АҚТУБАДА 90 ОРЫНЛЫҚ БАЛАЛАР БАҚШАСЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
Мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында “Ақтуба” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында улыўма баҳасы 3359,0 млн.сум болған 90 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын жаӊадан қурыў режелестирилип, бүгин жаңа имарат байрам аўыл халқына саўғасы сыпатында пайдаланыўға тапсырылды.
Ашылыў салтанатында район ҳәкими А.Камалов, ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри орынбасары Г.Бахиева ҳәм аймақ нураныйлары сɵзге шығып, жаңа имараттың қолайлықларын жоқары баҳалады.
Айрықша атап ɵтиў орынлы, усы күнге шекем пуқаралар жыйыны аймағында бирде-бир мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болмаған. Жаңа бақша имараты болса, аўыл халқы ушын үлкен жаңалық ҳәм кɵптен күткен қуўаныш болды. ϴйткени, енди аўылдағы жумыссыз пуқаралардың биразы жумыс пенен бәнт болса, аўылдың балалары қаладағы сыяқлы заманагɵй бақшада тәлим-тәрбия алады.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Кегейли_районы
#Мениң_мәҳәллем_Мәденият
МПЖ турғыны Сабыр Реймбаев жеңиллетилген кредит есабынан акфа айна-есиклерин ислеп шығарып, өз қарыйдарларына жеткерип бермекте.
Бул еле бәри емес. Исбилермен тез арада брусчатка өнимин де ислеп шығарыўды жолға қоймақшы.
Толық видеода
Дерек: @QR_bantlik

Кегейли районы Ақтуба АПЖ аймағында 2023-жыл 5-сентябрь күни саат 18:00 ге шекем 11.-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа тармағында киши онлау жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейли районы Бахытлы МПЖ аймағында 2023-жыл 5-сентябрь күни саат 18:00 ге шекем 183-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4- кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Кегейли_районы
#Мениң_мәҳәллем_Мәденият
МПЖ турғыны Қутлымурат Тәжимуратов Ҳәким жәрдемшисиниң көмеги менен 33 миллион жеңиллетилген кредит алып, әйне пайытта автотранспорт қуралларына хызмет көрсетиўи менен бирге жергиликли халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлемекте.
Толық видеода
Дерек: @QR_bantlik
@kegeylirkuzofficial
#Мениң_мәҳәллем_Мәденият
МПЖ турғыны Қутлымурат Тәжимуратов Ҳәким жәрдемшисиниң көмеги менен 33 миллион жеңиллетилген кредит алып, әйне пайытта автотранспорт қуралларына хызмет көрсетиўи менен бирге жергиликли халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлемекте.
Толық видеода
Дерек: @QR_bantlik
@kegeylirkuzofficial
ТАЙЫНЛАЎ
Турданова Рита Абдикамаловна - ϴзбекстан Ресупбликасы Президенти жанындағы социаллық қорғаў миллий агентлигиниң буйрығына тийкар, Кегейли районындағы «Инсан» социаллық хызметлер орайы директоры лаўазымына тайынланды.
Р.Турданова усы күнге шекем Кегейли районы МШМББ қараслы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры лаўазымында жумыс ислеп келген.

Телеграмм каналы жүритиўшиси хошеметленди.
Абатниязова Ҳүрлиман Хожанияз қызы районымыздағы 9-санлы мектептиң 7-класында оқыйды. Ол әдебият ҳәм журналистика тараўына қызығады. Ѳз қызығыўшылықлары негизинде 2020-жылы телеграмм месенджеринде «Qaraqalpaq xalıq ertekleri» каналын ашып, онда қарақалпақ халық ертеклерин әдебий түрде оқып, аудио форматта жайластырып баслаған. Бүгинги күнде бул телеграмм каналдың 600ге шамалас турақлы оқырманлары бар.
Ҳүрлиманның усындай белсендиликлери ҳәм жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын асырыўда ѳз теңлеслери арасында ѳрнек болып киятырғанлығы инабатқа алынып, район ҳәкимлиги ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы районлық бѳлими тәрепинен хошеметленди. Мектеп жәмәәтине оқыўшы жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылықларын асырыўда алып барып атырған жумысларына миннетдаршылық билдирилди.
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы районлық бѳлими.
Каналға ағза болыўыңызды усыныс етемиз: https://t.iss.one/Qaraqalpaq_xaliq_ertekleri