымыз ашық, елимиз парахат,
Адамлар кеўили шадлыққа толды,
Кеўиллер қосық, жазып бийтахат.
Тыныш елге байрам жарасар,
Халқың мийнеткеш ер азамат,
Жасларың билимге таласар,
Кегейлим ҳәрдайым болың саламат.
Гуллан халық бүгин қуўанышта,
Байрам қосықлары жаңлайды,
Жүзден саррас бес жыл кем жаста,
Шайырларың қосық жазып тынбайды,
Қуўанышым шексиз төртликке түсип,
Кегейлим байрамың болсын мүбәрек,
Қутлықлаўлар барса кеўилге жетип,
Ана Ўатан Ана жер сондай теберик.
Амангелди Сапаров
Қоңырат районы.