Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.09K subscribers
27.9K photos
2.78K videos
57 files
4.32K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Kegeyli rayoni Vakansiya 2023-08-30.pdf
1 MB
#Кегейли_районы_Вакансия

2023-жылдың 30-август сәнесине Кегейли районында жоқары ҳәм орта мағлыўматқа ийе болған пуқаралар ушын 304 бос жумыс орны дизимге алынды.

Жоқарыдағы дизим арқалы жумыс бериўшилер, байланысыў телефонлары ҳәм айлық мийнет ҳақылары менен танысыўыңызға болады.

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter
Кегейлиде Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Кегейли районында Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратының ашылыў мәресими болып өтти.

Ашылыў салтанатына Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри орынбасары Х.Мелиев, район ҳәкими А.Камалов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қантнасты.

Имарат қурылысында оның заманагөй қала қурылыс нормаларына сәйкес келиўи, әсиресе,  физикалық мүмкиншилиги шекленген инсанлар ушын ең қолай шараятлар жаратылыўына айрықша итибар қаратылған.

Жаңа орайда электрон системасы,  информация,  өз-өзине электрон хызметлер көрсетиў ушын заманагөй зона,  балалар майданшасы да орын алған.

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлер орайы районның 74 мыңнан артық халқына 300ден аслам мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў мүмкиншилигине ийе.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Кегейли_районы
#Мениң_мәҳәллем_Мәденият

“Кегейли” сабынларына мәрҳамат!

Аймақ турғыны Аманбай Мәдиреймов Ҳәким жәрдемшисиниң көмеги менен 33 миллион сўм жеңилллетилген кредит алып, бүгинги күнде өз шаңарағында хожалығымызда күнделикли пайдаланатуғын сабын өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойды.

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter
Жас исбилермен менен ушырасыў өткерилди

Соңғы жылларда мәмлекетимизде IT бағдарында исбилерменлер саны артып бармақта. Олардың программаластырыў бойынша алып барып атырған жумыслары болса, басқа тармақларда ɵз бизнесин раўажландырыў ушын исбилерменлерге оғада қолайла болып, бизнести аңсат басқарыўға имканият жаратады.

Республикамызда усы тараўдағы исбилермен жаслар саны күннен-күнге артып бармақта. Олардың бири «DATA BIZNES CONTROL» ЖШЖ баслығы Шарияр Жаксуликов. Жас исбилермен Жақында ғана “20-август исбилерменлер күни” қарсаңында Президентимиз тәрепинен “«Фаол тадбиркор» ” кɵкирек нышаны менен сыйлықланған еди.

Бүгин Кегейли районында  жас исбилермен менен ушырасыў шɵлкемлестирилди.  Ушырасыў даўамында исбилермен өзиниң мийнет жолы ҳәм бай тәжирийбеси менен бөлисти. «Перзентлериңиз телефонға қызықса оған урыспаң, керисинше оған орынлы пайдаланыўды үйретип, илажы болса наутбок алып бериң. Программаластырыўды үйренген адам үйде отырып-ақ дәрамат табыўы мүмкин»-дейди Шарияр Жаксуликов

Мағлыўмат ушын: Ш.Жақсуликов 15 жасты турақлы жумыс пенен тәмийинлеген, оның жумысшылары 3,5 млннан 15 млнға шекем айлық ис ҳақысына ийе болып, усының ɵзи IT тараўына болған талаптың жоқары дәрежеде екенлигин кɵрсетпекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте

Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарарына тийкар, Кегейли районында жәми 920 шаңарақтың жайының төбесин шиферлаў, 4 шаңараққа жаңадан үй курып бериў белгиленген. Турақ жайларды оңлаў ушын Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен жәми 13,2 млрд сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары жедел пәтте алып барылмақта.

Бүгинги күнде Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 1-топар майыбы Қуддиева Тиллахан апаның апаны жыллар даўамында қыйнап келген машқала шешимин таўып, турақ жайларының төбеси шиферлаў жумыслары алып Әндижан ўәлаятынын Жалақудуқ районы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде алып барылмақта. Мағлыўмат ушын, бүгинги күнге шекем район бойынша 100 ге жақын турақ жайлардың төбеси толық шиферланып, қурылыс жумыслары жуўмақланды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
“Абат ҳәм қәўипсиз мәҳелле” принципи тийкарында Кегейли районындағы мәҳәллелер “беслик” ағзалары ушын оқыў семинары өткерилди

ϴзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги,  Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм де Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрликлериниң усы жыл 30-март күнги қоспа шешими менен “Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле” принципи тийкарында республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў механизмлери белгилеп берилди. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районында аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, профилактика инспекторлары ҳәм жаслар жетекшилери ушын нәўбеттеги оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial