Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.89K subscribers
28.5K photos
2.87K videos
57 files
4.43K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
«Әмиў бүлбиллери» Кегейлиде

Кегейли районы шɵлкемлестирилгенлигиниң 95 жыллығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы «Алтын мийрас» қоры жанындағы «Әмиў бүлбиллери» ансамбли дүзилгенлигине 10 жыл толыў мүнәсибети менен бүгин Кегейли районында үлкен мәдений, әдебий ҳәм руўхый-ағартыўшылық илаж ɵткерилди. Илажға район ҳәкими А.Камалов, район нураныйлары, мәденият тараўы хызметкерлери ҳәм ɵзлериниң ɵлмес дɵретиўшилиги менен халқымыз арасында әпсанаға айланған белгили кɵркем-ɵнер шеберлери менен қарақалпақ қосықшылық ɵнериниң баслаўшылары болған устаз қосықшылар қатнасты. Илажда шығып сɵйлегенлер жыйналғанларды қос байрам менен қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди. Илаж елимиздиң белгили кɵркем-ɵнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
⚡️⚡️⚡️ 1 декабрдан иш ҳақи, пенсиялар ва ижтимоий нафақалар оширилади

Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2023 йил 17 ноябрдаги “Иш ҳақи, пенсиялар ва нафақалар миқдорини ошириш тўғрисида”ги 196-сонли фармонига кўра, жорий йил 1 декабрдан иш ҳақи, пенсиялар ва ижтимоий нафақалар 7% га оширилмоқда, яъни:

- пенсияни ҳисоблашнинг базавий миқдори – 372 минг сўм;
- ёшга доир энг кам пенсия миқдори – 725 минг сўм;
- меҳнатга ҳақ тўлашнинг энг кам миқдори – 1 млн 50 минг сўм этиб белгиланмоқда.


Президентнинг фармони натижасида 4,5 млн кишининг пенсияси ва нафақалари миқдори кўпаяди ва барча бюджет ташкилотлари ходимларининг ойлик маошлари декабрдан бошлаб 7% га ошган ҳолда ҳисобланади.

Шуни алоҳида таъкидлаш керакки, базавий ҳисоблаш миқдори 1 декабрдан 3% миқдорда (7% эмас!) ўзгариб, 340 минг сўм этиб белгиланмоқда. Умуман олганда йил давомида иш ҳақи, пенсия ва ижтимоий нафақалар жами 14,5% га ошган бўлса, базавий ҳисоблаш миқдори эса бундан камроқ, яъни 13% ни ташкил этди.

Каналга уланиш:
@uzauz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жүреги енди аўырмайды

❤️Сиз еркин нәпес алмастан бир секунд жасаўды көз алдыңызга келтире аласызба. Яқ. Келтире алмайсыз. Буны басынан өткергенлер биледи. Сол ушын, Сиз саламатлығыңызға шүкир етиң заманлас.

Жаңабазар АПЖ да жасаўшы Гүлсара Махсетбаева ҳәзир 8 жаста. Ол усы сегиз жыл даўамында жүрегиндеги тесиги менен жасап келди. Оның жүреги аўырғандағы қыйналғанлары өзине, анасына аян емеспе? Күн-түни қызының саламатлығын тилеген ананың тилеклери қабыл болды. Алдын, операция ушын 30 млн сум пул керек болып, оны табыў ушын өмирлик жолдасын сырт еллерге жумыс ислеўге жиберип атырған шаңараққа бүгин мәмлекеттиң үлкен жәрдеми кирип келип, Президентимиздиң аталық ғамхорлығын сезинди. Гүлсараның кишкене жүрегине сентябрь айында Нөкис қаласына келген Америкалы шыпакерлер тәрепинен бийпул операция исленди. Ҳәзир оның ден-саўлығы ҳәм оқыўлары жақсы. Ата-анасы болса ел басшыларынан шексиз миннетдар.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial‌‌
#ózin_ózi_bánt_etkenler

📍Qaraqalpaqstan Respublikasında 2023-jılda Ózin ózi bánt etken shaxslar sanı 96 368 ge jetti.

📈2022-jılda 47 906 puqara ózin ózi bánt etken bolsa, 2023-jılda bul kórsetkish 96 368 ge jetti.

📊Aymaqlar kеsiminde:

🔶Nókis qalası – 14 250;
🔶Ámiwdárya rayonı – 9 926;
🔶Beruniy rayonı – 10 394;
🔶Kegeyli rayonı – 4 160;
🔶Qońırat rayonı - 6 279;
🔶Qanlıkól rayonı – 2 722;
🔶Moynaq rayonı – 1 568;
🔶Nókis rayonı– 3 455;
🔶Taxtakópir rayonı – 3 065;
🔶Tórtkúl rayonı – 9 669;
🔶Xojeli rayonı – 5 866;
🔶Shımbay rayonı – 5 230;
🔶Shomanay rayonı – 2 400;
🔶Ellikqala rayonı – 10 308;
🔶Qaraózek rayonı – 2 844;
🔶Bozataw rayonı – 906;
🔶Taqıyatas rayonı – 3 326 puqara ózin ózi bánt etkenler qatarına qosıldı.

🟢telegram 🔴 facebook 🔵 instagram 🟠 youtube
Ҳәким жәрдемшилериниң жумысларына медиа-тур шөлкемлестирилди

Кегейли районында жәми 16 мәҳәллеге бириктирилген 16 ҳәким жәрдемшиси тәрепинен бүгинги күнде нәтийжели жумыслар әмелге асырылып, олар тәрепинен жаңа исбилерменлик субъектлери қәлиплестирилмекте. Усыған тийкар, белгиленген реже бойынша ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжеси ҳәм мәҳәллелердеги исбилерменлердиң жумыслары бойынша Кегейли районында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында медиа-тур шɵлкемлестирилди. Медиа-тур даўамында қатнасыўшылар Халқабад мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшисиниң жумыслары менен танысты. Мағлыўмат ушын, мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси тәрепинен усы жылдың бүгинги күнине шекем 56 жумыссыз пуқараға 1 млрд 53 млн сум кредит қаржалыра ажыратылып, түрли жɵнелислерде хызмет кɵрсетиўши исбилерменлерди қәлиплестириўге ерисилген.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
⚡️ Мәмлектлик пуқаралық хызметине жумысқа кирмекши болған талабанлар ушын нәўбеттеги жеңиллик!

Ҳүрметли талабанлар, 2023-жыл 1-декабрь сәнесинен баслап жаңаланған “Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси” тести енгизиледи.

Сол себепли усы жылдың 23-24, 28-29-30 ноябрь күнлери саат 14:00 ден 18:00 ге шекем Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тест орайында "Ашық есиклер күни" шөлкемлестириледи.

Талабанлар тест жөнелислери менен танысып, өз билимлерин сынап көриўи мүмкин.

@ARGOS_QR
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҒХҚ_биз_ҳаққымызда

Кегейли районы Жүзимбағ АПЖ Қосқала аўылында жаңа стадион пайдаланыўға тапсырылды.

@kegeylirkuzofficial
Бүгин район спорт мектебинде Кегейли районы дүзилгенлигиниң 95 жыллығы мүнәсибети менен "Мини футбол" бойынша өткерилетуғын жарысқа дизимнен өткен мекемелердиң ойын қатар санын белгилеў ушын чек таслаў мәресими болып өтти.

Мағлыўмат ушын, район аймағындағы мәкемелердеги ислеўшилерден қуралған 16 команда қатнасып өзлериниң шеберликлерин сынап көреди.
Қатнасыўшыларға аўмет тилеп қаламыз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial