Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
27.8K photos
2.77K videos
57 files
4.29K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
МЕҲИР КҮНИНДЕ САҚАЎАТ КӨРСЕТИЛДИ

Хабарыңыз бар, ҳәптениң жума күни "Меҳир ҳәм сақаўат күни" деп белгиленген болып, усы мүнәсибет пенен бүгин «Инсан» социаллық хызметлер орайы директоры Р.Турданова Нурлы бостан МПЖ ҳәм Ақтуба АПЖ  ларда жасаўшы  ден саўлық жағдайы ҳәм жасына байланыслы бийтаплығы себепли түрли реабилитация буйымларына мүтәжлиги бар болған пуқаралардың ҳалынан хабар алып, оларға керекли буйымларды тапсырды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial‌‌
Кегейли 95 жаста

Бир әсирди көрген байғус атамның,
Өтмиш кешегидей есине түсер.
Гөне пахсаларын Ийшан қаланың,
Нағыз академия дегиси келер.

Хан Мақсымның аты топты айырып,
Яўмытты ат-үсти гелле қылған жер.
Даңқы Орынбордан бери жайылып,
Кимсең Шынықулдың бағы болған жер.

Шоқ тораңғыл менен шағал көпириң,
Талай дарғаларға жол болсын айтқан.
Отаў көтергенде сақый Кегейлим,
Дана Досназаров оң болсын айтқан.

Соннан бери ағар, шалқып кегейли,
Суў алған қызлардың сәўлесин сүйип.
Бүгин жорға сүрер балқып Кегейли.
Ўатан деп мәртликтиң шапанын кийип.

Кегейлиши көрсем жаным садаға,
Шығысым Кегейли десең болғаны.
Өзи қолайласып таўық қораға,
Шала, писпей қалар, жарма-жаўғаны.

Шарапаты тийген илгир жасларға,
Қыдыр көргенлердиң түнеген жери.
Бала болып кеткиң келген ўақларда,
Пайтахттан қайтыўды күсеген жерим.

О, Кегейлим мениң, Абат аўылым,
Сәўир самалындай ескен даўылың.
Ҳәр күниң той болсын! жеңислер менен,
Сизлер менен бәрҳә, пүтин баўырым.

О, Кегейли, нәр алғанбыз Абат жабыңнан,
Дәм татқанбыс жемиси мол бағыңнан.
Ғыйт етсе табаным тартып турғаны,.
Мендейлер баршылық сени сағынған.

Ылақ шапқан жери ата-бабамның,
Тулпарлар тағасын сүйгиси келер.
Пирли кегей терек ҳәр-бир шақаңның,
Тойлаң Кегейлиде дегиси келер.

Парахат. Сулайманов.
24 - ноябрь. 2023 ж.
🧤 #Kegeyli_95_jıl
🧤
#Zakawat_sanańa_quwat

9⃣5⃣ Qánigelestirilgen mektebimizde Kegeyli rayonınıń 95 jıllıǵına baǵıshlanıp ilajlar ótkerilmekte.

9⃣5⃣ Ilajlar sheńberinde "Zakawat" intellektual oyını da shólkemlestirilmekte.

9⃣5⃣ Jarıstan fotokórinisler.

Telegram 🕊 Instagram 🕊
Facebook 🕊 You Tube 🕊
Кегейли районы дүзилгенлигиниң 95 жыллығына арнап ер балалар ҳәм қызлар арасында "Гүрес" бойынша жарыс шөлкемлестирилди. Жарыс жуўмағына бола;

+81келеграм аўыр салмақ ер балалар арасында;

1-орын Кенесбаев Тимур .
2-орын Ешанов Нурсултан . 3-орын Жолдасбаев Илхам.  3-орын Ажимуратов Зарафат.

81 келеграм ер баллар арасында;

1-орын Жуманиязов Санжар.  2-орын Жумамуратов Нурлан.  3-орын Қалимбаев Арзуў.
3-орын Узақбаев Жарас.

+57-келеграм аўыр салмақ қызлар арасында;

1-орын Турғанбаева Нуржахан .  2-орын  Сарсенбаева Гулжайна .  3-орын Абаева Сымбат
3-орын Жанабаева Орынбыйке.

57-келеграм қызлар арасында;

1-орын Халмуратова Барно.  2-орын Халмуратова Шахло. 3-орын Ешниязова Умида.    3-орын Есбергенова Жасмина.

@kegeylirkuzofficial
"Мәртебең бәлент болсын ана тилим"

Кегейли районы Мәлимлеме китапхана орайында 1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни байрамы алдынан "Мәртебең бәлент болсын ана тилим" атамасында байрам кешеси ҳәм Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабын таныстырыў кешеси болып өтти. Онда Кегейли районы ҳәкиминин мәслаҳәтшиси К.Жиемуратов, УзЛиДеп Партиясы Кегейли районлық Кеңеси баслығы Б.Искендеровлар шығып сөйлеп, кеше қатнасыўшыларын елимиздиң уллы байрамларының бири болған Қарақалпақ тили  байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм тилимиздиң тазалығын сақлаўда VII томлық Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабының баспадан шығыўы елимиз тарийхында жүдә үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтти. Мағлыўмат ушын: VII томлық Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабы  мәлимлеме китапхана орайына тапсырылды ҳәм китап қумарлар ушын үлкен саўға болды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial‌‌
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🧤 #Kegeyli_95_jıl
🧤
#Múbárek_bolsın

Qánigelestirilgen mektep oqıwshıları tárepinen bildirilgen kreativ ideya tiykarında tayarlanǵan Kegeyli rayonınıń 95 jıllıǵına baǵıshlanǵan videorolik.

Telegram 🕊 Instagram 🕊
Facebook 🕊 You Tube 🕊